Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университетинде 21-май күни «COVID-19  пандемиясы шараятында Орайлық Азияда турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде имканиятлар ҳәм қәўип-қәтерлер» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Онда Олий Мажлис Сенатының ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, БМШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң экспертлери, Орайлық Азия мәмлекетлериниң илимпазлары, изертлеўшилер, сырт елдиң жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў институтларының профессор-оқытыўшылары қатнасты.

Конференция даўамында төрт тематикалық бөлимде экономикалық өсиўди тәмийинлеў, кәмбағаллық ҳәм теңсизликти азайтыў, социаллық қорғаўды күшейтиў, халықаралық бирге ислесиў мәселелери, пандемия шараятында турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде қәўиплер менен имканиятлар көрип шығылды.

Баянатларда экономикалық өсиў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў, пандемия дәўиринде ҳәм кризистен кейин социаллық қорғаў системасы, нәтийжели басқарыўдың институционаллық ҳәм ҳуқықый тәреплери, турақлы раўажланыў мақсетинде халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, денсаўлықты сақлаў системаларын жетилистириў, билимлендириў ҳәм хызметлердиң сапасын арттырыў, климат өзгериси ақыбетлериниң алдын алыў сыяқлы мәселелерге итибар қаратылды.

Қатнасыўшылар пандемияға қарсы системалы илажларды көриў бағдарында регион мәмлекетлери арттырған тәжирийбени үйренди, бул COVID-19 тарқалыўы ақыбетинде келип шығатуғын қәўип-қәтерлерди, кризисти сапластырыў бойынша әҳмийетли илимий-әмелий усыныслар ислеп шығыў, Орайлық Азияда ТРМды әмелге асырыўда табысқа ерисиў имканиятын береди.

– Пандемия дүнья жүзинде мисли көрилмеген апатшылық болды. Ол экономикаға, социаллық раўажланыўға, әсиресе, жәмийеттиң раўажланыўына үлкен соққы берди, – деди Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев. – Сол себепли, биринши сабақлар, келешектеги исленетуғын жумыслар ҳаққында бир шешимге келиў илимпазлардың алдында турған ең баслы темалардан бири болып есапланады. Орайлық Азия ушын регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў, яғный өз-ара байланыслылықты күшейтиў пандемия ақыбетлерин сапластырыўда оғада әҳмийетли. Апатшылық дәўири соны көрсетеди, халықаралық саўда көлеми төменлеп кетти. Бул регионаллық экономикалық өсиўге де өз тәсирин көрсетти. Конференцияда регионаллық саўданы кеңейтиў арқалы экономиканы тиклеў ҳәм оны турақлы раўажланыў факторы сыпатында көриў додаланды. Буннан тысқары, регионаллық саўда арқалы жумыс орынларын жаратыў, бул жолда даўамлы билимлендириў системасын раўажландырыў бағдарында пикир алысты. Бундай конференциялар Сенат ушын керекли усыныслар ислеп шығыўда жәрдем береди.

– Пандемия себепли адамзат кейинги 30 жылда раўажланыў индексинде биринши рет төменлеўге дус келди, – деди Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска. – Өзбекстанда да медицина системасы, экономикалық-социаллық тараўларда машқалалар пайда болды. Соған қарамастан, мәмлекетиңиз 2020-жылдың екинши ярымынан экономикалық өсиўге үлкен итибар қаратып, әҳмийетли нәтийжелерге еристи. БМШ Раўажланыў бағдарламасы төрт бағдар бойынша Өзбекстан менен биргеликте ислемекте. Булар – мәмлекет ҳәм халық арасындағы исеним, социаллық қорғаў, «жасыл» экономикаға итибар қаратыў ҳәм санластырыў. Булар пандемия дәўиринде раўажланыўдан тоқтап қалмаў ушын турмыстың барлық салаларын санластырыў сиясатын әмелге асырыў ҳәм жедел пәтлер менен өсиўге ерисиў имканиятын береди.

 

Юлдуз ЎРМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы