Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы өткерилди.
Баспасөз конференциясында басқарма баслығының орынбасары Ә.Еренов, юридикалық бюросының баслығы Т.Ғайпов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Қарақалпақстан Республикасында Жәҳән банкиниң қатнасыўындағы «Көшпес мүлк ҳәм кадастр системасын дизимге алыў системасын модернизациялаў» жойбары шеңберинде ислеп шығылған мәлимлеме системасы арқалы аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданларын және көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша усы жылдың бес айы даўамында әмелге асырылған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, буннан былай фермер хожалығы пайдаланыўындағы жер майданлары ҳаққындағы мағлыўматлар бирден-бир платформада жыйналады. Егислик жер майданларының улыўма көлеми, жер түрлери ҳәм пайдаланыў мақсети, ҳуқықый статусы ҳәм басқа да мағлыўматлар координаталар тийкарында электрон карталарда сәўлеленеди.
Жер майданы ҳаққындағы мағлыўматлар системаға киргизилгеннен кейин усы жер майданы фермер хожалығының атына мәмлекетлик дизимнен өткериледи ҳәм системада арнаўлы QR кодлы Мәмлекетлик реестрден көширме бериледи.
Республикамызда жәми 6646 фермер хожалығы болып, бүгинги күнге шекем 6334 фермер хожалығы бирден-бир платформаға киргизилди ҳәм ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлери 1768 ди қурайды.
Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар системада енгизилип атырған жаңалықлар, соннан фермерлердиң де өз ийелигиндеги жерлерин ижараға бериўи, сондай-ақ, сырт ел пуқараларының республикамыздағы жерлерден пайдаланыў тәртиплери ҳәм басқа да мәселелер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги