Коронавирустың мутацияға ушыраўы оның симптомлары өзгериўине алып келди. Лондон Патшалық колледжи илимпазларының айтыўынша, ҳәзирги ўақытта COVID-19дың ең көп тарқалған симптомлары – бас аўырыўы, тумаў ҳәм тамақ аўырыўы.

Уллы Британия денсаўлықты сақлаў миллий хызмети температура, тынымсыз жөтел, ийис ҳәм дәм билиўдиң жойтылыўын еле тийкарғы симптомлар деп есаплайды.

Генетикалық эпидемиология профессоры Тим Спектордың анықлық киргизиўинше, коронавирустың «ҳиндше штаммы» енди әпиўайы самаллаўды еслетеди. Бундай симптомы бар адамлар COVID-19 тестин тапсырыўы усыныс етилмекте. Сонда кеселлик тарқалыўының алды алынады.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми болса температура, қурғақ жөтел ҳәм ҳәлсизликти COVID-19дың тийкарғы симптомлары сыпатында сыпатланған.

Жонс Хопкинс университетиниң мағлыўматына бола, коронавирус пандемиясы дәўиринде дүнья жүзинде 175,2 миллион адам кеселленди, ковид қурбанларының саны 3,7 миллионнан артты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги