Президент Шавкат Мирзиёев 19-апрель күни «Uzbekistan airways» ҳәм «Uzbekistan airports» акционерлик жәмийетлерин трансформациялаў илажларының презентациясы менен танысты.
Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 27-ноябрьдеги пәрманына муўапық, «Өзбекстан ҳаўа жоллары» Миллий авиакомпаниясы негизинде еки – «Uzbekistan airways» ҳәм «Uzbekistan airports» акционерлик жәмийетлери дүзилген еди. Бүгинги күнде елимиз экономикасында әмелге асырылып атырған структуралық өзгерислер қатарында усы компаниялар да трансформацияланыўы режелестирилген. Соның менен бирге, коронавирус пандемиясы менен байланыслы экономикалық қыйын жағдай авиация тармағын жетилистириўди талап етпекте.
Елимиз авиакомпанияларын трансформациялаўда тийкарғы итибар экономикалық нәтийжелиликти арттырыўға қаратылған. Мәселен «Uzbekistan airways» акционерлик жәмийети қәрежетлерин 46,5 миллион долларға қысқартыў есап-санақ етилген. Буның ушын компания ҳәм оның қурамындағы шөлкемлерде жумыс орынларын оптималластырыў, пайдаланылмай атырған 12 самолётты қарамағынан шығарыў, авиабилетлерди сырт елде сатыў бойынша агентлер комиссиясының процентин түсириў мөлшерленбекте.
Сондай-ақ, дәраматларды жылына 40 миллион долларға көбейтиў мақсет етилген. Оның ушын талап жоқары болған қалаларға чартер пәрўазларды ҳәм жаңа жөнелислер бойынша карго тасыўларын әмелге асырыў, барлық жергиликли рейслерге онлайн дизимнен өтиў ҳәм орынларды таңлаў имканиятын енгизиў нәзерде тутылмақта.
Жаңа бизнес стратегиясына бола, қатнаўлар гибрид усылға өткерилип, толық хызметлер ҳәм бюджет хызметлер модели бойынша әмелге асырылады. талап аз болған жөнелислерде бизнес класс бийкар етилип, отырғышлар саны көбейтиледи.
Усы жылдың үшинши шерегинен баслап 4 А-320 самолётында лоукостер, яғный арзан қатнаўлар шөлкемлестириў мөлшерленген. Алыс аралықлы жөнелислерди раўажландырыў ушын 3 А321 NEO LR «ҳаўа кемеси»н лизинге алыў, жергиликли қатнаўлар санын ҳәптесине ҳәзирги 17 ден 49 ға шекем арттырыў режелестирилген.
Жолаўшылар ушын қолайлылықларды арттырыў мақсетинде тараўды санластырыў, соның ишинде, «Aerolabs» онлайн хызметлер көрсетиў системасын және қарыйдарлар менен ислесиўди басқарыў ушын CRM комплексин қолланыў нәзерде тутылған.
Президент Шавкат Мирзиёев хызметлердиң қолайлылығы ҳәм сапасын арттырыў арқалы халықты авиақатнаўларға көбирек тартыў зәрүрлигин атап өтти.
«Uzbekistan airports» акционерлик жәмийетиниң нәтийжелилигин арттырыў бойынша да бир қатар илажлар ислеп шығылған. Бүгинги күнде бул жәмийет қурамында 11 аэропорт бар ҳәм олардың ҳәр бири еркин жумыс ислемекте.
Презентацияда атап өтилиўинше, бул аэропортларды бирден-бир басқарыў уйымының қарамағында бирлестириў усыныс етилмекте. Финанслық турақлылықты арттырыў мақсетинде, халықаралық тәжирийбе тийкарында, қәрежетлерди 32 проценттен 15 процентке түсириў, сатып алыўларды оптималластырыў, аэропорт хызметлери ушын жыйымларды 27 процентке, соның ишинде, зыярат туризми шеңберинде 50 процентке шекем азайтыў мөлшерленбекте.
Дәраматларды көбейтиў мәселесине айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, Ташкент халықаралық аэропортында жүк терминалын қурып, Европа ҳәм Шығыс Азия арасында транзит көлемин арттырыў, аэровокзал майданларын кеңейтиў арқалы саўда ҳәм хызметлер түсимин көбейтиў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы аэропортлардың инфраструктурасын раўажландырыў, жолаўшы ҳәм жүк тасыў көлемин ҳәр жылы арттырып барыў, аймақлардағы аэропортларда кетринг ҳәм басқа да хызметлерди жолға қойыў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА