Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларға муўапық халықтың турмыс дәрежесин буннан былай да арттырыў, билимлендириўдиң сапасын алдынғы халықаралық стандартларға муўапықластырыў, турақлы экономикалық өсиўге ерисиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы реформаларымызды жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде:

  1. Жәмийетшилигимиз ҳәм халқымыз бенен кең додалаўларда билдирилген усыныслар тийкарында ислеп шығылған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бағдарлама) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын нәтийжели, беккем тәртип-интизам тийкарында шөлкемлестирип, 10 күн мүддетте ҳәр бир район, қала ҳәм мәҳәлле кесиминде әмелий илажларды белгилесин ҳәм кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының қатнасыўында турақлы түрде жуўапкер шахслардың есабатын тыңлап барсын.

Олий Мажлис палаталары ҳәм жергиликли Кеңеслерге Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын районлар, қалалар ҳәм мәҳәллелерге барып үйрениў, жуўапкер мәмлекетлик уйымлар басшыларының есабатларын тыңлап барыў усыныс етилсин.

  1. Халқымыздың аўырын жеңил етиў, халық ушын қосымша қолайлықлар жаратыў ҳәм олардың қәрежетлерин үнемлеў мақсетинде, 2023-жыл 1-июльден баслап:

а) барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде «Халық ҳәм исбилерменлерге сервис сапасын арттырыў» илажлары белгиленсин.

Министрлер ҳәм басқа да ғәрезсиз атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшылары 15 күн мүддетте өз системасында аралықтан турып, соның ишинде, мобиль қосымшалар арқалы көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлерди көбейтиў, өндирилетуғын төлемлердиң муғдарын кемейтиў, талап етилетуғын артықша ҳүжжетлерди бийкарлаў, көрип шығыў процесслери ҳәм мүддетлерин кескин қысқартыў, ашық-айдынлықты арттырыў, халық ҳәм исбилерменлер менен турақлы сөйлесиў майданшаларын шөлкемлестириў, хызметкерлердиң қарым-қатнас мәдениятын арттырыў, жедел ҳәм сапалы хызмет көрсетиўге оқытыў бойынша илажлар бағдарламасын тастыйықлап, халық ҳәм исбилерменлерге жәриялансын;

б) мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер саны 300 ге, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетилетуғын хызметлер саны болса 570 ке жеткерилсин;

в) халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары (майыплығы болған шахслар, аўыр наўқаслар, кекселер ҳәм басқалар)на миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў тараўындағы мәмлекетлик хызметлерди турақлы жасаў ямаса ўақтынша турған орнына шығыў арқалы көрсетилген хызмет ушын қосымша төлем өндирилмеген ҳалда көрсетиў жолға қойылсын;

г) электр, газ ҳәм суў жумсалыў есаплағышларын стандартластырыўдан өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлерди проактив тәризде көрсетиў (пуқара мүрәжатын күтпестен, хызмет көрсетиўши шөлкемниң өз басламасы менен) усынысын жибериў жолға қойылсын.

  1. 2023-жыл 1-сентябрьден баслап халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине субсидия ажыратыўға байланыслы барлық хызметлер басқышпа-басқыш «Халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине субсидия ажыратыўдың бирден-бир электрон платформа»сына өткерилсин ҳәм субсидияларды ажыратыўдың мақсетке муўапықлығын электрон платформа арқалы онлайн тексериў системасы жолға қойылсын.

Онда, субсидиялар ажыратыў ҳаққындағы арзаларды Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы ямаса қәлеген район (қала)лық мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы тапсырыў имканиятын жаратыў ҳәм артықша бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм басқа да коррупциялық факторларды сапластырыў тәмийинленсин.

  1. Пуқаралардың пенсия тәмийнатын жақсылаў ҳәм пенсионерлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде, 2024-жыл 1-январьдан баслап пенсионерге есапланған, бирақ өз ўақтында алынбаған пенсияны төлеў мүддети 12 айдан 24 айға созылсын.
  2. Майыплықты белгилеўде пуқараларға қосымша жеңилликлер жаратыў мақсетинде:

а) 2023-жыл 1-апрельден баслап майыплық уйымлараралық электрон мағлыўматлар алмасыўы тийкарында майыплық белгилери анық көринип турған, анатомиялық нуқсанлары болған, сондай-ақ, үмитсиз клиникалық прогнозға ийе кеселликлер ҳәм белгилерде пуқаралардың қатнасыўысыз белгиленеди;

б) Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги (Б.Мусаев) 2023-жыл 1-апрельге шекем майыплықты белгилеўдиң социаллық моделине басқышпа-басқыш өтиў концепциясы жойбарын киргизсин, онда:

пуқаралардың мийнет қәбилетин жойытқанлық дәрежесинен келип шығып майыплықты белгилеў әмелиятынан ўаз кешип, оның орнына жәҳән стандартлары тийкарында майыплықты белгилеўге ҳәм майыплығы болған шахслардың турмысқа социаллық бейимлесиўи және олардың денсаўлығын қайта тиклеўге;

майыплығы болған шахслар ушын қолайлы форматлардағы мәлимлеме технологияларынан, ымлаў-ишара тилинен ҳәм сөйлесиўдиң басқа да альтернатив түрлеринен пайдаланыў имканиятларын жаратыўға итибар қаратылсын.

  1. «Жаңа Өзбекстан» массивлерин раўажландырыў ҳәм халықтың турақ жайға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде 2023-жылы:

«Жаңа Өзбекстан» массивлери ҳәм 161 басқа да массивлерде, соның ишинде, жеке меншик жумысты бөлип алып ислеў шөлкемлери тәрепинен жаңа турақ жайлар қурыўдың жыллық көлемлери 1,6 есеге арттырылып, 90 мыңға жеткерилсин. Онда, турақ жай ҳәм социаллық және саўда объектлерин жойбарлаў ҳәм қурыўда автотранспорт қуралларының туратуғын орынлары, соның ишинде, көп қабатлы ҳәм жерасты автомобиль туратуғын орынлар мәжбүрий түрде қурылыўы тәмийинленсин;

32 мың пуқараға базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери, сондай-ақ, 11 мың пуқараға басланғыш төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаўға субсидиялар ажыратыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен жетерли қаржылар қаратылсын;

халықты базар принциплери тийкарында ипотека кредитлери арқалы турақ жай менен тәмийинлеўдиң жаңа тәртиби шеңберинде мүлк ҳуқықы тийкарында турақ жайға ийе болмаған пуқаралар ушын Ташкент ўәлаятында тәжирийбе-сынақ тәризинде «Мениң биринши үйим» бағдарламасы ислеп шығылып, әмелге асырылсын;

халықаралық ҳәм жергиликли фонд биржаларында «Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы» АЖның ипотека облигациялыран шығарыў ҳәм жайластырыў ушын компанияның устав фонды 100 миллион АҚШ доллары эквивалентине жеткерилсин. Онда, ипотека облигацияларын жайластырыў есабынан тартылған қаржылар ипотека кредитлери ушын ресурс сыпатында банклерге жайластырылсын.

  1. Басламалы бюджет әмелиятын ҳәм мәҳәллелердиң финанслық еркинлигин кеңейтиў мақсетинде:

2023-жылы жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилетуғын жойбарларды қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 8 триллион сум, соннан, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары ушын 4 триллион сум қаратылсын;

2023-жылы мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жойбарлар бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылатуғын илажларды қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 4 триллион сум ажыратылсын.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) үш ай мүддетте жойбарларды жәмийетшилик пикири ҳәм «Ашық бюджет» порталында топланған даўыслар тийкарында қаржыландырыўдың нәтийжели системасын жаратсын ҳәм әмелиятқа киргизсин.

Онда, даўыс бериў процесслерин қалыс ҳәм ҳәкимшилик араласыўларсыз шөлкемлестириўдиң анық механизмлерин енгизиўге айрықша итибар қаратылсын.

  1. Билимлендириўдиң сапасын арттырыў, тараўды алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында реформалаў мақсетинде:

а) 2023-жыл 1-сентябрьден баслап ҳәр бир район (қала)ның биреўден улыўма орта билимлендириў мәкемесинде оқыўшыларды еки шет тили ҳәм бир кәсип өнерге үйретиў әмелияты басқышпа-басқыш жолға қойылсын;

б) 2023-2024-оқыў жылынан баслап басқышпа-басқыш улыўма орта билим бериў мәкемелеринде оқыўшыларды улыўмаинсаныйлық ҳәм миллий қәдириятлар, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, сондай-ақ, оларда коммуникативлик көнликпелер, сын көзқарастан ҳәм креатив пикирлеў, топар болып ислеў, изертлеў сыяқлы көнликпелерди қәлиплестириўге қаратылған билимлендириў бағдарламалары әмелиятқа киргизилсин.

Онда:

улыўма орта билим бериў мәкемелериниң 1-4 классларында оқыўшыларды алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған сабақлықлар бойынша оқытыў;

5-9-классларда оқыўшыларға улыўма билимлендириў пәнлеринен таяныш билимлер бериў;

10-11 класс оқыўшыларының қызығыўшылық ҳәм қәбилетине сәйкес болған қәнигелескен бағдарламалар тийкарында билим бериў әмелияты енгизилсин;

в) 2023-2024-оқыў жылынан баслап республиканың барлық ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеў жолға қойылсын.

Онда, аўқат түрлери оқыўшылардың жасы ҳәм денсаўлығының жағдайына бола нормативлик жағдайда жеткерип берилиўи ҳәм санитария талапларына жуўап бериўи тәмийинленсин;

г) 2023-жыл 1-апрельден баслап мектепке шекемги билимлендириўдиң қамтып алыўын кеңейтиў мақсетинде:

жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысын көп квартиралы турақ жайлардың турақ жай емес қабатларында ямаса жеке тәртипте қурылған турақ жайларды сатып алыў ҳәм кейин ала оларды оңлаў және үскенелеў арқалы шөлкемлестириўге келисим берилсин;

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбары шеңберинде ижараға берилген жер участкасында мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратын қурған жеке меншик шерик тәрепинен бул имараттың усы жойбар ушын банк кредитлери бойынша гиреўге қойылыўына байланыслы шеклеўлер бийкар етилсин;

д) профессионал билимлендириў системасын раўажландырыў, мийнет базары ҳәм жумыс бериўшилердиң талапларына сәйкес болған маман орта буўын кадрларды таярлаў мақсетинде:

2023-2024-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик грантлар колледж ҳәм техникумлардың дуал билимлендириў формасы бойынша да ажыратылсын;

2023-жыл 1-сентябрьге шекем Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында маман сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда Европа кәсиплик билимлендириў ҳәм кәсипке оқытыў сапасын тәмийинлеў системасының талапларына толық жуўап беретуғын биреўден үлги профессионал билимлендириў мәкемелериниң жумысы жолға қойылсын;

е) 2023-жыл 1-апрельден баслап:

профессионал билимлендириў мәкемеси педагогларының базалық тариф ставкалары сәйкес түрде улыўма орта билим бериў мәкемеси педагогларының базалық тариф ставкаларына;

профессионал билимлендириў мәкемеси биринши ҳәм екинши маманлық категориясына ийе болған, маманлық категориясына ийе болмаған жоқары мағлыўматлы ҳәм жоқары мағлыўматқа ийе болмаған өндирислик тәлим усталарының базалық тариф ставкалары тийислисинше улыўма орта билим бериў мәкемеси биринши ҳәм екинши маманлық категориялы муғаллими, жоқары мағлыўматлы муғаллими ҳәм орта арнаўлы мағлыўматлы муғаллиминиң базалық тариф ставкаларына теңлестирилсин.

  1. Халыққа басланғыш медициналық хызметлерди жақынластырыў ҳәм пуқараларды сапалы медициналық хызметлер менен тәмийинлеў, кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, сондай-ақ, наўқасларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде:

а) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов):

2023-жылы 30 шаңарақлық поликлиника, 110 шаңарақлық шыпакерлик пункти ҳәм 520 ға шекем ықшам мәҳәлле медициналық пунктлерин шөлкемлестириў;

18-40 жастағы 12,6 миллион халықты профилактикалық тексериўден өткериў, 40 жас ҳәм оннан үлкен жастағы созылмалы кеселлиги болмаған 6,3 миллион халықты жүрек қан-тамыр кеселликлери ҳәм қантлы диабет, 3 миллион халықты онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў бойынша скрининг тексериўлеринен өткериў;

спинал булшық атрофиясы менен кеселленген 112 баланы дәри қураллары менен тәмийинлеў;

250 ден артық әззи еситиўши балада кохлеар имплантация операцияларын өткериў, сондай-ақ, бундай операциялар өткерилген 132 балада сөйлеў процессорларын алмастырыў илажларын көрсин;

б) ўақтынша мийнетке жарамсызлық бетлери ҳәм басқа да медициналық мағлыўматланамаларды бериў басқышпа-басқыш электрон түрге өткерилсин.

Онда:

ўақтынша мийнетке жарамсызлық бетлери ҳәм басқа да медициналық мағлыўматнамаларды бериў Наўайы ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында – 2023-жыл 1-июльден баслап, Ташкент қаласы, Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында –  2023-жыл 1-октябрьден баслап, республиканың басқа да аймақларында – 2024-жыл 1-январьдан баслап электрон түрге өткерилсин.

2024-жыл 1-январьдан баслап ўақтынша мийнетке жарамсызлық бетлери ҳәм басқа да медициналық мағлыўматнамаларды қағаз түринде талап етиў қадаған етилсин;

в) 2023-жыл 1-июльден баслап Ташкент қаласында басқышпа-басқыш мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилсин;

г) 2023-жылдың ақырына шекем майыплығы болған шахсларды амбулатор ҳәм стационар шараятта бийпул медициналық-социаллық реабилитация илажлары менен қамтып алыў көлеми 30 мыңға жеткерилсин.

  1. Халық арасында жуқпалы болмаған кеселликлердиң алдын алыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм физикалық активлик дәрежесин арттырыў мақсетинде төмендегилерди нәзерде тутыўшы «Дурыс аўқатланыў саламат турмыс тәризи» улыўма миллий ҳәрекети жолға қойылсын:

халыққа смартфон ҳәм мобиль қосымшалар жәрдеминде өзиниң саламатлығы ҳәм аўқатланыўын қадағалаўды үйретиў, дурыс аўқатланыў бойынша мобиль қосымша жаратыў;

балаларға мөлшерленген жарамсыз азық-аўқат өнимлери ҳәм ишимликлер, балалар азық-аўқат өнимлери ҳәм энергетиклер, дәри қураллары, биологиялық актив элементлер рекламасына талап ҳәм шеклеўлерди күшейтиў;

билимлендириў мәкемелеринде балалар ҳәм жаслар ушын усыныс етилмейтуғын өнимлер, соның ишинде, қурамында қумшекер, дуз, трансмайлар муғдары жоқары болған азық-аўқат өнимлери, дәм ҳәм рең бериўши қосымшалар дизимин тастыйықлаў ҳәм олардың тутыныўын азайтыў;

жергиликли өнимлер түрлеринен келип шығып, халықтың ҳәр бир қәўип топары ҳәм кеселлик түрлери ушын өз- алдына саламат аўқатланыўға қаратылған усынысларды ислеп шығыў;

жасы, дене дүзилиси, турмыс тәризи ҳәм кеселликлерге бейимлигинен келип шығып, балалар, үлкен жастағылар ҳәм кекселер ушын қысқа дурыс аўқатланыў бойынша усыныслар, саламатландырыў шынығыўлары ҳәм гигиена қағыйдалары топламын жаратыў;

жумыс орынларында хызметкерлердиң денетәрбия менен шуғылланыўы ҳәм саламат аўқатланыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў.

  1. 2023-жыл 1-апрельден баслап Өзбекстан Республикасында жумысын әмелге асырыў ҳуқықына байланыслы тастыйықлаў хатының әмел етиў мүддети даўамында сырт ел пуқаралары сырт елден алып келинген жеке автотранспорт қуралын алып шығып кетиў мүддетин жөнли себеплерге бола өткерип жибергенде, нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген жыйымды төлеўден азат етилсин.
  2. Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый қорғалыўын және де күшейтиў мақсетинде 2023-жыл 1-июльден баслап исбилерменлик субъектлерине жаңа түрдеги жуўапкершилик ҳәм жаза илажларын енгизиўге үш жыллық мораторий орнатылсын.

Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) Бас прокуратура (Н.Йўлдошев) менен биргеликте бир ай мүддетте саўда ямаса хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузғаны ушын жынайый жуўапкершиликти ҳәкимшилик юрисдикцияға өткериў арқалы бийкарлаўды нәзерде тутыўшы нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Аўыл хожалығын суў ресурслары менен турақлы тәмийинлеў мақсетинде 2023-жылы:

суў ресурсларын басқарыўда үзликсиз системаны жолға қойыў ҳәм суўды үнемлейтуғын санлы технологияларды енгизиў есабынан суўды жеткерип бериўдеги тәбийғый шығынлар көлеми 10 процентке шекем азайтылыўы;

аўыл хожалығы жерлерин суўғарыў ҳәм балық жетистириў (өсириў) ушын пайдаланылатуғын суў көлеми бойынша салық ставкасын арттырыў арқалы суў салығы бойынша түсимлердиң бир бөлеги районларда суўғарыў хызметлерин раўажландырыў, салма, изейкеш ҳәм каналларды бетонлаўға қаратылыўы тәмийинленсин.

Суў хожалығы министрлиги (Ш.Хамраев) 2023-жылдың жуўмағына шекем:

а) суў ресурсларын басқарыўда санлы технологияларды кеңнен енгизиў, суўды үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў, зәрүр ирригация ҳәм мелиорация илажларын өз ўақтында әмелге асырыў арқалы кеминде 7 миллиард метр куб суўдың үнемлениўин сондай-ақ, 300 мың гектар майданда тәкирарый егинлерди суўғарыўға қаратылыўын тәмийинлесин;

б) Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) менен биргеликте:

суўдың есабын ашық-айдын жүргизиў системасын енгизиў мақсетинде 13 мың суў хожалығы объектлерин санластырыў менен байланыслы барлық ҳүжжетлерди Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары ҳәм халықаралық финанс институтларының грантлары есабынан қаржыландырыў;

16 ири насос станцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў илажларын ислеп шығып, тастыйықлаў ушын киргизсин.

  1. Әдиллик ҳәм нызам үстинлигин беккемлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша төмендегилерди нәзерде тутыўшы нызам жойбарлары белгиленген тәртипте Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизилсин:

жынаятларды тергеў процесинде «Хабеас корпус» институтын қолланыў әмелиятын және де кеңейтиў мақсетинде тексериў өткериў, телефон сөйлесиўлерин тыңлап турыў ҳәм мүлкти хатлаўға санкция бериў ўәкиллигин прокурорлардан судларға өткериў;

жынаят исин судларға айыплаў жуўмағы (айыплаў акти) ҳәм қорғаўшы пикири менен бирге бериў тәртибин енгизиў;

адвокатлық жумысы менен шуғылланыў ҳуқықын бериўши лицензияны алыў ушын юридикалық қәнигелик бойынша кеминде еки жыллық жумыс стажына ийе болыў талабын бийкарлаў.

Жоқары суд (Б.Исламов), Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) ҳәм Бас прокуратура (Н.Йўлдошев) усы бәнтте нәзерде тутылған мәселелер бойынша тийисли нызамлар жойбарларының Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген мүддетлерде ислеп шығылып, киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўын «қала автомобильлер емес, ал пиядалар ушын» идеясы тийкарында реформалаў мақсетинде:

а) 2023-жыл 1-апрельден баслап Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында сондай-ақ, ўәлаятлар ҳәм районлардың орайларында транспорт қураллары ҳәрекетлениўиниң ең жоқары тезлиги саатына 70 километрден 60 километрге шекем түсирилсин;

б) 2023-жыл 1-декабрьден баслап транспорт қуралының ийесине транспорт қуралын басқарыў ҳуқықы өткерилген шахс пенен биргеликте тийисли ҳуқықты белгилеўши ҳүжжетти (исеним хаты ҳәм басқалар) берген жағдайда, мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети уйымларын транспорт қуралын басқарыў ҳуқықын өткергенлиги ҳаққында хабардар етиў ҳуқықы берилсин.

Онда, хабарнама алынған күннен баслап ўәкилликли уйым тәрепинен Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң Бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме-таллаў системасына тийисли өзгерислер киргизиў ҳәм бул транспорт қуралында жүз берген жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығы ушын басқарыў ҳуқықы өткерилген шахсқа ҳәкимшилик билдириў рәсмийлестириў тәртиби енгизилетуғыны белгиленсин.

  1. Әдиллик министрлиги, «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети:

Мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыў барысын системалы мониторинг етиў, оны сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў ушын қосымша илажлар көриў бойынша усынысларды ислеп шықсын;

Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының сапалы ҳәм өз ўақтында ислеп шығылыўы ҳәм келисилиўинде әмелий жәрдем көрсетип барсын;

Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў жуўмақларына бағышланған мәлимлеме-таллаў шолыўларын таярлаў, оларды шет тиллерде жәриялаў ҳәм кеңнен тарқатыўды тәмийинлесин;

мониторинг нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемени ҳәр айда 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша республикалық комиссияға киргизип барсын.

  1. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) турақлы түрде Мәмлекетлик бағдарламаның мақсетлери менен ўазыйпалары, соның ишинде, белгили мәмлекетлик ғайраткерлер, тәжирийбели сиясаттаныўшы, ҳуқықтаныўшы, экономист ҳәм басқа да қәнигелер қатнасыўында кеңнен шолып барылыўын ҳәм оның мазмун-мәниси жәмийетшиликке түсиндирилиўин тәмийинлесин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша республикалық комиссияға жүкленсин.

Әмелге асырылған илажлар ҳаққында ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                            Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 28-февраль