Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформалар шеңберинде халықтың денсаўлығын сақлаў, соның ишинде, адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы (кейинги орынларда АИВ-инфекциясы деп аталады) келтирип шығаратуғын кеселлик профилактикасы, диагностикасы ҳәм оны емлеў тараўында унамлы нәтийжелерге ерисилди. Усы бағдарда комплексли илажлардың әмелге асырылыўы эпидемиологиялық жағдайдың турақласыўына жәрдемлести.
Соның менен бирге, үйрениўлер АИВ-инфекциясының тарқалыўына нәтийжели қарсы гүресиў ҳәм емлеўхананың ишки инфекцияларын профилактикалаўға тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалардың бар екенлигинен дәрек бермекте, атап айтқанда:
бириншиден, емлеўхананың ишки инфекциялары менен кеселлениўдиң төменлегенине қарамастан, емлеў-профилактика мәкемелеринде қан арқалы жуғатуғын инфекциялардың профилактикасында кемшиликлер бар;
екиншиден, емлеў-профилактика мәкемелерин, әсиресе, денсаўлықты сақлаўдың дәслепки буўынын медициналық әсбаплар ҳәм жумсаў материаллары менен өз ўақтында ҳәм толық тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар көрилмей атыр;
үшиншиден, орынларда, әсиресе, алыс районларда медицина мәкемелерин электр энергиясы ҳәм таза ишимлик суўы менен үзликсиз тәмийинлеўде машқалалар сақланып қалмақта, бул болса медициналық әсбапларды стерилизациялаў сапасына ҳәм әмелге асырылатуғын емлеў-профилактика илажларының қәўипсизлигине унамсыз тәсир етпекте;
төртиншиден, емлеў-профилактика мәкемелери стерилизация бөлимлериниң зәрүр үскене ҳәм инвентарьлар менен тәмийинлениў дәрежеси талапқа жуўап бермейди, стерилизация илажларын шөлкемлестириў усылларына заманагөй қатнас жоқ;
бесиншиден, республика регионларында АИВды жуқтырып алған шахслар стационар емлеў менен жетерли дәрежеде қамтылмастан қалмақта, АИЖС қа қарсы гүресиў регионаллық орайлары ҳәм АИВ – инфекциясының диагностикасы бойынша районлараралық лабораториялардың төмен материаллық-техникалық базасы әмелге асырылып атырған жумыслардың сапасына унамсыз тәсир етпекте.
АИВ-инфекциясын өз ўақтында профилактикалаў ҳәм диагностикалаў, оны емлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды буннан былай да күшейтиў, наўқасларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў сапасын арттырыў, оларды стационарда емлеў көлемин кеңейтиў, емлеўхана ишки инфекциялары менен кеселлениў жағдайларын азайтыў мақсетинде:
- Төмендегилер АИВ-инфекциясын профилактикалаў ҳәм диагностикалаў, оны емлеў бойынша халыққа көрсетилетуғын медициналық-социаллық жәрдемди буннан былай да жетилистириў ҳәм кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
қан арқалы жуғатуғын инфекцияларды профилактикалаў тараўындағы емлеў-профилактика мәкемелериниң жумысын тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў;
эпидемиологиялық қадағалаўды, республикада АИВ-инфекциясы тарқалыўын ҳәм емлеўхана ишки инфекцияларының профилактикасы қадағаланыўын күшейтиў;
медициналық әсбапларды стирилизациялаў ҳәм медициналық шығындыларды утилизациялаў функцияларын жеке меншик дүзилмелерге бериў арқалы мәмлекетлик медициналық мәкемелерде мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти басқышпа-басқыш енгизиў;
емлеў-профилактика мәкемелерин тест-системалар ҳәм ретровиусқа қарсы препаратлар менен үзликсиз тәмийинлеў, сондай-ақ, республикада АИВ-инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша илажларды турақлы қаржыландырыў мақсетинде бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардың муғдарын басқышпа-басқыш көбейтиў;
АИВ-инфекциясын емлеў ҳәм емлеўхана ишки инфекияларын профилактикалаўда илим ҳәм техниканың ең жаңа жетискенликлерине тийкарланған инновациялық қатнасларды кеңнен қолланыў;
АИВ ды жуқтырып алған шахсларды комплексли медициналық-психологиялық қоллап-қуўатлаў жумысларын шөлкемлестириў;
АИВ-инфекциясын профилактикалаў ҳәм диагностикалаў, оны емлеў бойынша медицина хызметкерлериниң кәсиплик билимлериниң дәрежесин арттырыў;
мәмлекетлик медицина мәкемелериниң АИВ-инфекциясын профилактикалаў ҳәм диагностикалаў, оны емлеў менен шуғылланатуғын медицина хызметкерлерин социаллық қорғаўды күшейтиў;
АИЖСқа қарсы гүресиў орайларының ҳәм АИВ-инфекциясы диагностикасы бойынша районлараралық лабораториялардың материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў, оларды заманагөй диагностика ҳәм лаборатория үскенелери менен тәмийинлеў;
сырт ел тараўлық мәкемелери менен жақын байланысларды жолға қойыў ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў.
- АИВ-инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм емлеўхана ишки инфекцияларын профилактикалаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша комплексли қосымша илажлар (кейинги орынларда – Комплексли илажлар) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Комплексли илажларда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша министрликлер, ведомстволар, ҳәкимликлер ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысы нәтийжели муўапықластырылыўын және олардың өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Комплексли илажлардың әмелге асырылыў бойынша мониторинг алып барылыўын тәмийинлесин және орынланған жумыслар ҳаққында ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине мәлимлеме берсин.
- Комплексли илажларда көрсетилген мәкемелерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумысларын қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет және Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан белгиленген тәртипте әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
Қаржы министрлиги ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлерин қәлиплестириўде Комплексли илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
а) Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте еки ай мүддетте дәслепки басқышта денсаўлықты сақлаўдың дәслепки буўынында тәжирийбе жойбарларын енгизиўди, кейин ала унамлы тәжирийбени республиканың барлық регионларына тарқатыўды нәзерде тутқан ҳалда, медициналық әсбапларды стерилизациялаў ҳәм медициналық шығындыларды утилизациялаў тараўында мәмлекетлик жеке меншик шерикликти басқышпа-басқыш енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;
б) Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте еки ай мүддетте емлеў – профилактика мәкемелери, соның ишинде, стерилизация бөлимлери ҳәм операция блокларының суў, газ ҳәм электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинленгенлик жағдайын үйренип шықсын және раўажланыў мәмлекетлик бағдарламаларына биринши гезекте оларды киргизиў бойынша ҳәр бир аймақ кесиминде усыныслар таярласын;
в) Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте республика аймақларында АИВ ды жуқтырып алған шахслардың стационар емлеў менен қамтып алыныўын кеңейтиўге және емлеў-профилактика мәкемелерин көп мәрте ҳәм бир мәрте ислетилетуғын медициналық әсбаплар, медициналық буйымлар ҳәм жумсаў материаллары менен толық ҳәм өз ўақтында тәмийинлеўге қаратылған илажларды көрсин;
г) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте тийисли аймақта ҳәм улыўма республика бойынша АИВ-инфекциясы ҳәм емлеўхана ишки инфекциялары тарқалыўы профилактикасының жағдайын турақлы түрде комплексли баҳалаўды тәмийинлесин, олардың жағдайы төменлеўине мүнәсибет билдириў бойынша анық илажларды ислеп шықсын.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте жазаны өтеў мәкемелеринде, сондай-ақ, ишки ислер уйымларының медицина мәкемелеринде эпидемиологиялық қадағалаў және АИВ-инфекциясы ҳәм емлеўхана ишки инфекцияларын тарқалыўы үстинен қадағалаў системасын жетилистириў бойынша комплексли илажларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Әдиллик министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеси, Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар, жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте АИВды жуқтырып алған шахсларды социаллық, ҳуқықый, руўхый ҳәм медициналық-психологиялық қоллап-қуўатлаў, жаслар арасында, әсиресе, АИВ-инфекциясы тарқалыўы мәселелери бойынша кеңнен түсиник ҳәм тәрбиялық илажлар өткериў, жәмийетте шаңарақ ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў жумысларын күшейтсин.
- Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте темаға байланыслы мақалалар, бир қатар телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлер шөлкемлестириў арқалы халық арасында АИВ-инфекциясына қарсы гүресиўдиң әҳмийетли мәселелери турақлы ҳәм кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қасимовқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроы О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Адуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 22-июнь