30-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетимизде болып турған ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының директоры Маттео Мекаччи басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Ушырасыўда Өзбекстан менен ДИИҲБ арасындағы конструктивлик сөйлесиў ҳәм нәтийжели шерикликти раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң раўажланыўында соңғы жылларда әҳмийетли алға илгерилеўге ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бюроның кең көлемли миссиясы биринши мәрте мәмлекетимиздеги Президент ҳәм Парламент сайлаўларын бақлаўда қатнасты.

ДИИҲБның усынысларын имплементациялаўда, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексин қабыл етиў ҳәм жетилистириў шеңберинде табыслы бирге ислесиў алып барылғанын атап өтти.

Бюро экспертлери Инсан ҳуқықлары бойынша миллий стратегия және ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызам жойбарын ислеп шығыўға тартылған еди.

Өзбекстан ДИИҲБ менен, бәринен бурын, инсан ҳуқықлары, сөз, дин ҳәм исеним еркинлиги, гендер теңлик, жасларды қоллап-қуўатлаў, пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, әмелге асырылып атырған демократиялық жаңаланыўлардың ҳуқықый базасын алдынғы халықаралық әмелият тийкарында беккемлеў бағдарында узақ мүддетли  ҳәм нәтийжели шерикликти даўам еттириўден мәпдар екени атап өтилди.

Буннан тысқары, Өзбекстанда болып өтетуғын әҳмийетли илажларға таярлық көриў бойынша биргеликте ислесиў мақсетинде май айында Бюроның баҳалаў миссиясы мәмлекетимизге келеди.

ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының директоры  Маттео Мекаччи қызғын қабыллағаны және ашық-айдын ҳәм мазмунлы сөйлесиў ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Директор мәмлекетимиздеги барлық тараў ҳәм бағдарларды қамтып алған кең көлемли реформаларды исенимли қоллап-қуўатлап, Бюро оларды табыслы әмелге асырыўға, ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

 

ӨзА