Республикамызда суд-ҳуқық мәселелери бойынша шөлкемлестирилген гезектеги ғалабалық қабыллаўларда  970 тен зыят пуқараның мыңға шамалас мәселеси көрип шығылды. Соннан 144 мәселе сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты, 342 мүрәжат бойынша ҳуқықый мәсләҳәт ҳәм түсиник берилди, қосымша үйрениў талап ететуғын 514 мәселе қадағалаўға алынды.

Қанлыкөл районынан Шийринхан Таўмуратова 2014-жылы Қоңырат районындағы бир колледжде директордың орынбасары болып ислейтуған еди. Сол колледждиң басшысы аўқатланыў орынларының биринен 148 мың сум қарыз болып қалады. Оны сол күнлери жумыстан босатылып атырған психологқа төлеп келиўди буйырады. Жумыста қалыў ушын ол дәслеп 50 мың сумды алып келгенинде, директор өзи алыўға гүманланып, директордың орынбасарына апарып бериўди айтады. Ҳеш нәрседен хабарсыз директордың орынбасары бул не пул, не мақсетте алып келингенин сорамастан алып қалып, директорға апарып береди. Ертеңине директор қалған  100 мың сумды алып атырғанында қолға түседи. Алдыңғы 50 мың сумды алып қалған Шийринхан Таўмуратова жынаятшылардың қатарына қосылып қалады. Судтың 2015-жылдың 13-февралындағы ҳүкими менен ол 2 жыл жуўапкерли лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырылып, оған еки жыллық шәртли сынаў жазасы тайынланады.

Ғалабалық қабыллаўларда  Шийринхан Таўмуратова Жоқары судтың жуўапкерлеринен дерлик 7 жыл алдыңғы судтың ҳүкимин қайта көрип шығып, нызамлы түрде  әдил шешип бериўин өтиниш етти. Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы бул арзадағы жынаят исиниң материаллары менен бирге көрип шығып, Қоңырат районы судының 2015-жыл 13-февральдағы ҳүкимин бийкар етти. Ҳәрекетлеринде жынаят белгилери болмағанлығы себепли Ш.Таўмуратованы айыпсыз деп таўып, ақлады. Президент Халық қабыллаўханалары тәрепнинен үш күн даўамында Елликқала, Шымбай, Нөкис, Қанлыкөл, Шоманай районларында шөлкемлестирилген ашық пикирлесиўлерде Шийринхан сыяқлы алдын тийкарсыз рәўиште судланған 4 пуқараның иси судта қайта көрилип, олардың барлығы ақланды. Буннан басқа бир қатар пуқаралардың мүшкили аңсат болды, нызам үстинлиги, әдил судлаў және бир мәрте әмелде тәмийинленди, инсаныйлық принциплери өз көринисин тапты.

Ғалабалық қабыллаўларда   республикамыздың барлық аймақларының пуқаралары қамтып алынды. Ҳәр бир арза ҳәм шағым аймақлардағы жуўапкер басшылар және мүрәжатшылардың қатнасында көрип шығылды.

Бул процесслерде Жоқарғы судтың жуўапкерлери көрип шыққан 615 мүрәжаттың 118 мүрәжаты орнында шешимин тапты. Соның ишинде, Беруний, Төрткүл, Елликқала, Кегейли, Қанлыкөл, Қоңырат, Хожели, Тақыятас, Шоманай районлары ҳәм Нөкис қаласы судлары тәрепинен 36 шахс жазаны өтеўден мүддетинен бурын азат етилди, Және 11 шахсқа таярланған еркинен айырыў ҳәм еркинен шеклеў  жазалары жеңилиреги менен алмастырылды. Солардың бири Султанбек Султанов үш жыл алдын ойланмай басқан қәдеми нәтийжесинде 7 жыл 6 айға қамалған еди. Өмириниң 3 жыл 10 айын темир тор артында өткерген ол өткен дәўирде айыбын түсинди, ислеген қылмысынан шын кеўилден пушайман болды. Жоқарғы суд жуўапкерлериниң қабыллаўлары барысында оның да  белгиленген жазаны жеңилиреги менен алмастырыў бойынша арзасы көрип шығылды. Арза тийкарында көшпели суд өткерилип, оның қарсысына жеңилирек жаза тайынланып, сол күнниң өзинде қамақтан шығарылды.

Сондай-ақ, қабыллаўларда 2 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилди. Пуқаралық ислер бойынша судлар 91 шахстың алимент өндириў, 24 шахстың юридикалық әҳмийетке ийе фактлерди белгилеў бойынша арзаларын қанаатландырды, 113 даўа арза ис жүргизиўге алынды. Ажыралып кетиў шегинде турған 34 шаңарақ жарастырылды. Қабыллаўларда 104 мүрәжат бойынша арзалар Жоқарғы суд тәрепинен кассация тәртибинде шешиў ушын қабыл етилип, тийисли судлаў коллегиясына көрип шығыў ушын өткерилди.

Итибарлысы, пикирлесиўлер даўамында халық тек арза ямаса шағым менен мүрәжат етип қалмастан, өзлериниң усынысларын да билдирди. Тақыятас районындағы жеке меншик турақ жай ийелери ширкетлеринен бириниң есапшысы Аллаяр Есимбетов Жоқарғы суд жуўапкерлериниң алдына районда пуқаралық ислери бойынша судын шөлкемлестириў мәселесин қойды. Оның бул усынысы үйренилиўи ҳәм шешими қадағалаўға алынды.

Бас прокуратура жуўапкерлери келип түскен 214 мәселениң ҳәр бирин мүрәжат еткен пуқаралардың ҳәм Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы басшылары менен жүзбе-жүз додалады. Олар тийкарынан тергеў-сорастырыў, судтың қарарларын қайта көрип шығыў, суд қарарларының орынланыўы, жумыс пенен тәмийинлеў, кредит ажыратыў, исбилерменлик ҳәм басқа мәселелердеги арза ҳәм шағымлардан ибарат. Бул мүрәжатлардың көпшилиги қосымша үйрениўди талап еткенлиги ушын қадағалаўға алынған болса, айырым мәселелер сол жердиң өзинде шешимин тапты.

Исбилерменлик пенен шуғылланыўды мақсет еткен қанлыкөлши Зарафшан Туржанованың 150 миллион сум кредит алыў бойынша мүрәжаты банклер тәрепинен көптен берли созылып келинбекте. Оның Бас прокуратура жуўапкерлерине мүрәжатынан кейин жеңилликли кредит алыў мәселеси сол жердиң өзинде шешим тапты. Усы сыяқлы қоңыратлы Гүлзийра Атабаева менен Ырысгүл Жакиеваға қосымша дәрамат табыўы ушын заманагөй тигиў машиналары тапсырылды.

Және бир қанлыкөлши Абадан Сапарованың денсаўлығы төмен, шаңарақ жағдайы аўыр. Соның ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқып атырған баласының шәртнама пулын төлей алмай киятыр. Бул ҳаялдың усы мәселеде әмелий жәрдем сорап еткен мүрәжаты унамлы шешимин таўып, Қанлыкөл районы ҳәкимлиги тәрепинен шәртнама пулы төлеп берилетуғын болды. Мине, усындай әмелий жәрдем сораған мүрәжатынан соң  Хожели районы ҳәкимлиги Гүлистан Қалилаеваға операция жолы менен көзин емлетиў ушын кететуғын қәрежетлер ишки имканиятлар есабынан қаплап берилетуғын болды.

Ишки ислер министрлиги басшылары көрип шыққан 60 мүрәжаттың көпшилиги ишки ислер уйымларына жумысқа қайта тиклеў, сорастырыў ҳәм тергеў, ишки ислер хызметкерлериниң ҳәрекетлеринен наразылық сыяқлы мәселелерден ибарат болғаны ушын олардың ҳәр бири бойынша анық мүддет және жуўапкерлер бекитилип, қадағалаўға алынды.  Тараў хызметкерлери үстинен келип түскен шағымлар бойынша хызмет тексериўи тайынланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы