Күни кеше мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мирзиёев мектеп питкериўшилерин соңғы қоңыраў менен қутлықлады.

Себеби, мектеп питкериўшилери өз турмысында ең әҳмийетли қәдемлерди баслаў алдында. Яғный, мектеп питкериўшилериниң қәдирдан мектептеги устазлары ҳәм дослары менен өткерген күнделикли турмыс тәризи орнына  жаңа турмыс, әжайып тәсирлер ҳәм тәжирийбелер дүньясына сапары басланбақта.

Оқыўдан тоқтаған адам пикирлеўден де тоқтайды, деген еди данышпанлардан бири. Бүгин бул ҳүкиметтиң қәншелли турмыслық ҳақыйқат екенлиги әтирапымызда  жүз берип атырған ўақыялар мысалында да көрип турыппыз. Китап ақыл-ой, мәнаўият, әдеп-икрамлылық ҳәм тәрбия орайы екенлигин, оның инсан камалаты  жолында тутқан орны ҳаққында артықша сөз айтыўдың қәжети жоқ.

Елимизде алып барылып атырған бундай реформалардың кейинги басқышы, раўажланыўын белгилеп берген бул илажлар елдиң раўажланыўына  бийпәрўа болмаған ҳәр қандай инсанның итибарынан шетте қалыўы мүмкин емес еди.

Мәмлекетимиз басшысы усы қутлықлаўда бәринен бурын, мектеп питкериўшилерин қәдирдан мектеби ҳәм меҳрибан устазлары менен хошласып, турмысқа жаңа, және де жуўапкершиликли басқышқа қәдем қойып атырғанлығын атап өтти.

Әсиресе, бул қуўанышлы әййямда мәмлекетимиздеги барлық мектеплерде «соңғы қоңыраў»лар жаңлап, дерлик 438 мың оқыўшы жасларымыз жетиклик шаҳадатнамаларын қолларына алмақта, деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы. Себеби, бүгин мәмлекетимизде жас әўладтың тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бирине айланған бул системада әлле қашан жумысқа жаңаша қатнас жасаў, өзгерислер ҳәм реформалар процеси болып өтпекте. Ўатанымыздың ертеңги тәғдири, келешеги оқыўшы-жаслардың билими, тәлим-тәрбиясы ҳәм ийелеп атырған кәсибине байланыслы.

Бүгинги оқыўшыларымыз кейинги еки жыл даўамында пандемия шараятында оқып ҳәм жасап, қыйыншылықларға қарсы гүресиў көнликпелерин де ийелеўине туўра келгенлигин атап өтиў зәрүр. Әлбетте, бул қыйын сынақлы күнлер де өтмишке айланады. Әсиресе, Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстан – мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады», деген сөзи пүткил халық билимлендириў тараўы хызметкерлери менен педагогларын руўхландырыў менен бирге оғада үлкен ҳәм мақтанышлы ўазыйпаларды жүкледи. Сондай-ақ, Президентимиздиң «Жәмийетте муғаллимшилик кәсиби  ең абырайлы кәсип болыўы зәрүр», – деп атап өткени, муғаллимлеримиздиң кеўилин мақтанышқа толтырды ҳәм биз өз алдымызға үлкен мақсетлерди қойып, оларға ерисиўдиң ең әҳмийетли факторы сыпатында тәлим-тәрбия тараўына оғада үлкен әҳмийет бермектемиз деп ойлайман.

Және бир әҳмийетли тәрепи. Соңғы төрт жылда бир неше жаңа мектеплер қурылды ҳәм реконструкцияланды. Сондай-ақ, заманагөй Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери ҳәм қәнигелестирилген мектеплер қурылды. Бир сөз бенен айтқанда, мектепти питкерип атырған ул-қызларымыздан биреўи де итибардан шетте қалмайды ҳәм олардың ҳәр бири халқымыз, Ўатанымыздың шексиз меҳири ҳәм жоқары итибарын сезинип жасайды.

Усы жерде биз де өз гезегинде мектеп питкериўшилерин мектепти табыслы тамамлағаны менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, келешектеги жумысларыңызға табыслар тилеймиз!

 

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери

комитетиниң ағзасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги