Инсульт инсан өмирине қәўип туўдыратуғын кеселликлер арасында үшинши орында турады. Сол себепли де бул кеселликтиң алдын алыў илажлары ҳаққында көбирек мағлыўматқа ийе болыў оғада пайдалы. Инсульт өзи не? Қандай түрлери бар? Оның алдын алыў илажлары бар ма? Усындай сораўларға медицина илимлериниң докторы, профессор Бахтиёр Ғофуров жуўап берди, деп хабар бермекте Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң баспасөз хызмети.
– Инсульт қандай кеселлик ҳәм оның қандай түрлери бар?
– Инсульт – бас мийде қан айланысының күшли бузылыўы нәтийжесинде мий клеткасының жарақатланыўы болып есапланады. Ол инсанның мийнетке жарамлылығын төменлетиўши, өмирдиң сапасын түсирип жиберетуғын, узақ мүддет емлениўге себеп болатуғын кеселлик есапланады. – Инсульттың еки геморрагиялық ҳәм ишемиялық түрлери бар. Геморрагиялық инсульт – мий клеткасына, тор асты бослығына ямаса мий қарыншаларына қан куйылыўы менен ҳәрекетленетуғын мийдеги қан айланысының күшли бузылыўы болып есапланады. Геморрагиялық инсультта барлық белгилер ишемиялық инсультағыға қарағанда бираз айқын көринетуғын болады. Буннан тысқары, инсульттың бул түринде наўқас қусады, жүзи қызарады, уйқышыл болып қалады, желке булшық етлеринде спазм жүз береди ҳәм көздиң тор пердесине қан қуйылады. Геморрагиялық инсульт тосыннан басланып, оғада тез раўажланады. Ишемиялық инсультта бас мийди азықлық пенен тәмийинлейтуғын тийкарғы қан-тамырлар тромбозға ушырайды, яғный жасырынып қалады ямаса майда тамыр тармақларында спазм раўажланады.
Мий қан айланысының бузылыў нуқсанлары инсанда бир неше ай, ҳәттеки, жыллар даўамында пайда болады. Олар инсульт белгилерине уқсайды, бирақ бир неше минутта, шенде-шен жағдайларда бир неше саат даўамында даўам етиўи менен парықланады. Көбинесе бул белгилер тез өтип кетеди ҳәм мийдиң жумысы тикленеди.
Бирақ бундай тиклениўлерге исенбеў керек, ишемиялық кеселлик жыллар даўамында жуқпалы түрде мий клеткаларын жемирип барады. Ишемиялық инсульт геморрагиялық инсультқа салыстырғанда 5 есе көп ушырасады.
– Инсультқа алып келиўши факторлар қайсылар?
– Инсультқа алып келиўши факторлардың дерлик ҳәммесиниң алдын алыў мүмкин. Олар: қанда холестерин муғдарының артып кетиўи, ишиў ҳәм шегиў, гиподинамия, яғный кем ҳәрекетлениў, руўхый жалығыўлар, атеросклероз, артериал гипертония, қантлы диабет, жүрек аритмиясы сыяқлылар болып есапланады. Инсультқа алып келиўши ең қәўипли факторлардан бири – бул, артериал гипертония, яғный қан басымының артып кетиўи болып есапланады. 70 процент жағдайда инсульттың себепшиси артериал гипертония болады. Сондай-ақ, атеросклероз да инсультқа себеп болыўшы факторлардан бири болып есапланады.
Жас үлкейген сайын атеросклероз кеселлиги көп ушыраса баслайды. Соның ушын да тийкарынан үлкен жастағылар инсульт пенен кеселленеди. Шегиў инсульттың раўажланыўын дерлик 2 есеге арттырады. Бул иллет қанның жибиўин күшейтип, тромблардың пайда болыўын жеделлестиреди ҳәм тамырдың ишки дийўалын зыянландырады, тамыр тарайып, онда қан айланысын төменлетип барады.
Турақлы тәризде шегиў, ҳәттеки, ири қан тамырларын да зыянландыратуғыны қәнигелер тәрепинен тастыйықланған. Буннан тысқары, спиртли ишимликлерден пайдаланыў да инсульттың раўажланыў қәўпин бир неше есеге арттыратуғыны дәлийленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги