Пуқаралық ҳаққындағы нызамға өзгерислер киргизилди. Тийисли ҳүжжетке Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қол қойды.
Оған муўапық:
- республикамызда турақлы жасаў орнында 2005-жыл 1-январьға шекем дизимнен өткен ямаса соңғы 15 жыл даўамында елимизде турақлы жасаған пуқаралығы болмаған шахсларды Өзбекстан пуқаралығына қабыл етиў механизмлери енгизилмекте;
- Өзбекстан пуқарасы деп тән алыў ушын зәрүр ҳүжжетлер жоқ болған жағдайда, бул фактлерди анықлаў суд арқалы әмелге асырылыўын нәзерде тутыўшы тәртип белгиленбекте;
- ата-анасынан бири Өзбекстан пуқарасы деп тән алынған бала Өзбекстан пуқарасы деп тән алыныўы бойынша тәртип белгиленбекте;
- Өзбекстан аймағында туўылған пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан пуқаралығын алыў мақсетинде арза бериў ушын 5 жыл даўамында (пуқаралығы болмаған шахстың гүўалығын алғанынан кейин) мәжбүрий жасаў шәрти бийкар етилмекте ҳәм басқалар.
Ҳүжжеттиң қабыл етилиўи нәтийжесинде Өзбекстанға 2005-жыл 1-январьдан бурын келген 20,5 мың адам, сондай-ақ, ҳәр жылы Өзбекстан аймағында соңғы 15 жыл ишинде турақлы жасаған 1,5 мыңға шамалас адам пуқара сыпатында тән алыныўы күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги