Президент Шавкат Мирзиёев 19-декабрь күни инвестиция бойынша 2024-жылдағы нәтийжелердиң есап-санағын ҳәм келеси жылдағы ўазыйпаларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.

 2017-жылдан берли мәмлекетимиз экономикасына барлық дәреклер есабынан 188 миллиард доллар инвестиция киргизилген. Соның 87 миллиард доллары сырттан тартылған. Нәтийжеде инвестициялардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 30 проценттен артып, турақлы экономикалық өсиўге тийкар болмақта.

Быйыл экономикаға киргизилген инвестициялар көлеми 1, 3 есеге көбейип, 36 миллиард доллардан артты. Булардың есабынан жыл басынан берли қосымша 70 триллион сумлық баҳадағы  560 ири ҳәм орта жойбарлар иске қосылды. Келеси жылдан баслап экспортты және 1 миллиард долларға арттырыў имканияты пайда болды.

Тараў ҳәм аймақларда ашылып атырған имканиятлар менен бул нәтийжелерди және де арттырса болады.

Мәжилисте инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри 2025-жылдың режелери ҳаққында мәлимлеме берди.

Келеси жылы 43 миллард долларлық инвестицияларды өзлестириў нәзерде тутылмақта. Бул арқалы 300 ден аслам ири жойбардың орынланыўы, импорттың орнын басыўшы 662 жаңа өним ислеп шығарылыўы күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы буның ушын сырт ел инвесторлары менен мәнзилли ислесип, және де қолайлықлар жаратыў, ерисилген барлық келисимлерди жоқары дәрежеде әмелге асырыў керек екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, бүгинги күнде 1 мың 890 жойбар бойынша жумыс алып барылмақта. Олардың орынланыўын жеделлестириў ушын жуўапкерлер белгиленди.

Мәжилисте сыртқы саўда мәселелерине  де итибар қаратылды.

Дүньяда бақланып атырған қурамалы жағдайда бул өз-өзинен болмайды. Экспорт-логистика шынжырлары қыйынласып бармақта, тийкарғы экспорт базарларымызда таяр өним алыў азаймақта.

Бундай шараятта ишки имканиятларды толық иске қосып, экономикалық раўажланыў пәтлерин арттырыў керек екенлиги атап өтилди.

2030-жылға шекем мәмлекетимиздиң жыллық экспорт көлемин 2 есеге арттырып, 45 миллиард долларға алып шығыў мақсети белгиленген. Бул режедеги инвестициялық жойбарларды өз ўақтында иске қосып, баҳалы өнимлер ҳәм хызметлерди көбейтиў, экспорт географиясын кеңейтиўди талап етеди.

Жуўапкерлерге режелердиң орынланыўын турақлы таллап, жумысты орынларда сапалы шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги