Шоманай районы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Гүлчеҳра Баймуратова көп жыллардан берли күйеўи Оралбай Аралбаев пенен үйинде жумыссыз отырған еди. Оннан қалаберсе, перзенти де тез-тезден бүйреги шаншып аўырып қала береди.

Мәкан пуқаралар жыйыны жанында шөлкемлестирилген комиссия тәрепинен аймақтағы хожалықларды үйме-үй жүрип үйрениў барысында оныӊ да шаӊарағы жәрдемге мүтәж екенлиги анықланып, оған 8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы күни үйинде өзин-өзи бәнтлеп хожалығына дәрамат киргизиўи ушын заманагөй тигиў машинасы саўға етилди.

-Мен бул машина менен қоӊсы-қоба ҳәм жақын-жуўықларымныӊ кийим-кеншеклери ҳәм күнделикли турмыс руўзыгершилиги ушын зәрүр болған үй буйымларын тигип, хожалығыма қосымша дәрамат таўып атырман,-дейди ол.-Соныӊ менен бирге район ҳәкимлиги маған бир айлық жеми менен бес тўйетаўық  берген еди. Ҳәзир усы таўықларым шөже шығарып, олардыӊ санын көбейтиўге ҳәрекет етип атырман.

Сондай-ақ, «Моншақлы» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Бахтияр Әбдиреймов та қолында өнери болғаны менен усташылыққа зәрүр  болған керек-жарақлары болмағанлықтан әдеўир қыйналатуғын еди. Үйме-үй жүрип үйрениўлер барысында оныӊ да бул мүтәжлик жағдайы анықланып,  оған «Агробанк»тиӊ районлық филиалынан 15 млн сум жеӊиллетилген кредит алыўына көмек берилди.

-Мен бул қаржыға темиршилик ушын зәрүр болған әсбап-үскенелерди сатып алып, район халқына хызмет көрсетип атырман. Буныӊ ушын Президентимиз Ш.Мирзиёев ҳәм район басшыларына өзимниӊ шексиз миннетдаршылығымды билдиремен,-дейди ол.

Соныӊ менен бирге, усы жыйын турғыны Полатбек Ешимбетов та усындай қолайлықлардан нәтийжели пайдаланып киятырған жаслардыӊ бири. Ол “Ҳәр бир шаӊарақ исбилермен” жойбары тийкарында «Агробанк»тиӊ районлық филиалынан 20 млн сум жеӊиллетилген кредит алып, 1000 бас бөдене,  300 бас нәсилли қоянлар сатып алды ҳәм ҳәзирги күнлери өз үйи жанында бөденелерден мәйек жетистирип, қоянларды болса өсирип олардыӊ бас санын көбейтиўге ҳәрекет етпекте.

Бүгинги күни Шоманай районында «Темир …», «Ҳаял-қызлар …» ҳәм «Жаслар …» дәптерлерине киргизилген пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў,  оларға  руўхый ҳәм материаллық жақтан жәрдем бериў  бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Бул болса, жумыссыз халықтыӊ бәнтлигиниӊ тәмийинленип, олардыӊ хожалығы ушын дәрамат табыўына тийкар болып хызмет етип атыр.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.