Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

 

Жанылғы-энергетика комплексин модернизациялаў ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди (кейинги орынларда энергия ресурслары деп аталады) жеткерип бериў ҳәм тутыныў саласында шәртнама талапларына сөзсиз әмел етиў, сондай-ақ, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўдың тәсиршең механизмлерин жаратыў – елимизде алып барылып атырған, бәринен бурын, экономиканың барлық тармақларын жедел раўажландырыў, инвестициялық тартымлық ҳәм исбилерменликтиң белсендилигин арттырыў, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў саласын кеңейтиўге қаратылған кең көлемли реформаларды нәтийжели әмелге асырыўдың әҳмийетли шәртлеринен бири есапланады.

Соның менен бирге, бул салаларда жыйналып қалған анық кемшиликлер менен машқалалар энергия ресурслары бойынша дебитор қарыздарлықты кескин азайтыўға ҳәм электр энергетикасын ҳәм газ тармақларын буннан былай да раўажландырыў, атқарыў жумысын жүргизиў нәтийжелилигин арттырыўға мүмкиншилик бермеген. Соның ишинде:

бириншиден,  тәмийинлеўши кәрханалар тәрепинен жетерли илажлардың көрилмегени ақыбетинде тутыныўшылардың шәртнама талапларына әмел етиўи лазым дәрежеде тәмийинленбеген, олардың көпшилиги тутынған энергия ресурслары ушын төлемлерди турақлы түрде әмелге асырмаған;

екиншиден, энергия ресурслары тутыныўын есапқа алыўдың ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасын енгизиў мүддетлериниң кешиктирилип жиберилгенлиги жеткерип берилген ҳәм пайдаланылған көлемлердиң есабы жүргизилиўиниң исенимлилигин тәмийинлеўге және есап-санақларды өз ўақтында әмелге асырыўға оғада унамсыз тәсир көрсетпекте;

үшиншиден, гөнерген электр жеткерип бериў тармақлары, трансформатор подстанциялары ҳәм пунктлери, газ қубырлары және тийисли инфраструктураны жаңалаў пәтлериниң төменлиги – технологиялық жоғалтыўлардың көбейиўине ҳәм энергия ресурсларының, әсиресе, орынларда, системалы үзилислер менен жеткерип берилиўине алып келмекте;

төртиншиден,  энергия ресурслары бойынша қарыздарлықтың ҳалатын онлайн тәризде бақлап барыў имканиятын беретуғын заманагөй электрон төлеў системаларын раўажландырыў төмен дәрежеде қалмақта;

бесиншиден, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АК тәрепинен қадағалаўшылар жумысының шөлкемлестирилиўи үстинен ведомстволық қадағалаў зәрүр дәрежеде орнатылмағанлығы дебитор қарыздарлықтың ҳәдден тыс өсиўине алып келмекте;

 алтыншыдан,  қарыздарларды электр ҳәм газ тармағынан үзиў бойынша әмелий илажлар көрилместен, негизинде жоқ болған қарыздарлықты өндириў ҳаққында судларға көпшилик жағдайларда «бир қәлиптеги» арзалардың киргизилиўи тәмийинлеўшилердиң энергия ресурслары ушын ҳақы өндириў бағдарындағы жумысларды шөлкемлестириўге рәсмийшилик пенен қатнас ислегенинен дәрек бермекте;

жетиншиден, Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Суд департаменти (кейинги орынларда Суд департаменти деп аталады) жумысын шөлкемлестириўдеги анық кемшиликлер атқарыў жумысының жүргизилиў нәтийжелилигине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетпекте. Әмелдеги өндириў көрсеткишиниң 2016-жылы бар-жоғы 45 процентти қурағаны да буннан дәрек береди;

сегизиншиден,  ведомстволараралық бирге ислесиўдиң ҳәм Суд департементиниң жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўдиң төмен дәрежеде екени атқарыў ҳүжжетлери есабының жүргизилиўинде исенимлиликти тәмийинлеўге, суд ҳүжжетлериниң ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң сөзсиз орынланыўына унамсыз тәсир көрсетпекте;

тоғызыншыдан,  нызамлылықты ҳәм атқарыў тәртибин беккемлеў жумысларында жол қойылған кемшиликлердиң ақыбетинде 2016-жылдың ҳәм 2017-жылдың I шереги даўамында ислеген ҳуқықбузарлықлары ушын «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз»  АКның yyt, Суд департаментиниң 36 хызметкери жынайый жуўапкершиликке тартылған.

Электр ҳәм газ тәмийнаты саласында шешимин күтип турған машқалаларды шешиў бойынша тәсиршең илажлардың көрилмегенлиги экономиканың барлық тармақларын жедел раўажландырыў, жанылғы-энергетика комплексин модернизациялаў ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, инвестициялық тартымлылық ҳәм исбилерменлик белсендилигин арттырыў, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў саласын кеңейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, елимиздиң энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеўге тосқынлық ететуғын фактор болып табылады.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық, сондай-ақ, электр ҳәм газ тәмийинаты саласында басқарыў системасын, қадағалаў ҳәм есапқа алыў механизмлерин буннан былай да жетилистириў, төлем тәртибин беккемлеў, жуўапкершиликти күшейтиў, атқарыў жумысын жүргизиўдиң нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанында Мәжбүрий атқарыў бюросы (кейинги орынларда Бюро деп аталады) шөлкемлестирилсин.
  2. төмендегилер Бюроның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

суд ҳүжжетлериниң ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў, атқарыў ҳүжжетлериниң ҳәм өндирилген қаржылардың исенимли есап-санағын жүргизиў, атқарыў жумысын жүргизиўде өзи боларлық ҳәм исенимсизлик жағдайлардың алдын алыў;

электр, газ жеткерип бериў ҳәм бөлистириў тармақларына нызамсыз жалғаныў талан-тараж жағдайларын анықлаў, сапластырыў ҳәм алдын алыў;

энергия ресурслары ушын төлемлердиң өз ўақтында ҳәм толық өндирилиўин, тутыныўшылардың қарыздарлығын азайыўын тәмийинлеў;

энергия ресурслары тутыныўын қадағалаўдың ҳәм есапқа алыўдың заманагөй автоматластырылған системалары, сондай-ақ, альтернатив энергия дәреклериниң енгизилиўи үстинен мониторинг өткериў;

энергия ресурсларын сатыў ҳәм тутыныў есабын жүргизиўде қатнасыў;

энергия ресурслары тутыныўшыларының жуўапкершилигин ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў илажларын көриў;

комплексли талқылаў өткериў, системалы машқалаларды анықлаў, энергия ресурслары ушын есап-санақ ислениўин тәмийинлеў ҳәм мәжбүрий атқарыў системасын жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды жүргизиў, сорастырыў ҳәм оператив-излеў жумысын әмелге асырыў.

  1. Сапластырылып атырған Суд департаментиниң Өзбекистан Республикасының «суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин атқарыў ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған ўазыйпалары, функциялары және ўәкилликлери Бюроға өткерилетуғыны:

суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин мәжбүрий атқарыў Бюроның мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Бюроның мәмлекетлик орынлаўшылары лаўазымларына жоқары ямаса орта арнаўлы юридикалық мағлыўматқа ийе айырым жағдайларда басқа да қәнигеликтеги жоқары мағлыўматқа ийе шахслар, Бюроның басқа да лаўазымларына – жоқары ямаса орта арнаўлы  мағлыўматлы басқа да қәнигеликке (экономист, финансшы, инженерлер ҳәм басқалар) ийе шахслардың да тайынланатуғыны;

мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў ведомстволары Бюроға усы Пәрманға муўапық жүкленген ўазыйпаларды ҳәм фнукцияларды орынлаўда ҳәр тәреплеме көмеклесиўге мәжбүр екени белгилеп қойылсын.

  1. Бюро ҳәм оның аймақлық структураларына энергия ресурсларын жеткерип бериў және тутыныў саласындағы ўазыйпаларды әмелге асырыўда төмендеги ҳуқықлар берилсин:

энергия ресрусларының жеткерип берилиўин ҳәм тутыныўын есапқа алыўдың толық екенлиги ҳәм исенимлилиги, есап-санақлардың өз ўақтында әмелге асырылыўы бойынша, соның ишинде, хожалық жүргизиўши субъектлерде Қадағалаўшы уйымлардың жумысын муўапықластырыўшы Республикалық кеңес пенен келиспеген ҳалда тексериўлер өткериў;

жеткерип берилген энергия ресурслары ушын қарыздарлықты тутыныўшылар – юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң (кейинги орынларда тутыныўшы-юридикалық шахслар деп аталады) банк есап бетлеринен сөзсиз өндириў туўралы орынланыўы мәжбүрий болған инкассо тапсырмаларын қойыў;

жеткерип берилген энергия ресурслары ушын ең кем айлық мийнет ҳақының еки есесинен көп болмаған муғдардағы қарыздарлықты хызметкер – тутыныўшылардың мийнет ҳақысынан услап қалыў туўралы жумыс бериўшилерге орынланыўы мәжбүрий болған талапнамалар жибериў;

энергия ресурсларын тутыныў, төлемлердиң өз ўақтында ҳәм толықлығын қадағалаў ҳәм мониторингин әмелге асырыў ушын зәрүр болған мағлыўматларды министрликлер, ведомстволар басқа да шөлкемлерден ҳәм пуқаралардан талап етип алыў;

физикалық ҳәм юридикалық шахсларға энергия ресурслары ушын қарыздарлықты сапластырыў ҳаққында орынланыўы мәжбүрий болған талапнамалар жибериў;

энергия ресурсларын жеткерип бериў ҳәм тутыныў саласындағы ҳуқықбузарлықлар ушын юридикалық шахсларға белгиленген тәртипте қаржылай санкция қолланыў;

министрликлер, ведомстволар, басқа да шөлкемлер, соның ишинде, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына энергия ресрусларын жеткерип бериў және тутыныў саласындағы ҳуқықыбузарлықлардың жүз бериўине имканият туўдырып атырған себеплерди ҳәм шараятларды сапластырыў, сондай-ақ, энергия ресурслары ушын есап-санақларды турақлы түрде әмелге асырмай атырған тутыныўшыларға жәмийетлик тәсиршең шараларды көриў ҳаққында усыныслар киргизиў;

энергия ресурслары ушын есап-санақлар өз ўақтында әмелге асырылмаған, Бюро тлапланамалары орынланбаған жағдайларда, сондай-ақ, электр, газди жеткериў ҳәм газди бөлистириў тармақларына нызамсыз түрде жалғаныў, талан-тараж жағдайлары анықланғанда, тутыныўшыларды электр ҳәм газ тармақларынан үзиў;

энергия ресурсларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў жағдайлары сапластырылған ҳәм төлемлер толық әмелге асырылғанда, бурын электр ҳәм газ тармақларында үзип қойылған тутыныўшыларды қайта жалғаў;

энергия ресурсларынан пайдаланыў саласындағы ҳуқықбузарлықлар ушын айыпкер шахсларды жуўапкершиликке тартыў бойынша нызам ҳүжжетилеринде белгиленген тәртипте илажлар көриў;

энергия ресурслары тутыныўын қадағалў ҳәм есаплаў системасын және үскенелердиң жарамлылық жағдайын мониторинг етиў.

Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы энергия ресурсларын жеткерип бериўди, тутыныўды ҳәм өз-ара есап-санақларды әмелге асырыў саласындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлиги принципине қатаң әмел етилиўи үстинен қадағалаў нәтийжелилигин, сондай-ақ, энергия ресурслары тутыныўшыларының жуўапкершилигин ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў бойынша комплексли илажлар көрсин.

  1. Суд департаменти сапластырылсын ҳәм оның Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын 1 301 босап атырған штат бирликлери Бюроға өткерилсин.

Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте Суд департаментиниң балансында болған ҳәм ол пайдаланып атырған имаратлар, қураллар және басқа да материаллық-техникалық қымбат баҳалы затлардың Бюро балансына өткерилиўин тәмийинлесин.

Бюро сапластырылып атырған Суд департаментиниң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша оның ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы, Әдиллик министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АКның:

«Өзбекэнерго» АЖның тутыныўшылар менен ислесиў бойынша 6 562 электромонтёр штат бирликлерин ҳәм «Өзтрансгаз» АКның тәбийғый газды есапқа алыў ҳәм реализациялаў бойынша 4 255 қадағалаўшы штат бирликлерин қысқартыў;

Мәжбүрий атқарыў бюросын раўажландырыў қорын (кейинги орынлары Қор деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Төмендегилер Қорды қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

Республика тутыныўшыларына энергия ресурсларын сатыўдан түскен қаржылардың 10 проценти;

ўәкилликли уйымлар тәрепинен алып қойылған ҳәм мәмлекетлик дәраматқа өткерилген мал-мүлклерди сатыўдан, сондай-ақ, қарыздардың мал-мүлкин сатыў есабынан салық қарыздарлығын (мәмлекетлик бажыдан тысқары) өндириўден түскен қаржылардың 8 проценти;

Мәмлекетлик атқарыўшылар тәрепинен өндирилген орынлаў жыйымы қаржыларының 80 проценти;

Бюро хызметкерлери тәрепинен қолланылатуғын ҳәм өндирилетуғын жәриймалар суммасының 80 проценти;

Нызам ҳүжжетлери менен шекленбеген басқа да дәраматлар.

Бюро тәмийнаты Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Қор қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

усы бәнттиң бесинши хатбасында нәзерде тутылған қаржыларды есап-санақ етиў тәртиби Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АК тәрепинен белгиленетуғыны;

әcбап-үскенелер, электр узатыў линиялары, газ тармақлары, энергия ресурсларын есапқа алыў үскенелерин эксплуатациялаў, техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оңлаў, сондай-ақ, тийисли аймақларда насазлықларды сапластырыў тиккелей «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АК тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

энергия ресурсларын жеткерип бериў ҳәм тутыныў саласында;

а) Бюро төмендегилер ушын жуўапкер екени:

энергия ресурслары ушын төлемлердиң өз ўақтында ҳәм толық өндирилиўин, тутыныўшылардың қарыздарлығы азайтылыўын тәмийинлеў;

энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў жағдайларын, сондай-ақ, тиккелей тутыныўшылар тәрепинен пайдаланылған энергия ресурслары көлеми ҳәм тийисли аймақлар шегарасындағы тармақларға жеткерип берилген көлем арасындағы айырмашылықларды анықлаў, сапластырыў ҳәм алдын алыў;

анықланған айырмашылықларды сапластырыў механизми бойынша усыныслар киргизиў және айыпкер шахсларды жуўапкершиликке тартыў шараларын көриў;

б) «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АК төмендегилер ушын жуўапкер екени:

дүзилген шәртнамаларға муўапық, тутыныўшыларды энергия ресурслары менен тәмийинлеў;

сатылған энергия ресурсларының муғдары ҳаққындағы есап-санақлар ҳәм мәлимлемелер, дебитор ҳәм кредитор қарыздарлық ҳаққындағы мағлыўматлардың исенимлилиги;

электр ҳәм газ бөлистириў тармақлары және энергия ресурсларын тиккелей тутыныўшыларға бөлиниў шегарасына жеткерип бериўге байланыслы болған басқа да инфраструктуралардың эксплуатациясын ҳәм оңлаў хызметлерин әмелге асырыў;

тутыныўшыларға орнатылған энергия ресурсларын тутыныўды есапқа алыў үскенелерин алмастырыў, орнатыў ҳәм эксплуатация хызметин көрсетиў, сондай-ақ, Бюро менен биргеликте оларды пломбалаў;

белгиленген тәртипте техникалық шәртлерди бериў, электр ҳәм газ тармақларына жаңа тутыныўшыларды жалғаў жумысларын әмелге асырыў;

Бюроның мәжбүрий талабына тийкарланып, электр энергиясының айырым тутыныўшыларын 6-10 кВ ҳәм оннан жоқары күшлениўдеги тармақларда белгиленген тәртипте үзиў белгилеп қойылсын.

«Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АК ҳәр айда тиккелей тутыныўшылар тәрепинен пайдаланылған энергия ресурслары көлеми ҳәм тийисли аймақлар шегарасындағы тармақларға жеткерип берилген көлем арасында айырмашылық бар екени ҳаққындағы мағлыўматларды Бюроға усынатуғыны, олардың тийкарында Бюро электр ҳәм газ тәмийинаты кәрханалары менен биргеликте айырмашылықтың жүзеге келиў себеплерин анықлаў бойынша белгиленген тәртипте илажлар көретуыны белгиленсин.

  1. i. 2017-жылдың 1-июлинен баслап төмендеги тәртип енгизилсин, оған муўапық:

тутыныўшылар-физикалық шахслар ҳәр айдың 10 сәнесине шекем өткен айда тутынған энергия ресурслары ушын толық есап-санақ ислеўлери шәрт;

усы бәнттиң екинши хатбасында көрсетилген мүддет өткеннен кейин қарыздарлық бар болғанда, тутыныўшы – физикалық шахслар белгиленген тәртипте электр ҳәм газ бөлистириў тармақларынан мәжбүрий үзиледи;

усы бәнттиң екинши хатбасында көрсетилгенлерден тысқары тутыныўшыларға энергия ресурсларын жеткерип бериў 100 процентлик алдынан ҳақы төлеў тийкарында әмелге асырылады. Алдыннан ҳақы төленбеген жағдайларда, бул тутыныўшыларға электр ҳәм газ бөлистириў тармақларынан толық үзиўге шекемги болған илажлар көриледи;

электр ҳәм газ тармақларына алдын үзип қойылған шахсларды қайта жалғаўда тутыныўшы-физикалық шахслардан ең кем айлық мийнет ҳақының еки есеси муғдарында, тутыныўшы-юридикалық шахслардан ең кем айлық мийнет ҳақыдан он есеси муғдарында төлем қайта жалғаўды әмелге асырған шөлкемниң есабынан қаржыларды өткериў арқалы өндириледи;

тутыныўшы энергия ресурсларын тутыныўын есапқа алыў үскенелериниң зәрүр дәрежеде эксплуатацияланыўы ҳәм жарамлылығы ушын жуўапкер болады;

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен дизими ҳәр жылы тастыйықланатуғын, жоқары ликвидли ҳәм (яки) экспортқа бағдарланған өнимлерди ислеп шығаратуғын айрықша категориядағы тутыныўшыларға энергия ресурсларын сатыў экспорт баҳасынан төмен болмаған базар баҳаларында әмелге асырылады.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети:

еки ай мүддетте сын көз-қарастан үйрениў нәтийжесине бола, «Өзбекэнерго» АЖ кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылатуғын ыссылық энергиясын жеткерип бериўди ҳәм тутыныўды есапқа алыў және қадағалаў тәртибин жетилистириў бойынша комплексли илажларды қабыл етсин;

2017-жыл 1-августқа шекемги мүддетте энергия ресурслары ушын, соның ишинде, экономиканың стратегиялық тармақларындағы кәрханалар арасында 2017-жыл 1-июльге шекемги жүзеге келген қарыздарлықтың тәртипке салыныўын тәмийинлесин;

үш ай мүддетте «Ўздавэнергоназорат» МИ ҳәм «Ўздавнефтгазинспекция» МИ жумысын қайта шөлкемлестириў бойынша соның ишинде, усы Пәрманның қағыйдаларын инабатқа ала отырып, усыныслар киргизсин.

  1. Суд департаментиниң әмелдеги хызметкерлери, сондай-ақ, усы Пәрманға муўапық штат бирликлери қысқартылып атырған «Өзбекэнерго» АЖның тытыныўшылар менен ислеў бойынша электромонтёрлары ҳәм «Өзтрансгаз» АКның тәбийғый газды есапқа алыў ҳәм реализация бойынша қадағалаўшылары Бюроны шөлкемлестириў ўақтында мийнет шәртнамасы белгиленген тәртипте бийкар етилгенге шекем жоқарыда көрсетилген шөлкемлердиң қаржылары есабынан мийнетке ҳақы төлеў шәртлери сақлап қалына отырып, хызмет ўазыйпаларын әмелге асыратуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы бир ай мүддетте:

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий атқарыў бюросының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының жойбарын;

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Мәжбүрий атқарыў бюросын раўажландырыў қоры ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм киргизсин.

  1. «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АК:

2017-жыл 1-июннен баслап Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте энергия ресурсларының сатылыўын есапқа алыў бойынша әмелдеги бағдарламалық өнимлерден Бюроның турақлы пайдаланыў имканиятын тәмийинлесин;

2017-жыл 1-июльге шекем район (қала)лар кесиминде 2017-жыл q-июль ҳалатына энергия ресурсларынан қарыздарлығы бар болған барлық тутыныўшылардың дизимин, соның ишинде, тутыныўшы – юридикалық шахслар менен қарыздарлықты салыстырыў актлерин Бюроға усыныс етсин;

2017-жыл 1-июлгешекем Өзбекистан Республикасы Орайлық банки менен биргеликте түсимлердиң исенимли есап-санағын жүргизиў ҳәм пул қаржыларының ҳәрекетин Бюро тәрепинен мониторинг етиўди тәмийинлейтуғын, энергия ресурсларын сатыўдан түскен қаржыларды бирден-бир банк есап бетлеринде топлаў системасын енгизсин;

2017-жыл 1-августқа шекем энергия ресурсларын ислеп шығарыў, транспортировкалаўды ҳәм бөлистириўди есапқа алыў үскенелери орнатылған бөлмелердиң Бюро тәрепинен аралықтан турып руқсатсыз араласыўды қадағалаў имканиятын беретуғын видеобақлаў камералары менен үскенелениўин тәмийинлесин;

2017-жыл 1-октябрьге шекем энергия ресурсларының жеткерип берилиўин ҳәм тутыныўын тиккелей бөлистириў орынларында қадағалаў ҳәм есаплаў системасын жетилистириў бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

2018-жыл 1-январьға шекем энергия ресурсларын ислеп шығарыў, транспортировкалаўды ҳәм бөлистириўди есаплаў пунктлеринде есаплаў үскенелериниң көрсеткишлерин ҳәм олардың жағдайын көрсететуғын, усы мағлыўматларды энергия ресурсларын ислеп шығарыў, транспортировкалаў ҳәм бөлистириў көлемлериниң мониторингин әмелге асырыў ушын Бюраға усынатуғын автоматластырылған системаны орнатсын, сондай-ақ, оның турақлы ислеўин тәмийинлесин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Өзбекистан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик салық комитети, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АК, «Өздавэнергоназорат» МИ, «Ўздавнефтгазинспекция» МИ, «Саноатгеоконтехназорат» МИ, Бюро басқа да министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте 2019-жыл q-январьға шекем төмендегилерди әмелге асырған ҳалда турақ ҳәм турақ жай емес фондын толық инвентаризациядан өткерсин:

Кадастр ҳәм жойбар ҳүжжетлери, шәртнамалар, жалғаныў схемалары, басқа да зәрүрли ҳүжжетлер және есапқа алыў үскенелериниң бар екенлигин, олардың жарамлылығын ҳәм нормативлик-техникалық талапларға муўапықлығын анықлаў, тутыныўшыны биллинг системасында дизимнен өткериў;

энергия ресурсларының реал тутынған муғдарын ҳәм оның шәртнамаларда нәзерде тутылған муғдарға, сондай-ақ, әмелге асырылған төлемлерге муўапықлығын анықлаў;

турақ ҳәм турақ жай емес фонды объектлериниң ийелери, кадастр мағлыўматлары, коммуникациялар ҳәм объектлер ҳаққындағы мағлыўматларды өзинде жәмлеген бирден-бир электрон паспортларын таярлаў;

инвентаризация жуўмақлары бойынша министрликлер менен ведомстволардың тийисли мағлыўматлар базаларына зәрүр анықлықлар киргизиў.

Усы бәнттиң биринши хатбасында көрсетилген министрликлер менен ведомстволар инвентаризация өткериў процесинде анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлардың көрилиўин тәмийинлейтуғыны ҳәм оған ҳәр тәреплеме көмеклесетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм оның аймақлық структураларының көшпес мүлкке болған ҳуқықлары мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен соң үш күн мүддетте көшпес мүлк ийелери ҳаққындағы мағлыўматларды электр, газ, суў ҳәм ыссылық тәмийнаты кәрханаларына, автоматластырылған телефон станцияларына жибереди.

Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АК үш ай мүддетте көшпес мүлк ийелери ҳаққындағы ведомстволық мағлыўматлар базаларын унификацияластырсын.

Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АК ведомстволық мағлыўматлар базалары унификацияланғанынан соң еки ай мүддетте тутыныўшылар менен дүзилген шәрнамалардың қайта рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АК басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

еки ай мүддетте тутыныўшылар менен өз-ара есап-санақлардың жағдайы ҳаққындағы исенимли мағлыўматларды усынатуғын ҳәм электрон төлем системалары менен интеграцияланған Турақ жай коммуналлық, электр ҳәм газ тәмийнаты хызметлерин көрсетиўдиң бирден-бир биллинг системасын шөлкемлестириўди, сондай-ақ, абаненттиң бирден-бир индивидуаллық номерин енгизиўди нәзерде тутатуғын Министрлер Кабинети қарарының жойбарын;

2017-жыл 1-октябрьге шекем Қарыздарлықты өндириў мәселелери бойынша ведомстволараралық электрон бирге ислесиўдиң бирден-бир системасын шөлкемлестириў, усы системаны тийисли ведомстволардың физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қарыздарлығы, олардың мүлклик жағдайы ҳаққындағы мағлыўматлар базалары менен басқышпа-басқыш интеграциялаў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, «Ўздавэнергоназорат» МИ, «Ўздавнефтгазинспекция» МИ Бюро менен биргеликте еки ай мүддетте алдынғы шет ел тәжирийбесин үйрене отырып, энергия ресурсларын жеткерип бериў, транспортировкалаў, бөлистириўдеги ҳәм сатыўдағы жоғалтыўларды анықлаў тәртибин тастыйықласын.
  2. Энергия нәтийжелилигин ҳәм энергияның тикленетуғын дәреклерин раўажландырыў мәселелери бойынша Республикалық комиссия (А.Н.Арипов) Өзбекистан Республикасы Есап-санақ палатасы менен биргеликте еки ай мүддетте:

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 5-майдағы ПҚ-2343-санлы қарары менен тастыйықланған 2015-2019-жылларда экономика тармақларында ҳәм социаллық салада энергияның жумсалыў муғдарын қысқартыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў илажлары Бағдарламасының әмелге асырылыўын сын-көзқарастан үйрениўди;

усы бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлейтуғын айыпкер лаўазымлы шахслардың жуўапкершилиги бойынша усыныслар киргизилиўин;

экономика тармақларында ҳәм социаллық салада энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша жаңаланған бағдарламаның таярланыўын тәмийинлесин, онда:

энергияны үнемлейтуғын технологияларды ҳәм альтернатив энергия дәреклерин кеңнен енгизиў, соның ишинде, оларды қалаларда ҳәм аўыллық жерлерде турақ жай қурыў жойбарларына мәжбүрий киргизиўге;

альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланып атырған физикалық ҳәм юридикалық шахсларды материаллық хошаметлеў илажларына;

Қуяш энергиясы халықаралық институтының жумыс нәтийжелилигин арттырыўға;

Халық арасында энергия ресурсларын қәстерлеп сақлаў, энергияны үнемлейтуғын технологиялардан ҳәм альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыўды үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыўға айрықша итибар қаратсын.

Министрлер Кабинети бир ай мүддетте усы Пәрманның талапларынан келип шығып, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына «Алтернатив энергия дәреклери ҳаққында»ғы ҳәм «Газ тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамлардың жойбарларын белгиленген тәртипте киргизсин.

  1. «Өзбекэнерго» АЖ, Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, «Өзстандарт» агентлиги, Есап-санақ палатасы, Бас прокуратура Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзэлтехсаноат» АК, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

бир ай мүддетте электр энергияны қадағалаўды ҳәм есапқа алыўды бирден-бир автоматластырылған системаға интеграциялаў ушын оның техникаклық көрсеткишлерин унификацияластырыўды инабатқа ала отырып, электр энергияны қадағалаўының ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарларды ҳәр тәреплеме экспертизадан өткерсин;

халықаралық қаржылық донор-институтлар менен олардың қатнасыўында әмелге асырылып атырған электр энергияны қадағалаўдың ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиў бойынша жойбарлардың техникалық көрсеткишлерине өзгерислер киргизиў, сондай-ақ, техникалық көрсеткишлери бир қыйлы, электр энергиясынан пайдаланыўды есапқа алатуғын заманагөй электрон үскенелерди ислеп шығарыўды жергиликлилестириў мәселелерин келиссин;

келисим нәтийжелерине бола, еки ҳәпте мүддетте Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине электр энергияны қадағалаўдың ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын 2019-жыл 1-январьға шекем толық енгизиўди нәзерде тутатуғын реже-кестени киргизсин.

  1. «Өзбекнефтгаз» МХК, «Саноатгеоконтехназорат» МИ, Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, «Өзстандарт» агентлиги, Есап-санақ палатасы, Бас прокуратура Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзэлтехсаноат» АК, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

еки ай мүддетте жойбарларды қаржыландырыўдың анық дәреклери, әмелге асырыў мүддетлерин ҳәм кестелерин, сондай-ақ, тәбийғый газ тутыныўын есапқа алыўдың техникалық жақдан бирдей, заманагөй электрон үскенелерин ислеп шығарыўды жергиликлилестириўди нәзерде тутатуғын Заманагөй энергияны үнемлейтуғын газден пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелерин, тәбийғый газди қадағалаўды ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиў концепциясының жойбарын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

2017-жыл 1-сентярьге шекем ислеп шығылған Концепция тийкарында Өзбекистан Республикасы Президентиниң заманагөй энергияны үнемлейтуғын газден пайдаланыў әсбап ҳәм үскнелерин, тәбийғый газди қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиў бойынша жойбардың техникалық тапсырмалары ҳәм дәслепки техникалық-экономикалық есап-санақларын, сондай-ақ, усы системаның толық енгизилиўин нәзерде тутатуғын реже-кестени тастыйықлаў ҳаққындағы қарарының жойбарын киргизсин.

  1. Энергия ресурсларын қадағалаў ҳәм есаплаўдың автоматластырылған системасын енгизиў бойынша жойбарларды ислеп шығыўға техникалық тапсырмалар Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм «Өзстандарт» агентлиги менен электр энергияны ҳәм тәбийғый газди қадағалаўдың ҳәм есаплаўдың бирден-бир автоматластырылған системасына сәйкес келиўи ҳәм интеграцияланыўы көз-қарасынан келисилиўи шәрт.
  2. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АК бир ай мүддетте мағлыўматларды қайта ислеўдиң бирден-бир орайы тийкарында энергия ресурсларын қадағалаўдың ҳәм есаплаўдың автоматластырылған системаларының жумысы ушын мағлыўматлар жеткериў системасын шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АК Есап-санақ палатасы, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, «Өздавэнергоназорат» МИ, «Саноатгиоконтехназорат» МИ, «Ўздавнефтгазинспекция» МИ, Бюро, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте усы түрдеги жумысларды әмелге асырыўда халықаралық тәжирийбеге ийе болған шет ел жумысты бөлип алып ислеўшисин тарта отырып, электр ҳәм газ тәмийнаты объектлериниң техникалық жағдайын анықлаў көз-қарасынан инвентаризациялаўды тәмийинлесин ҳәм 2018-жыл 1-мартқа шекем оларды модернизациялаў Мәмлекетлик бағдарламасының жойбарын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  4. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы Жоқарғы суд ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2017-жыл q-октябрьге шекем усы Пәрманның талапларынан келип шығып, Өзбекистан Республикасының «Суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамын сын көз-қарастан қайтап көрип шықсын ҳәм оның жаңа редакциядағы жойбарын Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.
  5. Өзбекистан Республикасы Жоқарғы ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги Бас прокуратура, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АК, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте усы Пәрманда белгиленген ўазыйпаларды инабатқа алып, электр энергетикасында ҳәм газ тәмийнаты саласында, зәрүрлик туўылғанда, 2018/2019 оқыў жылында қабыллаў квоталарын көбейтиў ҳәм жаңа билимлендириў ҳәм қәнигелик бағдарларын енгизиўди нәзерде тута отырып, жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў кадрларын таярлаў туўралы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жас әўладта энергия ресурсларын үнемлеў көзқарасында болыў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириўге қаратылған комплексли илажлар көрсин.
  7. Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Бас прокуратура, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АК басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте усы Пәрманның мазмун-мәнисин, соның ишинде, төлемлерди өз ўақтында әмелге асырыўдың әҳмийетин, энергия ресурсларын тутыныў саласындағы ҳуқықбузарлықлар ушын көрилетуғын жуўапкершилик илажлары, энергияны үнемлейтуғын технологиялардан ҳәм альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыўдың абзаллықлары ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўин шөлкемлестирсин.
  8. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги Бас прокуратура, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:

Энергия ресурсларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын «Өзбекистан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын;

нызам ҳүжжетлерине  усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

 

   Өзбекистан Республикасы

              Президенти                         Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы, 2017-жыл 29-май

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди жеткерип бериў және тутыныў саласында төлем тәртибин буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, атқарыў жумысын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына

ТҮСИНИК

 

 

Елимиздиң жанылғы-энергетика комплексин модернизациялаў ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди  жеткерип бериў ҳәм тутыныў саласында шәртнама талапларына сөзсиз әмел етиўдиң тәсиршең механизмлерин жаратыў –  елимизде әмелге асырылып атырған, бәринен бурын, экономиканың барлық тармақларын, соның ишинде, исбилерменликти жедел раўажландырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў саласын кеңейтиўге қаратылған кең көлемли реформалардың әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады.

Соңғы жылларда электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди ислеп шығарыўдың көлемин арттырыў, халықтың ҳәм экономика тармақларының энергия ресурсларына болған талабын толық және үзликсиз тәмийинлеў, технологиялық жақтан ҳәм руўхый тозған инфраструктураларды модернизациялаў бойынша әмелий илажларды көриўге айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 23-ноябрьдеги қарары менен тастыйықланған 2017-2021-жыллар даўамында төмен күшлениўши электр тармақларын буннан былай да модернизациялаў ҳәм жаңалаў бағдарламасы шеңберинде 2,5 миллионнан аслам тутыныўшылардың энергия тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 34 мың километр электр тармақларын ҳәм 6,9 мың дана трансформаторларды модернизациялаў бойынша 835,9 миллион АҚШ доллары нырқындағы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, салада жүзеге келген жағдайдың ҳәм нызамлылық жағдайының талықланыўы өз шешимин күтип турған әҳмийетли машқалалар менен кемшиликлердиң барлығына қарамастан, жуўапкер ведомстволар тәрепинен оларды сапластырыў бойынша анық илажлар көрилмей атырғанлығын көрсетпекте.

Соның ишинде, «Өзбекэнерго» ҳәм «Өзтрансгаз» компанияларының жумысын шөлкемлестириўдеги қәте-кемшиликлер, сондай-ақ, төлем тәртибин беккемлеў, энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыўдың алдын алыў ҳәм дебитор қарыздарлықты азайтыўға байланыслы машқалалар энергия тәмийинаты саласын буннан былай да раўажландырыў бағдарында белгиленген мақсетлерди ҳәм ўазыйпаларды избе-излик пенен әмелге асырыўға тосқынлық етпекте.

Шәртнама миннетлемелерин орынламай атырған тутыныўшыларға тәсиршең илажлардың көрилмей атырғаны, есаплаўдың ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасын енгизиў жумысларының ақсап атырғаны дебитор қарыздарлықтың кескин артыўына, талам-таражлықлар ҳәм тутынылған энергия ресурслары ушын төлемлерден бас тартыў жағдайларына алып келмекте.

Мәселен, 2016-жылы электр ҳәм газ тармақларына өз басымшалық пенен жалғаныў, есаплаў әсбапларына зыян келтириў ҳәм олардың көрсеткишлерин өзгертиў сыяқлы ҳуқықбузарлықлар 2014-жылға салыстырғанда 48 процентке артқан.

Соған қарамастан, жуўапкер ведомстволар тәрепинен бундай жағдайларға тийисли қатнас жасалмаған.

Саланың инфраструктурасын техникалық жақтан, соның ишинде, алдынғы шет ел тәжирийбесинен ҳәм заманагөй мәлимлеме-телекоммуникация технологияларының имканиятларынан пайдалана отырып, жаңалаў бойынша қойылған ўазыйпалардың орынланбағаны технологиялық жоғалтыўлардың барған сайын артыўына, энергия ресурсларын жеткериўде системалы үзилислерге себеп болып, ақыбетинде экономика тармақларын жедел раўажландырыўға тосқынлық етпекте.

Электр ҳәм газ тәмийнаты кәрханалары тәрепинен тутыныўшыларға хызмет көрсетиў ҳәм төлемлерди әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратылмаған, заманагөй электрон төлем системалары жетерли дәрежеде енгизилмеген, хызмет көрсетиў мәденияты бүгинги күнниң талапларына жуўап бермейди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханаларына электр ҳәм газ тәмийнаты мәселелери бойынша келип түскен 43 мыңнан аслам шағымлар да буннан дәрек береди.

Буннан тысқары, Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Суд департаментиниң (кейинги орынларда Суд департаменти деп аталады) жумысын шөлкемлестириўде жүзеге келген әҳмийетли кемшиликлер пуқаралардың, жәмийеттиң ҳәм мәмлекеттиң мәплери қорғалыўына ҳәм электр энергиясы және тәбийғый газ ушын төлемлердиң өз ўақтында өндирилиўин тәмийинлеўге унамсыз тәсир көрсетпекте.

Соңғы жылларда бул системада жумыс көлеминиң сезилерли дәрежеде артқаны мәлимлеме-коммуникация технологияларын қәте-кемшиликлер енгизиўдеги төмен ис-ҳәрекетлер өндириўлердиң төменлеўине ҳәм атқарыў жумысын жүргизиўди тийкарсыз тоқтатыўға ҳәм тамамлаўға алып келмекте.

Суд ҳүжжетлериниң ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлериниң әмелдеги орынланыўы 2016-жылда тек ғана 45 процентке орынланғаны да соннан дәрек береди.

Соның менен бирге, көрсетип өтилген салаларда өз мәпине пайдаланыўшылық жағдайларына шек қойылмаған. Соның ақыбетинде 2016-жыл ҳәм 2017-жылдың биринши шерегинде «Өзбекэнерго» ҳәм «Өзтрансгаз» компаниялары системасындағы   665, Суд департаментиниң 36 хызметкери жынайый жуўапкершиликке тартылған.

Көрсетип өтилген машқалалар, қәте-кемшиликлер энергия ресурслары ушын төлемлерди өндириў және атқарыў жумысын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар көриўди талап етпекте.

Билдирилгенлерге тийкарланып ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық, Пәрманда электр ҳәм газ тәмийнаты саласында басқарыў системасын, қадағалаў ҳәм есаплаў механизмлерин буннан былай да жетилистириўге, төлем тәртибин беккемлеўге ҳәм жуўапкершиликти күшейтиўге, сондай-ақ, атқарыў жумысын жүргизиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған комплексли илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, усы Пәрман менен:

  1. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанында энергия ресурслары ушын төлемлердиң өз ўақтында ҳәм толық өндирилиўине, электр ҳәм газ бөлистириў тармақларына нызамсыз жалғаныў және талан-тараж етиў жағдайларын анықлаўға, сапластырыўға ҳәм оның алдын алыўға, сондай-ақ, суд ҳүжжетлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер болған Мәжбүрий орынлаў бюросы шөлкемлестирилди.

Энергия ресурсларын жеткерип бериў ҳәм тутыныў саласындағы ўазыйпаларды әмелге асырыўда Мәжбүрий атқарыў бюросына төмендеги ўәкилликлер берилди:

– энергия ресурсларының жеткерип берилиўин ҳәм тутыныўын есапқа алыўдың толықлығы ҳәм исенимлилиги олар ушын есап-санақлардың өз ўақтында әмелге асырылыўы бойынша  тексериўлер өткериў;

– жеткерип берилген энергия ресурслары ушын қарыздарлықты тутыныўшылардың-юридикалық шахслардың ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң банк есап бетлеринен сөзсиз өндириў;

– жеткерип берилген энергия ресурслары ушын ең кем айлық мийнет ҳақының еки есесинен көп болмаған муғдардағы қарыздарлықты тутыныўшылардың мийнет ҳақысынан услап қалыў ҳаққында жумыс бериўшилерге талапнамалар жибериў;

– энергия ресурсларын жеткерип бериў ҳәм пайдаланыў саласындағы қағыйдаларды бузғаны ушын юридикалық шахсларға белгиленген тәртипте қаржылай жәрийма қолланыў;

– есап-санақлар өз ўақтында әмелге асырылмаған жағдайларда, тутыныўшыларды, электр ҳәм газ тармақларынан үзиў;

– энергия ресурсларынан пайдаланыў саласындағы ҳуқықбузарлықлар ушын айыпкер шахсларды жуўапкершиликке тартыў.

  1. Суд департаменти сапластырылды, «Өзбекэнерго» ҳәм «Өзтрансгаз» компанияларының тутыныўшылар менен ислесиў бойынша электромонтёр ҳәм тәбийғый газды есапқа алыў ҳәм реализациялаў бойынша қадағалаўшы штат бирликлери қысқартылды.

Мәжбүрий атқарыў бюросының мәмлекетлик орынлаўшыларына – суд ҳүжжетлериниң ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлериниң орынланыўын, мәмлекетлик инспекторға болса – жеткерип берилген энергия ресурслары ушын төлемлерди өз ўақтында ҳәм толық өндириўди әмелге асырыў жүкленеди.

«Өзбекэнерго» ҳәм «Өзтрансгаз» компанияларында дүзилген шәртнамаларға тийкарланып тутыныўшыларды энергия ресурслары менен тәмийинлеў, электр ҳәм газ бөлистириў тармақларына техникалық хызмет көрсетиўдиң ўазыйпалары ҳәм фнукциялары сақланып қалмақта.

  1. Өз-ара есап-санақларды әмелге асырыў, сондай-ақ, энергия ресурслары ушын қарыздарлық бар болғанда тутыныўшыларды тармақтан үзиў тәртиби анықластырылды. Оған муўапық, 2017-жыл 1-июльден баслап тутыныўшы-физикалық шахслар ҳәр айдың 10-сәнесине шекем өткен айда пайдаланылған энергия ресурслары ушын толық есапласыўы шәрт.

Юридикалық шахсларға ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерге энергия ресурслары  алдын ала 100 процентлик ҳақы төлеў тийкарында жеткерип бериледи.

Төлемлер өз ўақтында әмелге асырылмағанда, тутыныўышылар тармақтан мәжбүрий үзиледи, онда қайта жалғаў ушын физикалық шахслардан ең кем айлық мийнет ҳақының еки есеси, юридикалық шахслардан ең кем айлық мийнет ҳақының он есеси муғдарында төлем өндириледи.

Буннан тысқары Пәрманда электр эенергиясынан ҳәм тәбийғый газден пайдаланыўды есаплаўдың ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасын және басқа да заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиўге қаратылған комплексли илажлар нәзерде тутылды.

Атап айтқанда, тутыныўшылар менен өз-ара есап-санақлардың жағдайы ҳаққындағы исенимли мағлыўматларды беретуғын ҳәм электрон төлем системалары менен интеграцияланған Турақ жай коммуналлық, электр ҳәм газ тәмийнаты хызметлерин көрсетиўдиң бирден-бир беллинг системасы шөлкемлестириледи.

Бул система тутыныўшыларға қарыздарлығы ҳаққындағы мағлыўматларды электрон тәризде алыў және төлемлерди әмелге асырыў имканиятын береди.

Соның менен бирге, қарыздарлықты өндириў мәселелери бойынша ведомстволараралық электрон бирге ислесиўдиң бирден-бир системасы да жаратылады. Бул система физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлклик жағдайы ҳаққындағы мағлыўматлар базасынан пайдаланған ҳалда қарыздарлықты өндириў нәтийжелилигин арттырады.

Пәрманның орынланыўы шеңберинде мәпдар министрликлер менен ведомстволар тәрепинен энергия ресурсларының тутыныўшылары хатлаўдан өткериледи. Онда кадастр ҳәм жойбар ҳүжжетлери, шәртнамалар, тармақларға жалғаныў схемалары, есаплаў әсбаплары ҳәм олардың жарамлылығы үйренилип, әмелий жәрдем көрсетиў және усы салада нызамлылықты тәмийинлеў илажлары көриледи.

Жәмийетте энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм есап-санақларды өз ўақтында әмелге асырыў орталығын және энергия ресурсларын талан-тараж етиў жағдайларына аяўсыз қатнасты қәлиплестириў, сондай-ақ, энергия ресурсларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Усы мүнәсибет пенен, Бас прокуратураға энергия ресурсларын жеткерип бериў, тутыныў ҳәм өз-ара есап-санақларды әмелге асырыў саласындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлиги принцпине қатаң әмел етилиўи үстинен қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў бойынша анық ўазыйпалар жүкленди.

Пәрманда белгиленген илажлардың нәтийжели әмелге асырылыўы – электр энергетика ҳәм газ тармақларын модернизациялаўға, тутыныўшыларды энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеўге, елимиздиң экономикасын, соның ишинде, исбилерменлик жумысын жедел раўажландырыўға, суд қарарлары орынланыўының нәтийжелилигин, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм абаданлығын арттырыўға және жәмийетте нызамлылықты беккемлеўге хызмет етеди.