Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының шешиўши қарарына муўапық, өндириўши пуқара П.Утемуратованың пайдасына оның тәрбиясындағы 3 перзентиниң материаллық тәмийнаты ушын қарыздар Б.М.дан ҳәр айдағы мийнет ҳақысының 1/2 бөлими муғдарында алимент напақасын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросының Тахтакөпир районлық бөлимине келип түскен. Бул ҳаққында бюроның ҚР басқармасы хабар берди.
Алимент напақасы қарыздар әке тәрепинен өз ўақтында ҳәм толық төлеп келинген. Соған қарамастан, мәмлекетлик орынлаўшылар тәрепинен қарыздар әкеге Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық ержетпеген балалар тәмийнаты ушын алиментлерди алдын ала төлеў имканияты бар екенлиги түсиндирилген.
Алып барылған түсиндириў жумыслары өз нәтийжесин берип, еки тәрептиң өз ара келисими тийкарында қарыздар Б.М. тәрепинен П.Утемуратоваға өз перзентлерине ержеткенге шекемги төленетуғын алимент напақа пуллары есесине өзиниң атындағы турақ жайын нотариаллық тәртипте саўға сыпатында рәсмийлестирип берилди. Нәтийжеде ержетпеген перзентлер турақ жайға ийе болды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.