Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме» каналының хабарына бола, быйылғы жылдың 1-июнинен баслап, мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелер тәрепинен халықтан, соның ишинде, исбилерменлерден төмендеги фактлерди тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етиледи:
– руўхый кеселликлер бойынша диспансер есабында турыўы ямаса турмаўы;
– наркология бойынша диспансер есабында турыўы ямаса турмаўы;
– судланғанлық;
– мәнзил-мағлыўмат мәлимлемеси;
– пуқараның атында жеке турақ жайдың бар ямаса жоқ екенлиги;
– турақ жайдың майданы;
– салық қарзының бар ямаса жоқ екенлиги;
– салық төлеўши физикалық тәреплердиң мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа турғаны;
– пенсия ҳәм напақа муғдары;
– пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде бар ямаса жоқ екенлиги;
– неке дизимге алынғаны, некеде турмаўы ямаса некеден ажыралғаны.
Онда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер усы ҳүжжет ҳәм мағлыўматларды тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден еркин түрде, соның ишинде, «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы сорап алады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги