Денсаўлықты  сақлаў министрлигиниң хабарына бола, Республикалық арнаўлы комиссияның гезектеги мәжилисинде мәмлекетимизде карантин талабларын қысқартыў арқалы халыққа мәдений ҳәм мәнаўий дем алысларын мазмунлы өткериў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселеси додаланды.

Республикалық арнаўлы  комиссияның мәжилисинде Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Дин ислери бойынша комитетиниң  2021-жыл 24-сентябрьден баслап жума намазы ҳәм басқа да намазларды мешитлердиң тек ашық сахналарында оқылыўына байланыслы шеклеўди бийкар етиў ҳаққындағы усынысы көрип шығылды және мақулланды.

 

Мафтуна КАРИМОВА, ӨзА