1-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўде  алдын болып өткен сөйлесиўлердиң даўамы сыпатында еки мәмлекет басшылары Қырғызстан-Тәжикстан шегарасындағы жағдайдың  раўажланыўын додалады.

Өз ўақтында көрилген ҳәм өз-ара муўапықласқан ис-ҳәрекетлер себепли мәмлекет шегарасы бөлиминдеги жағдайды турақлыластырыўға ерисилгени ҳәм оның кескинлесиўине жол қойылмағаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери Орайлық  Азия регионындағы барлық мәселелерди дос мәмлекетлер ҳәм халықлар арасында дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў мақсетинде конструктивлик ҳәм исенимге тийкарланған сөйлесиў арқалы биргеликте шешиў бағдарында исенимли екенликлерин және бир мәрте атап өтти.

 

ӨзА