Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 30-апрель күни аймақларда жергиликли санаатты раўажландырыў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Қурылыс материаллары, үй үскенелери, турмыслық хожалық товарлары, кийим-кеншек ҳәм азық-аўқат халық ең көп сатып алатуғын товарлардан. Оларды ислеп шығарыўды өзлестириў аңсат ҳәм арзан. Қала берсе, бул бағдар аўылларға санааттың кирип барыўы, адамлардың жумыс пенен тәмийинлениўинде де әҳмийетли фактор.

Мәселен, соңғы үш жылда мәмлекетимизде қурылыс материалларын ислеп шығарыў көлеми 1,5 есеге артқан. Лекин, өнимлердиң көлеми ҳәм түрлери еле ишки талапты толық қаплап атырған жоқ. Улыўма, өткен жылы дерлик 1 миллиард долларлық қурылыс материаллары импорт етилген.

Елимизде көплеген турақ жайлар, завод ҳәм кәрханалар, социаллық объектлер қурылмақта. Булар да қурылыс материаллары, түрлес жергиликли санаат өнимлерине талапты арттырады.

Сонлықтан мәжилисте жергиликли санаатты раўажландырыў, өндирис көлемин арттырыў мәселелери додаланды.

­ Көрип турсызлар, пүткил дүньяда экономика бойынша жағдай аўыр. Ҳеш кимге жеңил болып атырған жоқ. Соның ушын бар имканияттан пайдаланып, маңлай теримиз бенен тапқан пулымызды халқымызға ҳадал жеткерип, нәтийжеге ерисиўимиз керек. Жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәкимлердиң қолындағы мәселе. Ақыл менен, пуқта ис тутса, оның тийкарында жүдә көп жумысшы орны, исбилерменлердиң мәпдарлығы, адамлардың разылығы бар, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Бул бағдардағы жумысларды «ишки талапты үйрениў ­ импортты талқылаў ­ ресурс базасын анықлаў ­ жаңа жойбарлар ислеп шығыў» шынжыры тийкарында шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине жергиликли санааттың ҳәр бир бағдары, атап айтқанда, қурылыс материаллары, тоқымашылық, пиллешилик, фармацевтика, электротехника, былғары-аяқ кийим, зергерлик, фарфор буйымлар, мебель ислеп шығарыў, азық-аўқат санааты сыяқлы тармақлар бойынша аймақлар кесиминде өз алдына бағдарламалар ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди.

Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 24 районды қурылыс материалларын ислеп шығарыўға қәнигелестириў усынысын қоллап-қуўатлады. Бул аймақлардағы бар шийки зат ҳәм ири заводлар инфраструктурасынан пайдаланып, оларға жақын жерде жаңа кәрханалар шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди. Бул 24 районда инфраструктураны жақсылаў ушын бюджеттен қосымша 400 миллиард сум, геология жумысларын әмелге асырыўға 100 миллиард сум қаржы ажыратылатуғын болды.

Қурылыс материаллары тармағында улыўма баҳасы 5 миллиард долларлық мыңнан зыят жаңа жойбарлар қәлиплестирилген. Бул арқалы 25 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў мақсет етилген.

Өзсанаатқурылысбанк тәрепинен бул тараўдағы жойбарлар ушын 300 миллион долларлық кредит линиясын ашыў, банк филиалларындағы консалтинг орайлары арқалы исбилерменлерге әмелий жәрдем бериў усынысы билдирилген. Президентимиз буған қосымша, усы банк арқалы мәмлекет тәрепинен 200 миллион доллар ажыратыў бойынша көрсетпе берди.

Жаңа түрдеги қурылыс ҳәм пардозлаў өнимлерин ислеп шығарыў жойбарларына 15 миллиард сумға шекем кепиллик берилетуғыны атап өтилди. Сондай-ақ, бундай кәрханаларға миллий валютадағы кредитлер бойынша Орайлық банк ставкасынан 10 процентке шекем артық бөлеги ҳәм сырт ел кредитлери бойынша процент ставкасының 50 проценти қаплап бериледи.

Буннан тысқары, аўыллық жерлердеги санаат зоналары ҳәм кәнлер менен карьерлер ушын жер салығы 10 есеге шекем азайтылады. 500 руда емес қазылмалар кәни аукцион арқалы сатылып, олардың негизинде санаат кәрханалары шөлкемлестириледи.

Усындай имканиятлардан пайдаланып, өндирис көлемин арттырыў, жаңа жойбарлар есабынан өним түрлерин көбейтип, импорттың орнын толтырыў мүмкинлиги белгиленди.

Бул бағдарда ең нәтийжели жол ­ район я қалаға кирип киятырған импорт қурамын талқылап, бул өнимлерди аймақтың өзинде ислеп шығарыў.

Мәселен, соңғы еки жылда 6 мыңға шамалас көп қабатлы жайлар қурылған болып, оларға ислетилген материаллар 30 процентке шекем шеттен келтирилген. Быйылғы жылда қурылысы режелестирилген 100 мыңға шамалас имараттың ҳәр бирине кеминде 20-30 миллион сумлық электр техникасы, мебель, асхана буйымлары ҳәм басқа хожалық товарлары керек.

Усыннан келип шығып, жуўапкерлерге базар талабын талқылаў тийкарында, экономикалық нәтийжелилиги болған товарларды локализациялаў, бундай жойбарларды аймақлардағы санаат зоналарына ақылға уғрас орналастырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қурылыс материаллары тармағында болғанындай, басқа санаат өнимлери бойынша да қәнигелескен районларды белгилеп алыў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Жергиликли санаатты раўажландырыўда санаат кооперациясы да жүдә әҳмийетли. Атап айтқанда, өткен ҳәптеде Наўайы қаласында өткерилген санаат ярмаркасында жәми 376 миллиард сумлық мыңға шамалас шәртнамалар дүзилген.

Бундай илажларды Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ҳәр бир ўәлаятта өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Жергиликли санаат өнимлериниң сапасы да базар талапларына сәйкес келиўи шәрт. Бул оның өтимлигин, кәрхананың турақлылығын тәмийинлейди.

Сонлықтан «Өзстандарт» агентлигине 24 қәнигелескен районда заманагөй лабораториялар шөлкемлестирип, ислеп шығарыўшыларды халықаралық сапа талаплары ҳәм стандартларына үйретиў ўазыйпасы қойылды.

Усы жыл 1-июльден баслап, жаңа түрдеги қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы кәрханаларға халықаралық стандартларды енгизиў менен байланыслы қәрежетлердиң 50 проценти қаплап бериледи. Сондай-ақ, мәжбүрий сертификатлаў зәрүр болған қурылыс өнимлериниң дизими 3 есеге қысқартылады.

Мәжилисте санаат тармақлары ушын маман қәнигелер таярлаў мәселесине де айрықша тоқтап өтилди. Себеби, орынларда заманагөй инженер ҳәм технологлардың жетиспейтуғыны исбилерменлерге қыйыншылық туўдырмақта.

Сонлықтан Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине аймақлардың талабынан келип шығып, сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары менен биргеликте инженер ҳәм технологлар таярлаўды кеңейтиў бойынша тапсырма берилди.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша Бас министрдиң орынбасарлары, тармақ ҳәм аймақ басшылары мәлимлеме берди.

 

ӨзА