Тахтакөпир районында «Ренессансқа мениң үлесим!» сүрени астында «Мен оқыған мектебиме китап саўға етемен» атамасында илаж өткерилди.

Илажда 3-сектор тәрепинен 6-санлы улыўма билим бериў мектебине 50 ден аслам баҳалы китаплар саўға етилди.

– Президентимиз тәрепинен келешегимиз болған ҳәзирги жас әўладтың билимли, тәрбиялы, озық ойлы, кәмил инсанлар болып жетилисиўи ушын бир қатар басламалар алға қойылып, әмелге асырылмақта. Солардың бири сыпатында жаслар арасында китапқумарлықты арттырыў бойынша өткерилип атырған илажларды атап өтсек болады,-дейди мектеп директоры А.Мадреймова. – Бүгин  мектебимизде районлық ишки ислер бөлиминиң басламасы менен өткерилген илажда китапханамызға көплеген әжайып китаплар саўға етилди.

Бул әлбетте, балаларымыз  ушын үлкен саўға болып есапланады. Жәмәәтимиз атынан усы илажды шөлкемлестиргени ҳәм берген саўғалары ушын сектор басшыларына өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги