Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Ҳаял-қызлар Кеңесиниң басламасы менен «Беккем шаңарақ-жәмийет таянышы» сүрени астында жас шаңарақлар арасында «Келин-күйеў» таңлаўы өткерилди.
Таңлаўға университетте жумыс ислеп атырған жас шаңарақлы профессор-оқытыўшылар ҳәм жоқары курс студентлери арасында турмыс қурған жас шаңарақлар қатнасты.
Таңлаўдың мақсети – «Саламат шаңарақ-саламат жәмийет» идеясын кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм жас шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеў арқалы жәмийетте тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаў, сондай-ақ, жасларды келешек турмысқа, бахытлы шаңарақ қурыўға тәрбиялаўдан ибарат.
Таңлаў қатнасыўшылары төрт шәрт бойынша беллесип, онда Есенгелди Ермекбаев пенен Салтанат Сейилхановалардың шаңарағы биринши, Нурназар Пирназаров пенен Нуржамал Әўезмуратовалардың шаңарағы екинши, Бегзад Жумамуратов пенен Хилола Айтжановалардың шаңарағы үшинши орынды ийеледи.
Сондай-ақ, таңлаўда «Ең билимли шаңарақ», «Ең үлгили шаңарақ», «Ең талантлы шаңарақ», «Ең татыў шаңарақ», «Ең ҳәзилкеш шаңарақ» номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги