Жаз мәўсиминиң басланыўы менен балалар жазғы дем алысқа шығады. Быйылғы жылы балаларымыздың жазғы дем алысын мазмунлы өткериў мақсетинде исленип атырған жумыслар ҳаққында Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңесиниң мәдений-ағартыўшылық  ҳәм спорт ислери бойынша  бөлиминиң меңгериўшиси Гүлмурат Тлепов пенен сәўбетлескенимизде төмендегише жуўап берди.

– Республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшыларының 7 жастан 14 жасқа шекемгилери  276 мың 180 баланы қурап, соннан 23590 баланы (8,5 проценти) республикамыз аймағындағы дем алыў орайларында  саўалландырыў режелестирилген.

Быйылғы жылы республикамыз аймағында 11 стационар түрдеги балалар дем алыў орайларында 6840, соннан, кәсиплик аўқамлары қаржылары  есабынан  6 орайда 5000 және жергиликли ҳәкимликлер, хожалық уйымлары ҳәм қәўендерлер есабынан 5 оқыў мәкемелери жанында шөлкемлестирилетуғын орайда 1840 баланың жазғы дем алысын кеўилли өткериў нәзерде тутылған.

Жаз мәўсиминиң 1-гезеги усы жыл  3-июнь сәнесинен  басланып, Мойнақ районындағы “Ақ кеме” дем алыў орайында 250, Елликқала районындағы “Арал балалары” дем алыў орайында 240, Төрткүл районындағы “Лочин” дем алыў орайында 160, Тақыятас районындағы “Айдын жол” дем алыў орайында 125, Нөкис қаласындағы “Жас аўлад” дем алыў орайында 90, “Арал” дем алыў орайында 90, Беруний педагогикалық колледжи жанындағы “Рахат” орайында 80, Әмиўдарья  районы Маңғыт инженерлик колледжи жанындағы “Қалдирғоч” орайында 80,  Қаӊлыкөл педагогикалық колледжи жанындағы “Сунқар” орайында 80, Елликқала қәнигелестирилген музыка мектеби жанындағы “Гулшан” орайында  80,  Қоӊырат районындағы  2-санлы кәсип-өнер мектеби жанындағы “Жайҳун-2” орайында 85 бала мазмунлы дем алыўға еристи.  Ҳәзирги күнде 1360 бала дем алмақта.

– Кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардың перзентлериниң   дем алыўын шөлкемлестириў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– Ҳәр жылы республикамыздан Ташкент, Жиззақ, Қашқадәрья ҳәм Ташкент  ўәлаятларындағы дем алыў орайларында кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардың  3000 перзенти жазғы дем алыс ўақытларын өткерип келмекте.

Быйылғы жылы карантин шеклеўлерине байланыслы, жоқарыда атап өтилген категориядағы 3000 баланың республикамыз аймақларындағы ең жақсы дем алыў орайларында бийпул дем алыўы белгиленген.

Бүгинги күнде, 6 дем алыў орайында кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысын жоғалткан шаңарақларыдың 570 баласы  жазғы дем алысын кеўилли өткермекте.

Барлық қала ҳәм районлардағы улыўма  билим бериў мектеплери, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери, балалар музыка мектеплери, «Бәркамал әўлад» ҳәм «Жаслар орай»ларында шөлкемлестирилген жәми 69 мәденият ҳәм спорт саўалландырыў майданшаларында 1-гезекте 3350 бала ҳәр түрли дөгереклерге қамтып алынды.

Сондай-ақ, 11 стационар түрдеги балалар дем алыў орайлары ҳәм 69 мәденият ҳәм спорт саўалландырыў майданшаларында жәми 23590 баланың жазғы дем алысын мазмунлы өткериў режелестирилген.

– Балалардың кеўилли дем алыўы ушын қандай илажлар өткерилмекте?

Балалардың жазғы дем алысын талап дәрежесинде шөлкемлестириў мақсетинде ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңеси тәрепинен балалар дем алыў орайлары хызметкерлери ушын онлайн-семинар өткерилмекте.

Соның менен бирге,  дем алыў орайларында балалардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде жумыс алып баратуғын тәжирийбели педагоглар, тәрбияшылар, жетекшилер, музыка басшылары, китапханашылар, спорт тренерлери ҳәм дөгерек басшыларының қатнасыўында семинарлар өткерилмекте.

Жаз мәўсиминде дем алыў орайларында балалардың мазмунлы дем алыўы ушын стационар дем алыў орайларында 12 күнге мөлшерленген мәдений илажлар, балалардың  қызығыўшылықлары ҳәм қәбилетлери бойынша ҳәр қыйлы дөгереклер, балалар студиялары, шеберлик сабақлары ҳәм олимпиадалар, викторина ойынлары, билимлер беллесиўлери, техникалық, көркем дөретиўшилик ҳәм үлкетаныў ҳәм экология бағдарында дөгереклер, көргизбелер шөлкемлестирилген.

Сондай-ақ, елимизге белгили илим ҳәм көркем өнер ғайраткерлери менен ушырасыўлар, сәўбетлесиўлер ҳәм “Кәсиплик аўқамлары- балаларға” атамасында  акция шенберинде түрли илажлар өткерилмекте.

Барлық дем алыў орайларында балалардың саламат дем алыўын шөлкемлестириў мақсетинде медицина пунктлери шөлкемлестирилген. Олар медициналық жәрдем көрсетиў ушын зәрүр болған дәри-дәрмақлар, медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген. Балалардыӊ саламатлығын бақлап барыў ушын денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм санитария – эпидемиологиялық  тынышлық орайы  орайларда жәмәәт тәртибин сақлаў, қала ҳәм районлардан дем алыўға баратуғын балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ишки ислер министрлиги ҳәм бир қатар министрликлер менен бирге ислесиў жумыслары жолға қойылған.

Бизлер балаларға итибар қаратыўымыз арқалы, келешекке де итибар берген боламыз.

 

Сәўбетлескен: Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы