ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ АЛДЫНАН
Елимизде ғәрессизликтиң дәслепки жылларынан баслап тәлим-тәрбия системасын түпкиликли реформалаўға айрықша итибар қаратылып, жасларымыздың дүнья жүзи талаплары дәрежесинде билим алыўы және кәсип-өнер ийелеўине, физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсанлар болып жетилисиўине, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыўына айрықша итибар қаратылып келинбекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 13-ноябрьдеги «Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында усы институтың Нөкис қаласында филиалы ашылды. Қарарға муўапық, 2019-2020-оқыў жылында филиалға кәншилик иси ҳәм химиялық технология тәлим бағдары бойынша 17 грант ҳәм 37 төлемли-контракт тийкарында жәми 54 студент қабыл етилди.
Филиалда 17 профессор-оқытыўшы еки жумысты қатар ислеў тийкарында жумыс алып бармақта. Бул болса, оқыў орнында илимий потенциалдың 47 процентин қурайды. 2019-2020-оқыў жылынан баслап 7 жоқары оқыў орны ҳәм 1 илим-изертлеў мәкемеси, 3 өндирис кәрханасы менен бирге ислесиў жолға қойылған болып, 3 халық аралық шәртнама дүзилди.
Мәлимлеме-ресурс орайына 380 дана оқыўлық ҳәм көркем әдебият Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтынан алып келинген болып, жетиспейтуғын әдебиятлардың электрон версиялары менен тәмийинленди. Интернет тармағында филиалдың http://www.ndkinf.uz сайты болып, ол турақлы түрде жаңаланып барылмақта.
Материаллық-техникалық базаны беккемлеў бойынша филиалдың бөлимлери, оқыў аудиториялары, компьютер класслары ҳәм сервер бөлмелери заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки компьютер тармағын жетилистириў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта.
–Жаңа оқыў жылынан оқыў орнымыздың толық жумыс алып барыўы ушын өз алдына имарат, соның ишинде, оқыў аудиториялары ҳәм лабораториялар, спорт залы, студентлер жатақханасы, сондай-ақ, жер орынларын ажыратыў жумысларын алып барыў режелестирилген,–дейди филиал директоры Фазлидин Худайбердиев. – Кәншилик иси ҳәм химиялық технология тәлим бағдарына қосымша жаңадан машина қурылысы технологиясы, машина қурылысы өндирисин үскенелеў ҳәм автоматластырыў, технологиялық процесслер, өндиристи автоматластырыў ҳәм басқарыў тәлим бағдарлары бойынша талабанлар қабыллаў режелестирилген. Филиалда оқытыў санлы технологиялар, соның ишинде, https://dist.edu.uz/navdkinf/ moodle электрон платформасы, онлайн, вебинар технологияларды енгизиў, заманагөй оқыў әдебиятлары ҳәм көргизбели қураллар менен тәмийинлеў, илим ҳәм өндирис арасындағы интеграцияны буннан былай да жетилистириў нәзерде тутылмақта. Соның менен бирге, илимий-изертлеўлер менен өндирис тармақлары арасында өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлерин жолға қойыў, сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў, мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарлама бойынша орынланыўы мөлшерленген илимий-изертлеўлер, инновацияны енгизиў тараўында халықаралық бирге ислесиў механизмлерин ислеп шығыў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў белгиленген. Буннан тысқары, сыртқы ҳәм биргеликтеги тәлим бағдарламаларын ислеп шығыў, мектеп, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң питкериўшилерине мағлыўматлар бериў, сырт елли студентлердиң қатарын көбейтиў алда турған әҳмийетли ўазыйпалардан есапланады.
Әлбетте, Президентимиз тәрепинен елимизде жоқары билимлендириўге қаратылып атырған айрықша итибар тараўда жаңа басқышты баслап бермекте. Демек, тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли ислер жақын келешекте өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы