Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экологиялық комитетинде болып өткен мәжилисте Сенаттың он төртинши улыўмалық мәжилисинде додаланыўы күтилип атырған «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамы көрип шығылды.

 

Нызам тийкарында Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилип атырған өзгерислерге муўапық, транспорт қураллары басқарыўшыларының тоқтаў ямаса тоқтап турыў қағыйдаларын бузғаны ушын жәрийма муғдары базалық есаплаў муғдарының үш есесинен еки есесине қысқартылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.