Быйыл 18-май күни болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясының гезектеги жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен 2020-жыл сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында алға қойған Арал бойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағына айландырыў ҳаққындағы резолюция жойбары БМШқа ағза болған барлық мәмлекетлер тәрепинен мақулланып, ол Аралбойы аймағындағы экологиялық, социаллық, экономикалық ҳәм демографиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған регионаллық илажлар ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған.
Бул резолюция экологиялық жақтан таза, энергияны ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиўге инвестицияларды тартыў, «жасыл экономика» принциплерин комплексли түрде қолланыў, регионның шөлистанға айланыўының ҳәм экологиялық миграция процесслериниң алдын алыў, экотуризмди раўажландырыў ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр шараятларды жаратады ҳәм хошаметлейди. Усы бағдардағы ҳәрекетлерди бирлестиреди.
Енди Аралбойы регионында жасайтуғын халықтың турмысын жақсылаў ушын Арал теңизиниң қурыған ултанында және дәрья дельталарында агроэкосистемалардың өнимдарлығын арттырыў, тоғайлықлар пайда етиў, дуз басқан топырақларда ҳәм жайлаўларда дузға ҳәм суўыққа шыдамлы ҳәр қыйлы егинлердиң, путалықлардың эксперименталлық тәжирийбе участкаларын жаратыў, халықаралық шөлкемлер менен биргеликте бар суўдың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған инновациялық технологиялар ҳәм жойбарлар ислеп шығылады ҳәм енгизиледи.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен глобал экологиялық машқалалардың алдын алыў ҳәм сапластырыў мақсетинде алға қойылған басламаларының халықаралық дәрежеде тән алыныўы ҳәм мақулланыўы ҳәр биримизде мақтаныш сезимин оятпақта.
Р. Джумамуратов,
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.