Усы жылдың 24-декабрь күни Мойнақ районында материаллық жәрдемге мүтәж болған шаңарақлар дизимине киргизилген 500 ге шамалас шаңарақлардың жаңа жыл байрамын жоқары кейпиятта күтип алыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы тәрепинен «Жаңа жыл кәрўаны» шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында «New Muynak City» каналы хабар берди.

«Жаңа жыл кәрўаны» арқалы районда жасайтуғын мийнетке жарамсыз ҳәм созылмалы кеселлиги болған шаңарақ ағзалары, кексе, жесир ҳәм кем тәмийинленген, сондай-ақ, күтимге мүтәж болған пуқаралардан қуралған шаңарақлар, көп балалы, кәмбағал, жәрдемге және материаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың ҳәр бирине 600 мың сумға шамалас муғдардағы азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.