Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Халықты сапалы, нәтийжели ҳәм қәўипсиз фармацевтика өнимлери менен тәмийинлеўди буннан былай да жақсылаў, фармацевтика тармағына алдынғы илимий-техникалық жетискенликлер ҳәм инновацияларды енгизиў арқалы тармақта өндирис көлемин 3 есеге арттырыў, ишки базарды тәмийинлеў дәрежесин натурал көлемде 80 процентке жеткериў мақсетинде:
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги тәрепинен ислеп шығылған, жергиликли фармацевтика өнимлери өндирисин жедел раўажландырыўға жәрдемлесиўге қаратылған:
2022-2026-жылларда фармацевтика тармағын раўажландырыў бойынша прогноз параметрлери 1-қосымшаға муўапық;
2022-2024-жылларда фармацевтика тараўында аймақларда әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың мәнзилли бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;
2022-2026-жылларда фармацевтика тараўында жойбаралды ҳәм жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў, келисиў ҳәм тастыйықлаў талап етилетуғын инвестициялық жойбарлардың дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Фармацевтика санаатын раўажландырыў бойынша комиссия (кейинги орынларда Комиссия) 4-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
Комиссия (С.Умурзаков):
2022-жыл 31-январьға шекем усы пәрманға 2-қосымшада нәзерде тутылған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў үстинен айлық мониторинг орнатыў ҳәм олардың өз ўақтында иске түсирилиўин тәмийинлеў илажларын белгилесин;
бир ай мүддетте усы пәрманға 3-қосымшада нәзерде тутылған перспективалы жойбарлардың жойбаралды ҳәм жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў, қаржыландырыў дәреклерин анықлаў ҳәм жергиликли және сырт елли инвесторларды тартқан ҳалда оларды әмелге асырыўды шөлкемлестириў бойынша анық илажлар ҳәм жуўапкерлерди белгилесин;
инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда жойбар интакерлери, сондай-ақ, мәпдар мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырсын;
жойбарларды әмелге асырыў жағдайын турақлы түрде таллап, бар машқалалы мәселелерди шешиў илажларын көрсин ҳәм нәтийжелери бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине жойбарлар ҳәм аймақлар кесиминде мәлимлеме киргизип барсын.
Комиссияға жәҳән базарының конъюнктурасы ҳәм раўажланыў тенденцияларынан келип шыққан ҳалда, усы пәрманға 2-3-қосымшаларда келтирилген инвестициялық жойбарлар дизимин турақлы түрде жаңа жойбарлары есабынан толықтырып барыў, зәрүр жағдайларда, оларға өзгерислер киргизиў ўәкиллиги берилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери:
фармацевтика тараўында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўын жеке қадағалаўға алсын;
ҳәр айда жойбарлар интакерлери менен биргеликте ҳәр бир жойбардың әмелге асырылыўын додалап, оларды белгиленген мүддетте иске түсириўде әмелий жәрдем көрсетиў илажларын көрип барсын.
- 2022-жыл 1-апрельденфармацевтика өнимлерин сатып алыўға ажыратылыўы режелестирилген Мәмлекетлик бюджет қаржылары муғдары шеңберинде локализацияланатуғын фармацевтика өнимлерин үш жыл мүддетке шәртнама дүзиў арқалы кепилликли сатып алыў механизми енгизилсин. Онда:
кепилликли сатып алыў шәртнамаларын дүзиў бойынша таңлаўлар Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги тәрепинен биргеликте қәлиплестирилген бурын республика аймағында ислеп шығарылмаған, келешекте локализацияланатуғын субстанциялар, дәри қуралларының халықаралық патентленбеген атамалары (бундай атама болмаған жағдайда, тийисли дәри қураллары топар атамалары), медициналық буйымлар ҳәм медициналық техникалар дизими (кейинги орынларда фармацевтика өнимлери дизими) шеңберинде әмелге асырылады;
фармацевтика өнимлериниң дизими Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталында, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң интернет сайтларында жайластырылады ҳәм ҳәр жылы жаңаланып барылады;
кепилликли сатып алыў шәртнамаларына қол қойыў ушын жеңимпазлар ашық таңлаўлар арқалы анықланады ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги бул таңлаўларда мәмлекетлик буйыртпашы ҳәм бенефициар мүлк ийеси есапланады;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм оның системасындағы шөлкемлерге дүзилип атырған кепилликли сатып алыў шәртнамалары шеңберинде алдынан аванс төлемлерин өткериўге руқсат бериледи.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Мусаев), Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (Кариев) Қаржы министрлиги (Рахимова), Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Воитов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Абдиназаров) менен биргеликте үш ай мүддетте Денсаўлықты сақлаў министрлиги буйыртпасына тийкарланып ашық таңлаў негизинде фармацевтика өнимлери өндирисин жолға қойған жергиликли өндирис шөлкемлери менен үш жыл мүддетке шәртнамалар дүзиў арқалы өнимлерди кепилликли сатып алыў механизми ҳәм анық шәртлерин белгилеген ҳалда мәмлекетлик сатып алыўлар системасын енгизиў бойынша тийисли нызам жойбарын ислеп шығып, орнатылған тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- а) фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўшы шөлкемлерди буннан былай да қоллап-қуўатлаў бағдарында:
2022-жыл 1-апрельден жергиликли өндирис шөлкемлери тәрепинен ислеп шығарылатуғын жаңа фармацевтика өнимлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў шекленбеген мүддетке әмелге асырылатуғыны, бурын берилген дизимнен өткрилгени ҳаққындағы гүўалықлары, олардың әмел етиў мүддети тамам болғанынан кейин қосымша ҳүжжетлер талап етилместен 15 күн мүддетте әмел етиўи мүддетсиз болған гүўалықларға алмастырып берилетуғыны;
2022-жыл 1-июльден Өзбекстан Республикасы аймағында ўәкилликли шөлкем тәрепинен рәсмийлестирилген «Зәрүр өндирислик әмелияты (GMP)»на ийе жергиликли өндирис шөлкемлери тәрепинен ислеп шығарылған дәри қуралларын ҳәм «ISO:13485» сертификатына ийе өндирис шөлкемлери тәрепинен ислеп шығарылған медициналық буйым ҳәм медициналық техниканы мәжбүрий сертификатластырыў тәртиби бийкар етилетуғыны. Онда жергиликли фармацевтика өнимлериниң талапларға муўапықлығы постмаркетинг қадағалаўы ҳәм ықтыярый сертификатластырыў арқалы әмелге асырылатуғыны;
«Дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» МУКқа Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда ислеп шығарылған фармацевтика өнимлерин сертификатластырыў ушын қабыл етилген буйыртпалар бойынша үлгилер таңлаўды аймақлардағы сертификатластырыў уйымлары экспертлери арқалы әмелге асырыўға руқсат берилетуғыны
б) фармацевтика тараўындағы шеклеўлерди азайтыў бағдарында:
донор қанын топлаў ҳәм оның тийкарында фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды жеке меншик тәртипте әмелге асырыўды қадаған етиў;
дәри-дәрмақлардың клиникалық изертлеўлерин саламат ықтыярлыларда өткериўге шеклеў;
халықаралық брендлер тийкарында фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды раўажландырыў ҳәм бар қуўатлықлардан толық пайдаланыў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде қурамы бирдей болған дәри-дәрмақларды бир ислеп шығарыўшы тәрепинен түрли саўда атамалары астында ислеп шығарыўға шеклеўлер бийкар етилетуғыны;
в) зәрүр әмелиятлар (GxP) талапларын системалы енгизиў бағдарында:
2022-жыл 1-апрельден фармацевтика тараўында жаңа өндирис кәрханалары, көтере ҳәм усақлап сатыў саўда шөлкемлери сәйкес түрде «Зәрүр өндирислик әмелияты (GMP)», «Зәрүр дистрибьюторлық әмелияты (GDP)» ҳәм «Зәрүр фармацевтика (дәрихана) әмелияты (GPP)» талапларына муўапық түрде шөлкемлестирилетуғыны;
фармацевтика тармағы ҳәм республикалық денсаўлықты сақлаў системасындағы шөлкемлерди зәрүр әмелиятлар (GxP) талапларына муўапық мәжбүрий сертификатлаў мүддетлери 2024-жыл 1-январьға шекем созылатуғыны;
2022-жыл 1-февральдан жергиликли өндирис шөлкемлериниң фармацевтика өнимлерин сырт ел мәмлекетлеринде дизимнен өткериў қәрежетлериниң 75 проценти олар дизимнен өткерилгенлигин тасыйықлаўшы ҳүжжет берилгеннен соң Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қорынан қаплап берилетуғыны;
2023-жыл 1-январьдан фармацевтика өнимлери бойынша мәмлекетлик сатып алыў таңлаўларында тек ғана «Зәрүр өндирислик әмелияты (GMP)» стандартлары тийкарында дәри қуралларын, «ISO:13485» стандартлары тийкарында медициналық буйымлар ҳәм медициналық техниканы ислеп шығарыўды шөлкемлестирген шөлкемлер ҳәм «Зәрүр дистрибьюторлық әмелияты (GDP)» стандартларын енгизген көтере саўда шөлкемлери қатнасыўына руқсат берилетуғыны белгиленсин.
- Фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўшылар, фармацевтика өнимлериниң көтере саўдасы менен шуғылланыўшы кәрханалар, қәнигелескен илимий-изертлеў институтлары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен өз талаплары ушын алып келинетуғын ҳәм фармацевтика өнимлериниң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланыўшы кәрханалар тәрепинен дәрихана ишинде дәри таярлаў мақсетинде алып кирилетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын технологиялық ҳәм лаборатория үскенелери, олардың комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклери, фармацевтика ислеп шығарыў имаратлары ушын «таза ханалар», сэндвич-панеллер ҳәм вентиляция системалары, сондай-ақ, лаборатория ҳайўанларын бағыў, клиник-алды изертлеўлер ҳәм дәри-дәрмақларды ислеп шығарыў (соның ишинде, дәрихана ишинде таярлаў) ушын қолланылатуғын шийки зат ҳәм материаллар, медицина буйымлары ҳәм қадақлаў материаллары Министрлер Кабинети тәрепинен тасыйықланатуғын дизимлер бойынша 2025-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажыларынан азат етилсин.
- Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги ҳәм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң:
Ташкент ўәлаяты Зәңгиата районындағы «Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластерине (кейинги орынларда Кластер) тутас аймақтан қосымша 80 гектар жер майданын ажыратыў есабынан Кластер аймағын кеңейтиў;
Кластер аймағын кеңейтиў ушын ажыратылатуғын 80 гектар аўыл хожалығына мөлшерленген суўғарылатуғын жер участкаларын санаат мақсетлерине мөлшерленген жерлер категориясына өткериў;
аўыл хожалығына мөлшерленген 80 гектар жер майданының жер фонды категориясын өзгертиўде аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирис шығынлары компенсация төлемлерин, есапқа алмаған түрде өндирмеў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги (Мирзаев) еки ай мүддетте:
усы бәнтте көрсетилген жер участкаларының контурларын белгилеген ҳалда әмелдеги пайдаланыўшылардан мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик талаплар ушын белгиленген тәртипте алып қойыў ҳәм мәмлекетлик мүлк сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткериў;
Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (Кариев), Кадастр агентлиги (Умаров) менен биргеликте жер участкасының «Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластерин раўажландырыў дирекциясы мәмлекетлик мәкемесине турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратыў;
Қурылыс министрлиги (Закиров), «Аймақлық электр тармақлары» АЖ (Мустафоев), «Ҳудудгазтаъминот» АЖ (Эшмуратов), «Ўзсувтаъминот» АЖ (Саифназаров) менен биргеликте жаңадан ажыратылатуғын аймақлардың толық режелестириў жойбарын ислеп шығыў ҳәм транспорт, өндирис ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- «Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластерин раўажландырыў дирекциясы ҳәм Кластер ушын қосымша ажыратылған жер майданында орнатылған тәртипте дүзилетуғын өндирислик шөлкемлерге Өзбекстан Республикаси Президентиниң 2020-жыл 28-январьдағы «Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-4574-санлы қарары 7-бәнтиниң «в» киши бәнти ҳәм 11-бәнти қолланылсын.
- Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзаков, Қаржы министрлиги (Ишметов), Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Вафаев) ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Норқулов) еки ай мүддетте жергиликли фармацевтика шөлкемлериниң республика аймағында биофармацевтика бағдарындағы дәри-дәрмақларды толық цикл тийкарында ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, субстанциялар ислеп шығарылыўын локализациялаў ҳәм халықаралық стандартлар енгизилиўин жеделлестириў шеңбериндеги жойбарларын қаржыландырыў мақсетинде узақ мүддетли жеңилликли қаржыландырыў дәреклерин анықлаў бойынша «Жол карта»сын ислеп шығып, әмелге асырсын.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Вафаев) Экспортты хошаметлеў агентлиги арқалы дәри-дәрмақларды «Зәрүр өндирислик әмелияты (GMP)» талаплары тийкарында өндирислик шөлкемлерди қоллап-қуўатлаўдың төмендеги илажларын енгизсин:
2025-жыл 1-январьға шекем фармацевтика өнимлерин барлық мәмлекетлерге, соның ишинде, шегаралас қоңсы мәмлекетлерге экспорт етиўде автомобиль ҳәм темир жол транспортында тасыў қәрежетлериниң 50 процентине шекем, бирақ, өнимлер экспорт қунының (транспорт қәрежетлерисиз) 5 процентинен (автомобиль транспортында тасыў жағдайында) ҳәм 7 процентинен (темир жол транспортында тасыў жағдайында) көп болмаған муғдарда қаплаўға субсидиялар бериў;
экспорт етиўши фармацевтика шөлкемлери тәрепинен товарлар олар бойынша төлемлерди кешиктирип төлеў шәрти менен экспорт етилгенде, олардың айланба қаржыларын толықтырыў ушын револьвер кредитлерди қаржыландырыўға коммерциялық банклерге процентсиз финанслық ресурслар бериў. Онда, усы ресурслар есабынан кредитлер кешиктирилген мүддетке ҳәм экспорт етилип атырған өнимлердиң баҳасы муғдарында, бирақ, 3 миллион АҚШ доллары эквивалентинен көп болмаған муғдарда бир жылға шекемги мүддетте жыллық 4 процентли ставка (банк маржасы) менен ажыратылады.
Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша ҳүкимет комиссиясы (С.Умурзаков) бир ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў тәртибин тастыйықласын.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Воитов), Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (Кариев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте ҳәр бир инвестициялық жойбарды мүддетинде ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша «жол карталары»ның ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўы илажларын көрсин.
- 2022-2026-жылларда фармацевтика тармағын буннан былай да раўажландырыў бойынша «жол картасы» 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 6-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Мусаев) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:
рецептсиз фармацевтика өнимлери саўдасын еркинлестириў бойынша;
нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзаков ҳәм денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2022-жыл 21-январь