Бүгин республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде мектеп питкериўшилериниң «Соңғы қоңыраў» кешеси жоқары көтериңкилик жағдайында өткерилмекте.
Усындай илажлардың бири пайтахтымыздағы 45-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилди.
Оған мектеп жәмәәти, питкериўши жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимни атқарылды.
Илажда мектеп директоры П.Қурбаниязов ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нокис филиалы директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, Президентимиздиң мектеп питкериўши жасларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар, елимизде жаслардың билим алыўы ушын жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, ата-аналары ҳәм устазларының исенимин ақлап, жоқары оқыў орынларына кирип, келешекте таңлаған кәсибиниң жетик маманы болып жетилисиўине тилеклеслик билдирип, оларға ҳақ жол тиледи.
Илаж қатнасыўшыларына мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги