Жәҳән банки COVID-19 пандемиясына қарамастан, Өзбекстандағы базар реформаларының даўам етиўин алғыслайды.
Бул ҳаққында Жәҳән банки вице-президенти Анна Бьердениң Өзбекстанға болған сапарының жуўмақлары бойынша басып шығарылған мақаласында айтылған.
Атап өтилиўинше, Банк 2022-2025-жыллары Өзбекстан менен жаңа бес жыллық Шериклик бағдарлама шеңберинде реформаларды қоллап-қуўатлаўды даўам еттиреди.
Әмелдеги бағдарлама билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, энергетика, суў тәмийнаты, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да тараўларды қамтып алған улыўма баҳасы 4,1 миллиард долларлық 23 жойбарды өз ишине алған.
Еслетип өтемиз, Жәҳән банки пандемия ақыбетлерин жеңип өтиў мақсетинде Өзбекстанға бириншилерден болып жәрдем көрсетти. Тек ғана өткен жылы 1,6 миллиард долларлық жойбарлар мақулланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги