Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ Мийнет, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық мәселелер комитетинде «Социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардыӊ нәтийжелилиги ҳәм 2025-жыл ушын әҳмийетли ўазыйпалар» темасында дөгерек сәўбети өткерилди.
Онда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниӊ биринши орынбасары Шоҳрух Далиев системада әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берди.
Оған бола, ендигиден былай кәмбағал шаӊарақ реестриндеги студентлердиӊ өзлестириў көрсеткиши 80 проценттен жоқары болса, кейинги оқыў жылы ушын мәмлекетлик грант ҳәм процентсиз кредит берилиўи режелестирилген. Бул келешекте жаслар жетик қәниге болыўына имканият жаратады.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2024-жыл 1-декабрьден Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен Кәмбағал шаӊарақлар реестри қәлиплестирилмекте.
ӨзА