Ҳәммемиз ушын оғада ҳүрметли, әзиз Шавкат Миромонович!

Бизлер үш күннен берли тилде ямаса қағазда сүўретлеп болмайтуғын тәсирлердиң қушағында жасап атырмыз. Мәмлекетимиз пайтахты – Душанбеде болып өткен «Дослық ақшамы»нда Сиз ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти, Миллет басшысы, ҳүрметли Эмомали Раҳмонның еки халықтың дослығын және де беккемлеў бағдарында шын кеўилден айтқан сөзлериңиз тәжик досларымызға да, биз – Тәжикстанда жасап атырған мыңлаған өзбеклерге де оғада жоқары бир кейпият бағышлады. Тәжикстан Республикасы Президенти Сизге мәмлекеттиң ең жоқары сыйлығы – «Зарринтож» орденин тапсырып, Сиз – еки данышпан, еки дос, еки мәмлекет халықларының мәпи, бахыт-ығбалы ушын барлық қыйыншылықларды жеңип шыққан басшылардың дослығы, қәдирданлығына дүньяның бар мәмлекетлериндеги президентлер, бас министрлер, улыўма етип айтқанда, барлық жолбасшылар ҳәўес ететуғыны бойынша ойладық.

Ески Хоженд жақынындағы ғәрезсиз Тәжикстанның турмысында түпкиликли бурылыс жасаған тарийхый «Арбоб» сарайындағы биз – зиялылар ҳәм белсендилер менен сәўбетлескен ўақтындағы сөзлериңиз болса, тек ғана бул ушырасыў қатнасыўшыларын емес, ал оны телеэкранлар арқалы тамашалаған миллионлаған инсанлардың кейпиятын көкке көтерди. Бизлер ким менен сәўбетлеспейик, тема тек биреў – Сиз ҳәм Эмомали Раҳмонның Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықлар дослығын және де беккемлеў, жақсы қоңсышылық қатнасықларын жоқары шыңға көтериў жолында ислеп атырған шексиз ҳәрекетлериңиз ҳаққында болды. Екеўиңизге узақ өмир тилеп пәтияға қол ашқан ата ҳәм апалардан баслап жас жигит-қызларға шекем кеўил-кеширмелерин жасырмай, жақсы сөзлер тәсириндеги толқынланыўларын баса алмай, ҳәттеки, айырымларының көзлеринде қуўаныш көз жаслары қалқып, бул уллы инсанды бахтымызға Жаратқанның өзи жиберди, деп айтатуғын еди.

Сизиң үлкен сиясий ерк-ықрарыңыз, басламаңыз, оны Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның қоллап-қуўатлаўы, халықтың тили менен айтқанда, шын мәнисинде қолды қолға берип ислеўиңиз нәтийжесинде арадан суўықлық көтерилди, темир дәрўазалар ашылды. Ҳәр еки мәмлекеттиң халқына ҳеш қандай визасыз барыў-келиў имканияты жаратылды. Узақ жыллардан кейин самолётлар Душанбедан Ташкентке, Ташкенттен Душанбеге пәрўаз ете баслады. Қалалараралық автобуслардың қатнаўы жолға қойылды. Статистикалық мағлыўматларға сүйенилсе, пандемияға шекем Тәжикстанға ең көп мийман Өзбекстаннан келген. Туўысқанлар қәлеген ўақытларында бир-бирлериниң дийдарларына тойыў имканиятына ийе болды.

Алыстағы туўысқаныңнан жақындағы қоңсын жақсы, деген сөзлер бар. Өзбекстанның Тәжикстан ушын қаншелли жақын екени, әсиресе, пандемия ўақтында билинди. Биринши болып бизлерге жәрдем Өзбекстаннан жетип келди. Дәслеп дәри-дәрмақ, медициналық үскенелер, изинен көшпели госпиталь, «Қыстаўлы жәрдем» машиналары, ең тәжирийбели вирусолог шыпакерлер… Есап-санақларға қарағанда, пандемия ўақтында Өзбекстанның Тәжикстанға көрсеткен жәрдеми, ҳәттеки, Қытай сыяқлы дүньяның ири мәмлекетиниң жәрдемине қарағанда бир неше есеге көп екен!

