Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2022-жыл 5-январьдан гезектеги қысқа мүддетли мийнет дем алысына шықты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәлим етти.
Еслетип өтиў орынлы, Шавкат Мирзиёев 2021-жылы да январь айында қысқа мүддетли дем алысқа шыққан еди. Сондай-ақ, Президентимиз 2019-жыл августта да қысқа мүддетли дем алысқа шыққан еди. Сол ўақытта Шавкат Мирзиёевтиң соңғы 17 жыллық хызмети даўамындағы биринши мийнет дем алысы екенлиги мәлим етилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.