Саудия Арабстаны ҳүкимети коронавирус пандемиясы себепли быйыл Мәккеге зыярат етиўшилердиң санын 60 мыңға қысқартыўға қарар етти.
Ҳажды тек ғана патшалық мусылманлары орынлаўы мүмкин, оларға COVID-19 ға қарсы вакцина алыў талабы қойылған.
Бул қарар Саудия Арабстанының Ҳаж ҳәм Умра ислери министрлиги тәрепинен жәрияланған. Онда айтылыўынша, зыяратшылардың қәўипсизлиги ҳәм денсаўлығына бәрқулла үлкен әҳмийет бериледи.
Хабарға бола, ҳажға баратуғынлар 18 жастан 65 жасқа шекем ҳәм жуқпалы кеселликлерден жырақ болыўы керек.
Саудия Арабстанында 460 мыңнан аслам адам коронавирусқа шалынған, 7,5 мыңнан аслам адам қайтыс болған. Еслетип өтемиз, 2020-жылы да патшалық администраторлары сырт елли зыяратшылардың Ҳажға барыўына руқсат бермеген еди.
ӨзА