77 ЖАСТА ИЛИМ ДОКТОРЫ БОЛFАН ЖЕРЛЕСИМИЗ

 

Бесиктен қәбирге шекем илим изле!

(Ҳәдиси шәрифтен)

Мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёев атап өткениндей, илими, мәрипаты ҳәм мәденияты раўажланбаған мәмлекеттиң раўажланыў стратегиясы гөзлеген мақсетке ерисе алмайды. Сонлықтан, 2020-жыл журтбасшымыз тәрепинен «Илим-билимлендириў ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп белгиленген еди. Cебеби, дүньядағы барлық раўажланыўлардың дәрегинде илим туратуғыны анық. Сол себепли, бәрше мәканларда, бәрше заманларда илим-билимлендириўди раўажландырыў дәўир талабы болып келген.

 

 

«Ақылы кәмил, илими зор

Билимли ел болмайды хор», деп уллы шайырымыз Бердақ жырлап өткениндей, билим менен суўсынланған ел удайына раўажланыўда алда болады.

Илимниң әҳмийетин терең сезинген ҳалда қарақалпақ елине басшылық еткен дәўирлеримде өзим де илим-билимлендириўге қолымнан келгенинше дыққат қараттым. Ҳәттеки, илимий жумысларын қорғағанларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде қымбат баҳалы саўғалар менен де сыйлықлап бардым. Ҳәзир де ҳүрметли дем алыста болыўыма қарамастан илимий жумыслар менен танысып, таўып оқыўға, үйрениўге, илим дәрежелерине ерискен улларым менен қызларыма пәтиямды берип, алғыслаўға, оларға руўхый көмегимди (дәлде) бериўге асығаман.

Жақында жетпис жети жасында докторлық диссертациясын жақлап, техника илимлериниң докторы болған Сали Бауатдиновтың мийнетлери менен қызықтым.

Сали Бауатдинов – Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институтының үлкен илимий хызметкери. Илимпаздың докторлық диссертациясының темасы да мени қызықтырып қойды: «Қарақалпақстан агрорудалары тийкарында жаңа түрдеги қурамалы араласпалы төгинлер алыўдың ресурс үнемлеў технологиясын ислеп шығыў».

Бул изертлеў жумысы республикамыз ушын әҳмийети оғада үлкен, соның менен бирге, елимиздеги дийқаншылық пенен шуғылланып атырған ҳәр бир инсан ушын үлкен жаңалық, мақтаныш болды, деп айтсам дурыс болады.

 

 

Илимпаздың илимий-изертлеў жумыслары нәтийжесинде жергиликли шийки затлар тийкарында алынған төгинлер ҳәзирги ўақытта республикамыздың егислик жерлеринен жоқары өним алыў имканиятын бермекте. Қалаберсе, илимпаздың бул илимий мийнети республикамыздың экономикасының гүллеп раўажланыўына, экологиялық турақлылықтың тәмийинлениўине ҳәм егислик жер майданларының өнимдарлығының артыўына сезилерли дәрежеде пайдасын тийгизетуғынлығы менен оғада әҳмийетли.

Елимиз тәбийғый жер асты байлықларына, атап айтқанда, нефть, алтын, газ, титан, магний рудалары, гранит, мрамор, гипс, сульфатлы дузлар, мергель рудалары, ас дузы, ҳәк, цемент ислеп шығаратуғын, қурылыс материалларына қоланылатуғын ири дәнешели қумларға, минерал төгинлерге қолланылатуғын шийки затлардан фосфорит, глоуконит ҳәм бентонит минералларына оға да бай.

Илимпаз өзиниң докторлық диссертация жумысында усы минерал төгинлер өндириске жарамлы екенлиги ҳаққында терең илимий ҳәм әмелий мағлыўматлар берген.

Бириншиден, минерал төгин себепли экологиялық жағдай жақсыланыўы менен бирге, ҳәзирги ўақытта атызларға қолланылып атырған қымбат баҳалы фосфор, азот, калий сыяқлы төгинлер аз муғдарда пайдаланылады ҳәм нәтийжеде, бюджеттен көплеген қаржы үнемленеди.

Екиншиден, өсимликтиң вегетациялық дәўиринде топырақтың ызғарлығын үш ай даўамында өсимликке жетерли дәрежеде услап турады. Агрорудалар топырақты бир неше макро ҳәм микроэлементлер менен байытады, соның менен бирге, оның қурамын жақсылайды. Өсимликтиң өсиўшеңлигин арттырады, ҳәр түрли кеселликтен сақлайды. Химиялық зәҳәрли элементлерди өзине сорып алып, топырақты тазалайды. Жердеги гумустың муғдарын арттырады. Зүрәәтлилик 3-4 центнерге артады.

Илимпаздың илимий жумысы тийкарында таярланатуғын жаңа түрдеги «Қурамалы араласпалы төгин» 2018-2020-жылы иске түскен «Порлытаў химия» ЖШЖда 10т/сутка қуўатлылық пенен, Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими жанындағы киши санаат төгин ислеп шығарыў қурылмасында жылына 80 тоннадан ислеп шығарылып атырғанын атап өтиў керек.

Соның менен бирге, илимпаз С.Бауатдиновтың усы күнге шекем Қарақалпақстан аўыл хожалығына байланыслы темаларда жазған 100 ден аслам илимий мақалалары’ соннан 4 монография, бир патент ҳәм бир халықаралық шөлкемниң, бир Республикалық рекомендациясы бар. Мақалалары сырт еллердеги илимий басылымларда да жарық көрген. Республикалық ҳәм халықаралық илимий конференциялардың қатнасыўшысы болған илимпаздың, мине, усындай мийнетлери ылайықлы баҳаланып, ол 2013-жыл «Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген илим ғайраткери» ҳүрметли атағын алыўға миясар болды.

Усы орында соны да айтып өтким келеди, 77 жаста илим докторы болыў ҳәммениң де қолынан келе бермейди. Бул – тарийхта кемнен-кем ушырасатуғын ҳалат.

 

ИЛИМГЕ ЫҚЛАСЛЫ ШАҢАРАҚ

С.Бауатдиновты бир неше жылдан берли танығаным себепли оны өз өмирин ҳәрип танығаннан ҳәзирге дейин илим үйрениўге бағышлаған илимпаз, деп айта аламан. Буның тийкары, яғный С.Бауатдиновтың илим менен шуғылланыўы елимиз – уламалар журты болыўы менен бирге, илимге болған ықлас оның қанында бар.

Оның бабасы – шайх, ҳәзирети Қутлыхожа ийшан Әзийзберди шайх улы Қарақум ийшан медресесине, қарақалпақтың илим дәргайына тийкар салған. Халқымыз жақсы биледи, бул медресе сол дәўирдиң белгили, тийкарғы илимий орайы болған. Ол жерден Күнхожа, Бердақ шайыр, Қасым Әўезов, Алланазар Ахун, Мәснаўий, Дабыл ийшан, Сәлмен ийшан ҳәм басқа да көплеген ел азаматлары жетилисип шыққан. Ҳәттеки, ол жерге қоңсылас еллерден де талабалар келип тәлим алған.

 

 

Мине, шежиреси илимнен биняд болған илимпаз Сали Бауатдинов Шымбай районында зыялылар шаңарағында дүньяға келди. 1960-жылы мектепти питкерип, 1961–1966-жыллары жоқары оқыў орнында да билим алып, мийнет жолын 1966-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында кафедра оқытыўшысы болып жумыс ислеўден баслаған. Ол бүгинги күнге шекем жасларға тәлим-тәрбия бериў менен бирге илимий-изертлеў сырларын үйретип келмекте. Инсанның ҳақыйқый илимпазлығы оның тек илимий жумысларды ислеўи менен емес, ал илимди әмелиятқа, тәрбияны мәнаўиятқа енгизиўи менен де әҳмийетли.

С.Бауатдиновтың өмир жолына нәзер таслар екенбиз, ол өмирлик жолдасы Орынгүл менен бир қыз ҳәм бес улды камалға келтирип, оларды да илимли етип тәрбиялағанына бүгин жәмийеттиң өзи гүўа. Баласы ҳәм шәкирти Ташкенбай әке жолынан барып, әке кәсибине садық қалған ҳалда 2018-жылы техника илимлери бойынша философия докторы (PhD) болды. Бүгинги күнде С.Бауатдиновтың перзентлериниң барлығы жоқары мағлыўматқа ийе ҳәм олар мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында пидайы мийнет етип келмекте.

Ал, илимпаздың перзентлериниң бири Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Бауатдинов  «Қураны кәрийм мәнилериниң аўдарма ҳәм тәфсифи»н қарақалпақ тилине биринши рет аўдарма ислеп, халқымызды шексиз қуўанышқа бөледи.

Ол әсиресе, ата-балаларымыздан қалған бийбаҳа мийрас болған ески қол жазбаларды үйренген ҳалда қолланбалар ҳәм шығармалар жазыў бойынша тынымсыз излениўлер нәтийжесинде халқымызға сап ислам дининиң мазмун ҳәм мәнисин ашып беретуғын бир қанша китаплар үстинде көп жыллардан берли жумыс алып бармақта ҳәм усы күнге шекем 20 дан аслам китаплары жарық көрген.

Мине усы мийнетлери нәтийжесинде Шамсуддин Бауатдиновқа Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «ҳүрметли профессоры» атағы берилди.

 

 

Усындай бахытлы шаңарақтың басшысы, илим менен шуғылланып атырған жасларымыз қатары излениўден тоқтамаған С.Бауатдиновтың ислеп атырған илимий жумыслары ҳәр қандай мақтаўға ылайық болыўы менен бирге, келешек әўладқа, бәрше инсанларға өрнек болыўы сөзсиз.

Мине оқығаныңыздай, буған биринши гезекте өз шаңарағы, перзентлери, шәкиртлери ашық-айдын мысал.

«Илим қараңғылықты жақтыландырыўшы шырақ», деп халқымыз бийкарға айтпаған. Мен де өмир жолымды илим менен жақтыландырдым. Перзентлеримди илимниң арқасында табылған ҳадал ырысқы менен камалға келтирдим. Илимий изертлеў жумыслары пайытында бир қатар қыйыншылықлар да болып турды. Бирақ, қыйыншылықсыз ҳеш нәрсеге ерисе алмаймыз. Бирақ, тоқтамадым, тынбадым, излендим. «Жасым өтти, енди болды», демедим. Себеби, ата-бабаларымыз айтқанындай, инсан баласы қәбирге шекем илим излеўи керек,-дейди қаҳарманымыз.

Маған Президентимиздиң «Илим-пән менен шуғылланыў, яғный жаңа ашылыў ҳәм ойлап табылыўларды әмелге асырыў ийне менен қудық қазыўдай гәп. Солай екен, бул машақатлы тараўда пидайы мийнет етип атырған илимпазларымыздың мийнети мақтаў ҳәм хошаметке мүнәсип», деген сөзлери де қуўат ҳәм күш бағышлап турды. Илим-пән, тәлим-тәрбия инсан өмириниң зәрүрли факторы болғанындай, мен оларсыз өмиримди көз алдыма келтире алмайман. Аллаҳ қәлесе, келешекте де усындай илмий жумысларды даўам еттириўди нийет еткенмен», – дейди илим докторы С.Бауатдинов.

 

 

Шынында да, Ислам тәлийматында: «Илимнен, излениўден тоқтаған адам пикирлеўден тоқтаған болып есапланады», делинеди.

Елимиздеги өзи де, шаңарақта тәрбия берген перзентлери де туўылған Ўатанының раўажланыўына, оның тынышлығына, илимли, билимли болыўына тынбай үлес қосып киятырған азаматларды көрип, қуўанады адам.

Тынымсыз мийнетлериниң нәтийжесинде илим докторы дәрежесине жетисип, ел-халқымызға үлкен пайдасы тийетуғын азамат ул-қызларды тәрбиялап, мудамы излениўде болып киятырған Сали Бауатдиновқа күш-ғайрат тилеймиз.

Илим пидайылықты ғана сүйеди. Ал, оның негизинде адамзатқа пайдам тийсин, тек ғана жақсылыққа хызмет ететуғын дөретиўшилик жаратыўым керек, деген жақсы нийет турады. Илимпазға, мине усы жақсы нийетиңиз бәрқулла жолдасыңыз болсын, деймиз.

Келешекте де илимге қуштар алым Сали Бауатдиновтың шаңарағынан елимиздиң илим-билимлендириўиниң еле де раўажланыўына үлкен үлес қосатуғын әҳмийетли илимий жумыслар, ашылыўлар күтип қаламыз.

 

Қ.Камалов,

«Эл-юрт ҳурмати» ордени ийеси,

Мийнет қаҳарманы,

Өзбекстанға хызмет көрсеткен экономист.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.