Усы жыл 22-май күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде 39 мийнет ветеранына I, II, III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгилерин тапсырыў салтанаты болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде кексе әўлад ўәкиллерин қоллап-қуўатлаўды жетилистириў, олардың мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысына белсене қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Елимиз басшысының 2016-жыл 28-декабрьдеги «Өзбекстан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураний» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында «Меҳнат фахрийси» көкирек белгисиниң шөлкемлестирилиўи буның айқын дәлийли болып табылады. Ҳәр жылы экономика ҳәм өндирис, илим, мәденият, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, ҳуқық ҳәм басқа да тараўлардағы көп жыллық ҳадал мийнети ушын ветеранларға, сондай-ақ, ислемейтуғын, жәмийетте беккем шаңарақты сақлап қалған, перзентлерин үлкенлерге ҳәм киши әўладларға ҳүрмет, жәмийет алдындағы жуўапкершилик, Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялап ҳүрметке бөленген нураний аналар усы көкирек белгиси менен сыйлықланып келмекте.
Илажда I, II, III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгилери өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Сыйлықланғанлар атынан Нөкис қаласынан Генжебек Қурбанов, Зийнепгүл Длекеева, Нөкис районынан Ықласбай Аманбаевлар шығып сөйлеп, нуранийларға айрықша итибары ҳәм ғамқорлығы ушын ҳүрметли Президентимизге миннетдаршылық билдирди.
-Елимиз басшысы тәрепинен алға қойылған «Жаңа Өзбекстан-мектеп босағасынан басланады»,-деген идея тийкарында билимлендириў тараўына да айрықша итибар қаратылмақта,-дейди III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси ийеси, Тахтакөпир районынан Ғумшагүл Низаматдинова.-Усы тараўдағы көп жыллық мийнетим ылайықлы баҳаланып, «Меҳнат шуҳрати» ордени ҳәм бүгин «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықландым. Келешекте бар билим ҳәм тәжирийбемди елимиздиң раўажланыўы ҳәм жас әўлад тәрбиясы ушын жумсайман.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.