Соның менен бирге Сардобада тәбийғый апатшылық жүз бергенде Тәжикстан ҳүкимети жәрдем қолын созды.

Бул – ҳақыйқый дос, туўысқан еки халықтың жақсы әмеллери еди.

Өзбекстанда тәжиклер де жасағанындай, Тәжикстанда да әзелден өзбеклер жасап келеди. Совет Аўқамының Қаҳарманлары Тўйчи Эрйигитов, Ўринбек Ёқубов, еки мәрте Социалистлик Мийнет Қаҳарманы Абдуғафур Саматов, Социалистлик Мийнет Қаҳарманлары Асқарали Мирзаев, Имомназар Ҳўжаназаров, белгили балерина, СССР Халық артисти Малика Собирова, шайыр Тәжикстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Ўлмас Жамол, мәмлекетлик ғайраткерлер Бегали Аҳмадалиев, Жўра Шокиров, тарийх илимлериниң докторы Абдуҳамид Гадоев, наўайытаныўшы илимпазлар, филология илимлериниң докторлары, профессорлар Эргашали Шодиев, Абдусалом Абдуқодиров, философия илимлериниң докторы, профессор Ҳомид Пўлатов сыяқлы өзбеклер өз мийнетлери менен Тәжикстанды улығлады, Тәжикстан болса, оларды улығлады.

Ҳәзир де ўәлаятымызда өзбек халқының даңқын көтерип атырған илимпазлар, жазыўшылар, шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери, исбилерменлер, басшылар көп.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизиң Тәжикстанға бул ретки сапар етиўиңизден кейин  еки мәмлекет, еки халықтың мәпи гөзленген отыздан аслам шәртнамаға қол қойылғанын еситкен тәжикстанлылар әйне дослық себепли өмирлериниң және де жақсыланыўынан шексиз қуўанбақта. Соның ишинде, Зарафшан дәрьясында еки ГЭСтиң қурылысы тек ғана турақ жайларды абат етпестен, ал кеўиллерге де қуўаныш бағышлайды. Жаңа санаат кәрханалары қурылады ҳәм мыңлаған адамлар турақлы жумыс пенен тәмийинленеди. Тап сондай «Uz Avto Motors» пенен биргеликте қурылатуғын автомобиль заводы да жүзлеген шаңарақларға ырысқы-несийбе алып келеди.

Өндиристе болғанындай, илимий ҳәм мәдений тараўлардағы бирге ислесиўлердиң күшейтилиўи бизлерди және де қуўантты. Әсиресе, соңғы үш жылда бизлер өзбекстанлы илимпазлар менен тығыз бирге ислесиўлер орнаттық. Бир ғана академик Бобожон Ғафуров атындағы Хоженд мәмлекетлик университети Өзбекстандағы жигирма жоқары оқыў орны менен бирге ислеспекте. Бул университеттиң өзбек филологиясы факультетиниң илимпазлары Ташкент, Бухара, Ферғанада болып өткен халықаралық онлайн илимий-әдебий конференцияларда өзлериниң илимий баянатлары менен қатнасты.

Өзбекстанда Тәжикстан, Тәжикстанда Өзбекстан мәденияты күнлериниң өткерилиўи ғәрезсизлик жылларында бул тараў хызметкерлери ерискен жетискенликлер менен таныстырыў ушын әҳмийетли имканият жаратты. Ташкентте Тәжикстан Қаҳарманы, Тәжикстан халық шайыры Мирзо Турсунзадаға бағышланған илажлар болып өтти. Ташкенттеги жаңа метро бәндиргилеринен бири бул уллы тәжик шайырының атына қойылды. Душанбеде болса, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры Эркин Ваҳидовқа бағышланған бир-биринен мазмунлы илажлар өткерилди.

Узақ тәнепистен кейин өзбек дөретиўшилериниң шығармалары тәжик тилине, тәжик дөретиўшилериниң шығармалары өзбек тилине аўдарылып, басып шығарылмақта. Әдебий көпирлер қайта тикленбекте.

Театр ҳәм кино тараўындағы бирге ислесиўлер де барған сайын күшеймекте. Оғада үлкен тәнепистен кейин Ташкенттеги Муқимий атындағы музыкалы драма ҳәм комедия театрының дөретиўшилик топары Хожендке барып спектакль ҳәм концерт көрсетти. Хожендли театр ықласбентлери Намангандағы Әлийшер Наўайы атындағы театр көркем өнер ғайраткерлерин де жыллы күтип алды. Өз гезегинде Тәжикстандағы Шукур Бурҳонов атындағы өзбек театры бес күн даўамында Наманган ўәлаятында дөретиўшилик сапарда болды.

Жақында ғана Душанбеде өзбек кино күнлери болып өтти. «Илҳақ» фильми Тәжикстан телеканалларында да көрсетилди. Мине, усы жерде өзбек киносында Надирабегим, Майсара сыяқлы онлаған образлар жаратқан Тәжикстан халық артисти Сайрам Исаеваға өзбек киносындағы бийбаҳа хызметлери ушын Өзбекстанның «Алтын хумо» сыйлығы берилгенин еслеў орынлы.

«Арбоб» сарайында шығып сөйлеген сөзиңизде өзбек ҳәм тәжик халықларының ески дослығын сөз ететуғын, мавлана Абдураҳмон Жомий ҳәм ҳәзирети Әлийшер Наўайының жүз жыллар даўамында тиллерден түспей киятырған уллы дослығы ҳаққында көркем фильм жаратыў зәрүр екенлиги ҳаққындағы баҳалы идеяңызды биз, Суғд ўәлаятындағы зыялылар оғада үлкен қуўаныш пенен күтип алды. Әлбетте, бул уллы дослық жаслар ушын ибрат үлгиси болады. Ҳәм дөретилетуғын көркем фильм өзбек ҳәм тәжик дослығына шеттен турып тас атып атырған айырым қара нийет инсанлардың нийетин және бир мәрте жоққа шығарады.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович! Сизиң сырт мәмлекетлерде жасап атырған өзбек дөретиўшилерине ғамқорлық бағдарындағы жаңа басламаңыз Тәжикстандағы жазыўшы ҳәм шайырлардың илҳамына илҳам қосты. Тәжикстанда, соның ишинде, ўәлаятымызда жасап, дөретиўшилик етип атырған өзбек дөретиўшилери өз шығармаларын үлкен өзбек әдебиятына үлес болып қосылыўы ушын мудамы умтылған. Енди болса, Сиз, әзиз Шавкат Миромонович, бул умтылысқа айдын жол аштыңыз!

Жүзи, жүрис-турысы, үрп-әдети, той-мерекеси бир-бирине уқсас, арзыў-нийетлери бир болған туўысқан, қаны бир халықтың бахтына Сиз ҳәм ҳүрметли Эмомали Раҳмон баслап атырған ҳәр бир ийгиликли истиң әмелге асыўына Жаратқанның өзи мәдет болсын!

 

Жўрабек Набиев,

Тәжикстан халық артисти,

Абдували Бердиалиев, Қамариддин Тўхлиев,

академик Бобожон Ғафуров атындағы Хоженд Мәмлекетлик

университетиниң профессорлары,

Мунаввара Ойматова,

усы университет өзбек филологиясы факультети деканының орынбасары, доцент,

Тәжикстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр ҳәм жазыўшы

Феруза Қаюмова,

филология илимлериниң кандидаты, академик Бобожон Ғафуров

атындағы Хоженд мәмлекетлик университети гуманитар пәнлер кафедрасының баслығы, шайыр, дилмаш,

Абдуворис Мингбоев,

усы университеттиң доценти, психология илимлериниң кандидаты,

Фарҳод Жўраев,

Суғд ўәлаяты өзбеклер жәмийетиниң баслығы, «Суғд ҳақиқати»

ўәлаятлық газетасының бас редакторы

Тўрақул Ризоқулов, Тәжикстан ҳуқық, бизнес ҳәм сиясат

университети ректорының орынбасары, профессор,

Хайрулло Абдуқодиров,

экономика илимлериниң докторы,

Ўринбой УСМОН,

жазыўшы, драматург ҳәм дилмаш, Тәжикстан Жазыўшылар

аўқамының ағзасы

Аслиддин Пўлатов,

Хоженд мәмлекетлик университетиниң профессоры,

сиясаттаныў илимлериниң докторы

ӨзА