Соӊғы жыллары республикамызда спорттыӊ қылышласыў түри жасларымыз арасында кеӊнен ен жайып, бир қатар спортшыларымыз Өзбекстан ҳәм халықаралық көлемде өткерилетуғын жарысларда жеӊимпаз атанып халқымызды қуўанышқа бөлеп келмекте. Усындай спортшыларымыздыӊ бири, Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби спорттың қылышласыў түри бойынша тәрбияланыўшысы Зайнаб Дайыбекова болып табылады.
2002-жылдыӊ 19-ноябрь күни Нөкис қаласында Казбек Матчанов ҳәм Бийбихатша Досекееваныӊ шаӊарағында туўылған Зайнаб 13 жасынан баслап Дәўирбек Жийемуратовтыӊ қол астында спорттыӊ қылышласыў түри менен шуғылланыўлар алып барады.
2017-2020-жыллар аралығында Нөкис қәнигелестирилген Олимпиада резервлери мектеп-интернатында оқып, усы дәргайда тәлим алған ол бир қатар жарысларға қатнасып сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды.
Атап айтқанда, 2018-жылдыӊ 24-февраль-4-март күнлери Бирлескен Араб әмирликлериниӊ Дубай қаласында болып өткен Азия чемпионатында III-орын,
сол жылы Тайланд мәмлекетиниӊ Бангкок қаласында өткерилген Азия-2018 ашық турниринде II-орын, 17-18-ноябрь күнлери Ташкент қаласында болып өткен Жәҳән кубогинде сайланды команда қурамында III –орын, 2019-жылы 15-17-февраль күнлери Ташкентте өткерилген Орайлық Азия чемпионатында I-орын, 26-8-март күнлери Иордания мәмлекетинде өткерилген Азия чемпионатында III-орын, 2019- жылдыӊ 16-17-ноябрь күнлери Ташкентте өткерилген Жәҳән кубогинде жеке өзи I, командалық беллесиўлерде III-орынларды ийелеп, пүткил Қарақалпақстанныӊ мақтанышына айланды, десек асыра силтеген болмаймыз.
2020-жылы Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалына имтихансыз оқыўға қабылланған Зайнаб Дайыбекова студент болғаннан соӊ да арқайынлыққа берилместен, бир қатар халықаралық жарысларға белсене қатнасып, елимиз байрағыныӊ көклерде желбиреўине себепши болады.
Атап айтатуғын болсақ, Зайнаб 2020-жылдыӊ 15-17-февраль күнлери Алжирде өткерилген Жәҳән кубогинде II-орынды, 2021-жылы Болгария пайтахты София қаласында болып өткен халықаралық турнирде III-орынды ийелеген болса, усы жылдыӊ 25-26-апрель күнлери Азия-Океания мәмлекетлери арасында өткерилген чемпионатта өзиниӊ ҳәр тәреплеме күшли спортшы екенлигин дәлийллеп, Японияныӊ Токио қаласында болып өтетуғын ХХХII жазғы Олимпиада ойынларына жолламаны қолға киргизди.
Ҳәзирги күнлери Зайнаб Дайыбекова өз устазлары менен Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында усы Олимпиада ойынларында жеӊип шығыў ушын қызғын таярлықлар көрмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги