Илимде «жебе тәризли қурылыс» термини менен белгили болған Үстирттеги үлкен көлемдеги сырлы сүўретлер бүгинги күнге шекем илимпазлардың пикирталасларына себеп болып келмекте. Яғный, бул қурылыс не мақсетте пайдаланылған, қашан қурылған, көшпели халық оғада үлкен көлемдеги бул объектлерди қалайынша қурған ҳәм т.б.?

Илимпазлар топары бул қурылыслардың не мақсетте қурылғаны бойынша 2 вариантты алға сүреди: бириншиси, буны суў жыйнайтуғын арнаўлы орын болған десе, екинши топары массалық тәризде аң аўлаў қуралы деген пикирде.

 

СЫРЛЫ СҮЎРЕТЛЕР ҚАЛАЙЫНША БАЙҚАЛДЫ?

Бул объектлер ең биринши мәрте 1952-жылы Сергей Толстов басшылығындағы Хорезм археологиялық-этнографиялық экспедициясы тәрепинен анықланған. Үстирт чинклери шетлеринде көплеп ушырасатуғын, тас плиталардан үйилип, терең дөңгелек етип жасалған оғада айрықша өзине тән бул қурылысларды Толстов суў топлаў ушын емес, ал аң аўлаў мақсетинде қурылған деп илимий болжаў билдирген болса, усы пикир шеңберинде белгили марҳум археолог-илимпаз Вадим Ягодин үлкен илимий изертлеў жумысларын алып барды ҳәм узынлығы 600-900 м.,  ени 400-600 м., тереңлиги 3 метрге шекем қазылған Үстирттеги бул сырлы объектлердиң сайғақ, қулан, арқар, жәйран киби мыңлап топарласып жүретуғын дүз аңларын массалық түрде аўлаў ушын қурылған қурылыс – аран екенлигин дәлилледи.

Қоңыраттың мәдений естеликлерин изертлеген этнограф-илимпаз Хожахмет Есбергенов болса бул естеликлер ертеде көшпели қәўимлердиң суў топлаў ушын қурған қурылысы деген пикирди билдиреди. Илимпаздың пикиринше, ишимлик суўы там-тарыс болған Үстирттиң үстинде жамғыр ҳәм қар суўларын топлаў ушын көшпелилер усындай қурылыслар қурыўға мәжбүр болған.

Өткен әсирдиң 70-80 жылларында жебе тәризли қурылыслардың анықланыўы дүнья жүзинде көплеген илимпазлардың ҳәм ғалаба хабар қуралларының қызығыўшылығын оятты. Образға берилген айырым журналистлер ҳәм басқа да изертлеўшилер жебе тәризли бул белгилерди басқа планеталықлар тәрепинен қурылған деген фантастикалық болжамларды айтқан.

Өткер әсирдиң 70-жылларынан баслап ӨзАССР Илимлер Акдемиясы Қарақалпақстан бөлими тарийх, тил ҳәм әдебият институты тәрепинен қол тийилмеген Үстирт кеңликлериндеги археологиялық объектлер арнаўлы түрде изертлене баслайды.

Усы изертлеўлер бойынша алып барылған камерал жумыслар пайытында Үстирттиң Шығыс чинкинде, Дуўана тумсығы (Дуўана Нөкиске дерлик 500 км алыстағы Арал теңизиниң батыс жағалығы)нан 7 км арқада түсирилген аэрофотосъёмкаларда бирнеше онлаған километрге созылып атырған жебе тәризли объектлердиң үлкен топары (16 дана) барлығы анықланады.

Бундай сийрек гезлесетуғын табылма алдын ҳеш бир археологиялық әмелиятта ушыраспаған.

Бул белги жай көзге яки автомобильде өтип баратырған жолаўшыға байқалмайды. Себеби жүдә үлкен көлемдеги объектти адам бойындағы бәлентликтен көриўдиң имканы жоқ, сиз аяқ астыңызда тарийхы мыңлаған жылларға барып тақалатуғын әжайып естелик жатқанлығын билмей үстинен жүз мәрте өтип кетиўиңиз мүмкин.

