МИЙРИМШӘПӘӘТ                      

Усы жыл 6-февраль күни Өзбекстан Саўда-санат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары тәрепинен әмелге асырылып атырған қайырқомлық илажларын қоллап-қуўатлаўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Оған министрликлер, мәкемелер,  мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов басқарып барды.

Илажда Өзбекстан Мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық фонды Қарақалпақстан Республикасы аймақлық мәкемесиниң баслығы Т.Рузметова, «Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Г.Турсымуратова, Өзбекстан Майыплар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы П.Дәўлетиярова шығып сөйлеп, өзлери басшылық етип атырған шөлкемлер тәрепинен өткен жылы әмелге асырылған жумыслар, қайырқомлық илажлары ҳәм оларды қоллап-қуўатлап атырған мәкемелерди атап өтти.

Мәжилисте атап өтилгениндей, бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында елимизде демократиялық өзгерислер әмелге асырылып, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта. Соның нәтийжесинде,  мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер  жәмийетимизде барған сайын беккем орын ийелеп, мәмлекетимиздиң тең ҳуқықлы шеригине айланбақта.

 

 

Өз гезегинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жәрдемге мүтәж шаңарақларды, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, кем тәмийинленген шаңарақлар перзентлериниң жеке мәпин қорғаў, олардың материаллық ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў, оларға мәдений, медициналық ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиўди шөлкемлестириў сыяқлы саўаплы ислерди әмелге асырып келмекте.

Атап айтқанда, Өзбекстан Мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық фонды Қарақалпақстан Республикасы аймақлық мәкемеси,  «Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси ҳәм Өзбекстан Майыплар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлимлери бул ийгиликли ислерде өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосып келмекте.  Олар тәрепинен денсаўлықты сақлаў тараўында реформаларға көмеклесиў ҳәм бирге ислесиў, итибардан шетте қалған жалғыз, бахытсыз жағдайлардан жәбир көрип атырған инсанларға ғамқорлық көрсетиў, майыплығы болған шахслар арасында  Арнаўлы Олимпиада ҳәрекетин ҳәм усы сыяқлы басқа да илажларды үгит-нәсиятлаўда бул шөлкемлердиң орны айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Мәлим болғанындай, инсанлардың аўырын жеңил етиў, оларды социаллық қорғаў өз-өзинен болмайды, әлбетте.  Бунда белгили бир муғдардағы қаржы талап етиледи.  Жоқарыда атап өтилген шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылып атырған илажларды өткериўде республикамыздағы бир қатар министрликлер, мәкемелер ҳәм сақаўатлы исбилерменлеримиз тәрепинен материаллық жәрдем көрсетилип, қайырлы ислерге мүнәсип үлесин қосып келмекте.

 

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған басламаларды турмысқа енгизиўде, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң орнын беккемлеў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, пуқаралық жәмийети институтлары менен басқарыў уйымлары арасындағы өз-ара байланысты  буннан былай да раўажландырыў және олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў ислеринде белсендилик көрсетип атырғаны ушын бир қатар министрликлер ҳәм мәкемелердиң ўәкиллерине Қарақалпақтан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Алғыснамасы тапсырылды.

-Бүгинги күни бизге 500 ден зыят имканияты шекленген шахс ағза болып, олардың физикалық ҳәм психологиялық тиклениўине имканият жаратыў мақсетинде спорт, денетәрбия, туризм ҳәм басқада  хызмет түрлери көрсетилип келинбекте,-дейди «Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Гүлшат Турсымуратова.-Нәтийжеде жасларымыз имканияты шекленген болыўына қарамастан Қытай, Бельгия, Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы мәмлекетлерде болып өткен халық аралық жарысларға қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп қайтты. Бунда, әлбетте, қәўендер мәкемелеримиздиң көрсетип атырған жәрдемин айрықша атап өткен орынлы.

 

 

Бир-биреўге жәрдем қолын созыў, әсиресе, жәрдемге мүтәж шаңарақ ағзаларын, майыплығы болған шахсларды социаллық қоллап-қуўатлаў халқымызға тән ағла пазыйлетлердиң бири болып табылады. Илажда бир қатар мәкеме ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери сөзге шығып, қатнасыўшыларды бул ийгиликли иске бирлесиўге, қайырқомлық илажларға белсене қатнасыўға шақырды.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Э.Дурдиев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.