Ҳәзирги күни Үстирттеги бул естеликлерди Интернет тармағындағы Google Earth программасы арқалы қәлеген адам биймәлел көре алады.

 

СЫРЛЫ СҮЎРЕТЛЕРДИҢ САНЫ ҚАНША?

Өткен әсирдиң 70-90 жыллары археолог В.Ягодин басшылығында алып барылған кең көлемли археологиялық изертлеўлер жуўмағы бойынша бундай жебе тәризли қурылыслар топары Үстирттиң барлық жеринде емес, ал белгили бир аймақларында гезлесетуғыны анықланды. В.Ягодин бул қурылысларды төмендегише территориялық топарларға бөледи:

  1. Арқа Үстирт топары (Дуўана-1 ҳәм Дуўана-2 киши топарларына бөлинеди);
  2. Айбүйир-Сарықамыс топары (бул топар Айбүйир ҳәм Бернияз-3, Қазған ҳәм Сарықамыс киши топарларына бөлинеди);
  3. Жарынқудық топары;
  4. Кендерлисор топары;
  5. Бейнеў топары.

Пүткил дүнья жүзи бойынша усындай тарийхый сырлы сүўретлерди изертлеўге қәнигелескен австралиялы илимпаз Алисон Беттс, қарақалпақстанлы археолог-илимпазлар Шамиль Амиров ҳәм марҳум В.Ягодинлардың «Paleorient» илимий басылымында жарық көрген мақаласында Өзбекистан ҳәм Қазақстан территориясындағы Үстирт кеңислигинде усындай объектлердиң 17 топарға бөлинген 126 данасы анықланғанлығы айтылады.

Жебе тәризли қурылыслар Түркменистан территориясында да гезлеседи.

Демек, Үстирттеги сырлы сүўретлердиң ақырғы санын анық айтыў қыйын. Себеби, биз 2017-жылдың сентябрь айында, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң басламасы менен шөлкемлестирилген медиатур алдынан, Аралға туристлерди апарып қайтыў менен шуғылланатуғын исбилермен Тазабай Өтеўлиев пенен бирге Google Earth программасы арқалы координацияларды белгилеў пайытында Дуўана тумсығына 20 кмдей қублада, 21-санлы радиорелейли станцияның арқа-шығысында чинкке қарай созылған, алдын илимге белгисиз 3 объекттиң бар екенлигин анықлаған едик. Әҳмийетлиси соннан ибарат, усы табылған объектлер ҳеш бир илимий дәреклерде белгиге алынбаған ҳәм бул жебе тәризли қурылыслар басқа объектлерге салыстырғанда көлеми әдеўир киши.

Илимпазлар ҳәм жеке қызығыўшылар Интернет тармағындағы усындай программалар арқалы яки арнаўлы ҳаўа транспорты ҳәм үскенелер (дрон) арқалы бундай объектлерден және де илимге белгисиз жаңаларын табыўы итималдан жырақ емес.

 

ЖЕБЕ ТӘРИЗЛИ ҚУРЫЛЫСЛАРДЫҢ ЖАСЫ НЕШЕДЕ?

В.Ягодин жебе тәризли қурылыслардың қурылыс ҳәм пайдаланыў дәўирин төмендегише дәўирлерге бөлип қарайды:

1) Б.э.ш. I мың жыллықтың екинши ярымы (б.э.ш. V-II әсирлер) – тегисликке жерлеў мәденияты дәўири. Бул дәўирге тийисли естеликлер Каспий әтирапы, Узбой, Үстирттиң барлық жери ҳәм Маңғыстаў бойлап тарқалған. Бул мәденият Үстирт ҳәм оған жақын аймақлар бойлап мал шарўашылығы менен айланысатуғын көшпели қәўимлерге тийисли. Көшпели қәўимлер бул жерлерди жайлаў ҳәм қыслаў етип пайдаланған. Бул дәўир, грек тарийхшысы Страбонның тили менен айтқанда, уллы тегислик ийелери болған массагетлер дәўири саналады.

2) Б.э. III-IV әсири – сармат-алан дәўири.

Дуўана тумсығындағы жебе тәризли қурылыслардың жасы усы еки дәўирге туўра келеди.

3) VII әсир баслары IX әсир – жетиасар-кердер дәўири. Бул дәўирге тийисли естеликлер Үстиртте кең тарқалған.

4) IX-XI әcирлер – оғузлар дәўири.

5) XII-XIV әсирлер – түркмен-қыпшақ дәўири.

IX-XI ҳәм XII-XIV әсирлердеги дәўирге тийкарынан Айбүйир-Сарықамыс, Кендерлисор топарындағы естеликлер киреди.

 

БУЛ ҚУРЫЛЫСЛАР НЕ МАҚСЕТТЕ ПАЙДАЛАНЫЛҒАН?

Үстирттеги жебе тәризли қурылыслардың не мақсетте пайдаланылғанлығы бойынша анық мағлыўматларды тарийхый жазба дәреклерден ғана билип алыў мүмкин. Себеби, бул қурылысты пайдаланып аң аўлаған адамлардың өзи 20-әсирде қалмаған еди.

В.Ягодин де илимий изленислеринде тийкарынан 1825-1826-жыллары Арал-Каспий аралығына шөлкемлестирилген Ф.Ф.Берг басшылығындағы рус илимий экспедициясы материалларына жүгинеди.

Усы экспедиция қурамы ағзалары В.Д.Вольховский ҳәм А.О.Дюгамел тәрепинен дүзилген топографиялық журналда мынандай қызықлы фактлер келитрилген: «Бул жерде (Үстиртте – Е.Қ.) әжайып дүз аңларынан қуланлар, тарпанлар (жайбайы атлар) ҳәм сайғақлар бар. Сайғақларды тас пенен қоршалған қораға айдап киргизип, ол жерде терең етип қазылған орға түсирип услайды».

Усы экспедиция қурамында болған илимпаз Эдуард Эверсман бираз қызықлы ҳәм қунлы мағлыўматларды жазып қалдырады: «Антилопалар менен сайғақларды услаў ушын Үстиртте қырғызлардың (Үстиртте жасаўшы қазақ ҳәм қарақалпақларды руслар сол ўақта қырғыз деп атаған – Е.Қ.) таслы дийўал менен қоршалған, узынлығы 300-400 адым, жергиликли жағдай бойынша кеңлеў ямаса тарлаў, бийиклиги 3-4 фут, кишкене саңлақлы орын бар; қасында секирип шығып кете алмайтуғын тас пенен қоршалған шуқыр ой бар. Аң аўлаға шыққан қырғыз әтираптағы 10-15 шақырым жерге кетеди ҳәм маралдың даўсын уқсатып салып, барлық сайғақларды ертип әкеледи. Усылайынша ол сайғақларды саңлақтан үлкен қораға киргизеди, соң басқа шуқырға өтип сес бериўди даўам етеди; ҳәрекет басланғалы үндемей жатырған басқа қырғыз болса саңлақтан сайғақлардың изинен киреди де қышқыра баслайды. Үркек дүз жәниўарлары күтилмеген сестен қорқып кетип, қутылыўды ойлап шуқырға қарай секиреди ҳәм сол жерде усланады».

Тарийхый мағлыўматлардан белгили, усы экспедиция әйне Дуўана тумсығына келген. Сол жылы қыстың қатты келиўи экспедицияның изге қайтыўына мәжбүр еткен. Үстирттиң ызғырған қәҳәрли суўығында экспедицияның көп ағзалары, 1500 ат-түйеси менен қырылып қалған.

Демек, жебе тәризли қурылыслар Үстиртте жасаўшы халықлар тәрепинен 19-әсирге шекем қолланылып келинген.

В.Ягодин өзиниң «Стреловидная планировка Устюрта» (Ташкент 1991) мийнетинде Үстиртте жасаўшы айырым ески көз қариялар ата-бабаларының усындай жол менен аң аўлағанлығы ҳаққында еске түсиргенин жазады. Информаторлардың айтыўынша, бул қурылыстың аты «аран» екен. Аранның дөңгелек шуқыры мүйешлерине үшкир етип жонылған қамыс қатырылған. Аранның әтирапында бирнеше арнаўлы шуқырлар болған. Бул шуқырларда аңшылар жасырынған. Аўға 30-40 атлы аңшылар қатнасқан. Жәниўарлар аранның ишине алданып кирип қалады ҳәм сол жерде усланады. Аң аўлаў гүзде өткерилген.

Илимпаздың пикиринше, «Аран» сөзи қарақалпақ миллетиниң Кенегес арысындағы араншы руўы менен байланыслы. Араншы Кенегеслер өз дәўиринде аңшы халық, яғный аран қурыў арқалы аң аўлаған болыўы мүмкин.

Бердақтың «Шежире» шығармасында болса:

Шөллерде гезер жәйраны,

Жәйранға қурған араны, деген қатарлар аранның аң аўлайтуғын қурал екенлигин және бир мәрте дәлиллейди. Ал, қарақалпақ дәстанларында «Арандай аўзын ашады», «Аўзы арандай ашылған» сыяқлы теңеўлер ушырасады.

Аран – ески түркий сөз болып, Махмуд Қашғарийдың «Девони луғат-ат түрк» шығармасында да бар, яғный, мал қора, ат қора мәнисин аңлатады.

17-әсирдиң белгили тарийхшысы Абулғазы хан «Түркменлер шежиреси» шығармасында түркменниң қара-ойлы ҳәм арсары қәўимлери арасындағы шәртлесиў ҳаққында қызықлы мағлыўматларды келтиреди: «Сол ўақта қара-ойлы гедейленди. Усы себепке бола олардың бәри Халилдиң басшылығында  арсары халқының белгили адамларына қарай бет алды ҳәм былай деди: “Биз сизлердиң хызметкериңиз болдық. Биз оғада аш болдық ҳәм азып-тоздық. Бизиң илтимасымыз мынандай: Егер сиз бизге қус ҳәм Үлкен Балханнан және Киши Балханнан егин егиў ушын жарамлы суў көзин берсеңиз, онда сизге ҳәр жылы қәлеген нәрсеңизди беремиз… Арсарының ең жақсы адамлары жыйналып, былай деди: “Бизиң бабамыз Арсары бий сатып алған Үлкен Балханда алты ағын суў көзи бар, лашынның 10 уясы, қаршығаның 18 уясы бар, aл Киши Балханда — лашынның 4 уясы, қаршығаның 6 уясы бар. Усы суў көзинен пайдаланып қанша дән алсаңыз да, жартысын бизге бересиз. Және аран қурыў ушын еки мың қамыс бересиз».

Аранды көшпели халықлардың аң аўлаў ушын қурғанлығы усы жазба дәреклер тастыйықлай түседи.

 

ТАРИЙХ ТИЛСИМИ ТУРИЗМ УШЫН ХЫЗМЕТ ЕТСИН

Үстирт узақ әсирлер даўамында сак-массагетлер, сарматлар ҳәм монғоллардың, ҳәтте олардан да әййемги халықлардың цивилизациялары түйискен мәканы саналады. Неше әсирлер бойы ушы-қыйырсыз кеңисликтен уллы көшлер өткен. Үстирттеги ески кәрўан жоллары Шығыс пенен Батысты тутастырыўшы транзит хызметин атқарған. Платодан өткен кәрўанлар Хорезмнен Төменги Волгабойы ҳәм Қубла-батыс Европа мәмлекетлерине ҳәм ол жақлардан товарлар тасыған. Сол арқалы мәдений, саўда-экономикалық байланыслар раўажланған.

Аранларда мың-мыңлап тутылған туяқлы дүз жәниўарларының гөши, териси, шақлары товар алмасыў хызметин атқарып, Уллы Үстирт үстинен өткен усы саўда жоллары арқалы Хийўа, Бухара, Самарқандқа, ҳәттеки Қытайға шекем жөнетилип турған.

2017-жылдың сентябрь айында Дуўана тумсығына шөлкемлестирилген медиатурдың тийкарғы мақсети – усы аранларды дрон үскенеси жәрдеминде видеосъёмкаға түсирип, туризмди раўажландырыў мақсетинде кең аудиторияға үгит-нәсиятлаў еди.

Үстиртте усындай әжайып естелик барын бүгинги күнде биреў билсе, биреў билмейди. Өткен әсирдиң 80-жыллары ғалаба хабар қуралларында бул ҳаққында кең сәўлелендирилген болса да, бүгинги күни жаңа әўлад қәлиплескен, оларға таныстырыў керек. Көпшилик жағдайда усындай әжайып илимий жаңалықлар илимпазлардың илимий мийнетлеринде қалып кетип атыр. Оннан тек аз шеңбердеги адам ғана хабар таўып қойып атыр. Ҳақыйқатын айтыў керек, илимий жаңалықлар илимий-көпшилик тилде жөнли үгит-нәсият етилмей атыр…

Ҳақыйқатында да, Перудағы Наска сүўретлерине мегзес, 2500 жыллық тарийхқа ийе бул сырлы сүўретлер кимди болса да шексиз тәсирлерге бөлейтуғыны анық.

Жақында ӨзИА Қарақалпақстан бөлими хызметкери, илимпаз Юсуп Камалов дельтаплан арқалы усы жебе тәризли объектлерге саяхат етиўди усыныс еткен еди. Қоллап-қуўатлаўға турарлық баслама. Қала берсе, Арал акваториясы, Үстирт платосы оғада таң қаларлық әжайыбатларға толып атыр. Мыңлаған жыллар алдынғы көшпели қәўимлер қалдырған из бенен саяхат етиў болса оннан да бетер заўықлы.

Платоның дерлик барлық жеринде әййемги маҳбара ҳәм қәбиристанларды ушыратыўға болады. Әсиресе Үстирт чинклерин жағалай жүрген жолаўшы ҳәр бир адымда төбешикке қойылған көшпелилер қәбиристанларына дус келеди. Оларда марҳумларға қойылған қулпытаслар, тасқа ойылған тамғалар елеге шекем жақсы сақланған.

Бул үлкени тарийхый қорықхана деп те айтыўға болады.
Үстирттиң ең итибарлы орынлары – оның археологиялық естеликлери. Үстирт үстинде ҳәзирги күнде де Пулжай, Белеўли, Алан, Дәўкескен ҳәм т.б. сыяқлы әййемги ҳәм орта әсирлерге тийисли кәрўан сарайлары, қала-қорғанларлар сақланып қалған.  Адамзаттың аяғы жетиўи бираз мүшкил болғанлықтан бул естеликлердиң көпшилиги еле жетерлише изертленбеген.

Әжайып естеликлери менен тарийх сырларын ишине бүгип жатырған Дуўана аймағы туристлик саяхатты раўажландырыўға оғада қолайлы жер. Бул аймаққа бир барып қайтқан адам Марс планетасына барып қайтқандай тәсирге түседи. Демек, Үстиртке, Арал теңизи аймағына туристлик маршрутларды тартыў, туристлик инфраструктураны раўажландырыў шешимин күтип турған әҳмийетли мәселе саналады.

Жоқарыда айтып өткен Перудағы Наска сүўретлери ЮНЕСКОның мәдений мийраслары объектине киргизилген ҳәм бул естеликти тамашалаўға ҳәр жылы мыңлап туристлер ағылады. Үстирт аранларының бул естеликлерден кем жери жоқ. Биз де усы бағдардағы жумысларды жеделлестирсек нур үстине нур болар еди.

 

 

Есимқан Қанаатов

Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры