Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Кейинги жыллары елимизде оқыў-методикалық процесске инновациялық алдыңғы ҳәм халықаралық билимлендириў стандартларын енгизиў, кадрлардың потенциалын арттырыў ҳәм профессор-оқытыўшылардың мийнетин хошаметлеў, сондай-ақ, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўди нәзерде тутатуғын юридикалық билимлендириў системасын жетилистириў бойынша бир қатар анық илажлар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, миллий юридикалық билимлендириўдиң нәтийжелилиги салыстырмалы түрде төменлигинше қалмақта, бул жоқары маман қәниге-ҳуқықтаныўшыларды таярлаў ҳәм елимизде юридикалық илимди раўажландырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар ҳәм кемшиликлердиң бар екенлиги менен түсиндириледи.
Юридикалық кадрларды таярлаў тараўында бәсекиниң жоқ екенлиги миллий юриспруденция илимий мектебиниң қәлиплесиўине унамсыз тәсир етпекте, сондай-ақ, аймақлардағы қәбилетли жаслар ушын тең билим алыў имканиятларын шеклемекте.
Ҳуқық тараўындағы илимий изертлеўлер нәтийжелерин әмелий жақтан енгизиў, оқытыўдың алдыңғы методларынан кеңнен пайдаланыў, сондай-ақ, заманагөй талапларды инабатқа алған ҳалда билимлендириў стандартларын модернизациялаў ҳәм оқыў бағдарламаларын қайта көрип шығыўға жетерли итибар берилмей атыр, бул болса юридикалық билимлендириў сапасының ҳәм илимий потенциалының төменлеўине алып келмекте.
Юридикалық билимлендириў ҳәм илим системасын түп-тийкарынан жетилистириў, олардың халықаралық билимлендириў майданындағы бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў, юридикалық кадрларды таярлаў сапасын арттырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:
1.Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Жоқары суды, Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай, сондай-ақ, кең юридикалық жәмийетшиликтиң:
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетин (кейинги орынларда – ТМЮУ) «юриспруденция» қәнигелиги бойынша юридикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў бойынша базалық жоқары билимлендириў ҳәм илимий-методикалық мәкемеси етип белгилеў;
Самарқанд, Наманган ҳәм Термиз мәмлекетлик университетлеринде юридикалық факультетлер (кейинги орынларда – юридикалық факультет) шөлкемлестирип «юриспруденция» бағдары бойынша Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен келисилген ҳалда белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын ҳәм тастыйықланатуғын квоталар бойынша қабыллаўды, соның ишинде, дифференциялластырылған төлемли-контракт тийкарында қосымша қабыллаўды әмелге асырыў;
мәмлекет, ҳуқық ҳәм сиясий-ҳуқықый билимлендириў тараўында фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлерди әмелге асыратуғын Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Мәмлекет ҳәм ҳуқық институтын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
2. Төмендегилер юридикалық билимлендириўди ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
заман талаплары, алдынғы халықаралық юридикалық тәжирийбе ҳәм мийнет базарының талаплары тийкарында жоқары қәнигели, дөретиўшилик пенен пикирлейтуғын, ҳадал кадрлар таярлаўды тәмийинлеў;
оқытыўдың кредит-модуль системасын ҳәм студентлердиң билимин баҳалаў усылларын жетилистириў, оқыў процесинде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен қолланыў және оқыў базасын модернизациялаў;
клиникалық юридикалық билимлендириўди раўажландырыў жолы менен оқыў процеси ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты арасында тығыз байланысты тәмийинлеў;
раўажланған сырт еллердиң жетекши билимлендириў ҳәм илимий мәкемелери менен бирге ислесиўди, биргеликтеги ҳуқықый изертлеўлерди, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң өз-ара алмасыўын жеделлестириў;
мәлимлеме ҳуқықый технологиялар менен системаларды (Legal Tech) ислеп шыққан ҳалда мәмлекет ҳәм ҳуқық тараўында илимий ҳәм инновациялық изертлеўлерди өткериў;
сырт елли бирге ислесиўшилер менен биргеликте юридикалық кадрларды таярлаў бойынша биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын (double degree) әмелге асырыў, оқыў-билимлендириў процесине сырт ел илимпазларын ҳәм қәнигелерин жедел тартыў;
«Электрон университет» (E-University) системасын енгизген ҳалда ашық-айдын, субъективлик ҳәм лаўазымынан пайдаланыўдан жырақ болған билимлендириў орталығын жаратыў;
ТМЮУ ҳәм юридикалық факультетлерди халықаралық тән алынған билимлендириў мәкемелериниң рейтингине киргизиў бойынша илажларды әмелге асырыў арқалы миллий юридикалық билимлендириўдиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў.
3. Юридикалық кадрларды таярлаўға буйыртпа қәлиплестириўдиң сондай тәртиби енгизилсин, оған муўапық:
ТМЮУ, юридикалық факультетлер ҳәм юридикалық техникумларға қабыллаў параметрлери юридикалық кадрларға болған талапты мониторинг етиў ҳәм прогнозластырыў электрон платформасын жаратып мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, ҳәр қыйлы мүлкшилик түриндеги шөлкемлер, соның ишинде, исбилерменлик субъектлеринде ҳәзирги ҳәм келешектеги юридикалық кадрларға болған талапты есапқа алып, ҳәр бир аймақ, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўлар кесиминде таллаў тийкарында қәлиплестириледи;
мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, Саўда-санаат палатасы ҳәм Өзбекстан фермер-дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәр жылы белгиленген мүддетлерде жумыс бериўшилердиң юридикалық кадрларға болған талаплары ҳаққындағы мағлыўматларды Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине усыныс етеди;
мүлкшиликтиң барлық түрлериндеги шөлкемлер, соның ишинде, исбилерменлик субъектлери, юридикалық кадрларды таярлаўға буйыртпаны қәлиплестириўде қатнасыўға, атап айтқанда, ТМЮУ, юридикалық факультетлер ҳәм юридикалық техникумларда кадрларды мақсетли таярлаў ушын төлемди, олар тәрепинен оқыўды тамамлағанынан соң, шәртнамада белгиленетуғын мүддет даўамында шөлкем-буйыртпашыда үзликсиз ислеў миннетлемесин қабыл еткен ҳалда, әмелге асырыўына ҳақылы;
потенциаллы жумыс бериўшилер менен биргеликте шәртнама тийкарында қәнигелер таярлаўды (билимлендириў кластерлери) шөлкемлестирген ҳалда юридикалық кадрларды таярлаўға буйыртпа жайластырыў ушын юридикалық кадрлар таярлайтуғын билимлендириў мәкемелерин сайлап алыў таңлаўы енгизиледи.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:
Саўда-санаат палатасы ҳәм Өзбекстан фермер-дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте турақлы түрде исбилерменлик субъектлерине, соның ишинде, аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларына, өзиниң юридикалық хызметлерин шөлкемлестириўде жәрдемлессин;
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине юридикалық мағлыўмат зәрүр болған лаўазымлар дизимин кеңейткен ҳалда Хызметкерлердиң тийкарғы лаўазымлары ҳәм жумысшылардың кәсиплери классификаторын қайта көрип шығыў бойынша усынысларды киргизсин.
4. Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Қәўендерлик кеңесиниң жаңа қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Қәўендерлик кеңесине, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалар менен бир қатарда, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, ҳәр қыйлы мүлкшилик шөлкемлери, соның ишинде, исбилерменлик субъектлеринде юридикалық кадрларға болған ҳәзирги ҳәм келешектеги талапты терең таллаў тийкарында юридикалық кадрларды таярлаўға буйыртпаны нәтийжели қәлиплестириўди тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленсин.
5. Төмендегилер:
ТМЮУ да Нагоя университети (Япония) менен биргеликте шөлкемлестирилген япон тили ҳәм ҳуқықы ҳаққындағы билимлерге ийе маман юридикалық кадарларды таярлаў, академиялық алмасыў ҳәм биргеликте илимий ҳуқықый изертлеўлерди өткериўге жәрдемлесетуғын Япон ҳуқықын үйрениў орайы жумыс ислеп атырғанлығы;
Регенсбург университети (Германия Федеративлик Республикасы) менен 2020-жылы ТМЮУ да немис тили ҳәм ҳуқықын билетуғын жоқары маман юридикалық кадрларды таярлаўға қаратылған Немис ҳуқықы ҳәм салыстырмалы-ҳуқықый изертлеўлер орайын ашыў ҳаққында келисимге ерисилгенлиги;
Уллы Британия ҳәм Қытай Халық Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелери менен ТМЮУ да инглис ҳәм қытай ҳуқықын үйрениў орайларын шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте ТМЮУға сырт ел ҳуқықын үйрениў орайларының жумысын шөлкемлестириўде ҳәр тәреплеме жәрдем берип барсын.
6. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм ТМЮУдың төмендегилер ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин:
а) ТМЮУда Халықаралық ҳуқық ҳәм салыстырмалы ҳуқықтаныўшылық факультети (кейинги орынларда – Факультет) шөлкемлестириў, оған төмендеги тийкарғы ўазыйпаларды жүклеў:
халықаралық жеке меншик ҳуқықы, соның ишинде, халықаралық арбитраж ҳуқықын терең үйрениў, сондай-ақ, миллий ҳәм япон, немис ҳуқықы және де басқа раўажланған сырт еллердиң ҳуқық системаларын салыстырмалы изертлеў тийкарында жоқары маман юридикалық кадрларды таярлаў;
Япония, Германия ҳәм басқа да раўажланған сырт еллер ҳуқықы ҳәм ҳуқықый системаларының салыстырмалы изертлеўлери нәтийжелерин есапқа алған ҳалда халықаралық ҳуқық нормаларын имплементациялаў ҳәм миллий нызамшылықты жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
сырт ел ҳуқықы ҳәм ҳуқықый системаларын салыстырмалы изертлеў мақсетинде сырт еллердиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлериниң алмасыўын және стажировкаларды системалы тийкарда шөлкемлестириў;
конституциялық, пуқаралық, ҳәкимшилик, жынаят, жынаят-процессуаллық ҳәм ҳуқықтың басқа тараўларына байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыўда қатнасыў;
б) Факультеттиң тийкарғы бирге ислесиўшилери сыпатында Япония тәрепинен – Нагоя университетин, Германия Федеративлик Республикасы тәрепинен – Регенсбург университетин белгилеў;
сырт елдиң ҳуқықты үйрениў орайлары Факультет қурамында жумыс ислейтуғыны;
Факультет тийкарында сырт ел билимлендириў мәкемелери ҳәм халықаралық шөлкемлер менен ҳуқық тараўында биргеликтеги изертлеў, оқыў-билимлендириў ҳәм басқа жойбарларды шөлкемлестириў бойынша майдан жаратылатуғынлығы;
Факультеттеги оқыў процесине сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары жедел тартылатуғыны белгиленсин.
7. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги үш ай мүддетте Нагоя ҳәм Регенсбург универистетлери және сырт еллердиң басқа да жоқары билимлендириў мәкемелери, халықаралық шөлкемлер ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерсин ҳәм олардың нәтийжелерине бола төмендегилердиң тастыйықланыўын тәмийинлесин:
2020-2025-жыллары жетекши япон, немис ҳәм басқа да сырт ел илимпазларының юридикалық пәнлер бойынша оқыў әдебиятлары дүркинин мәмлекетлик тилге аўдарыўды ҳәм басып шығарыўды шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасы;
2021-2022-жыллары сырт еллердиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлериниң алмасыўын және стажировкаларды шөлкемлестириў кестеси.
Усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды орынлаўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары және қәўендерлер ҳәм донорлардың қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
8. Ташкент қаласы ҳәкимлиги Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Әдиллик министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Ташкент қаласында, инновациялық оқыў процесин шөлкемлестириў ушын зәрүр инфраструктураға ийе ТМЮУдың заманагөй кампусын қурыў имканиятларын үйренип шығып, Өзбекстан Республикасы Минстрлер Кабинетине тийкарланған усынысларды киргизсин.
9. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020/2021 оқыў жылынан баслап төмендегилерди нәзерде тутатуғын усыныслары мақуллансын:
Өзбекстан Республикасы пуқараларын ТМЮУ магистратурасына Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы ( кейинги орынларда – Мәмлекетлик тест орайы) тәрепинен өткерилетуғын тест сынақлары арқалы қабыллаў, базалық жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған шахслар ушын өндиристен ажыралмаған ҳалда аралықтан, сыртқы ҳәм кешки оқыў бағдарламаларын енгизиў;
базалық жоқары юридикалық мағлыўматқа және мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўдың орайлық уйымларында юридикалық бағдар бойынша кеминде бес жыл жумыс стажына ийе болған басшы хызметкерлерди магистратураға өндиристен ажыралмаған ҳалда аралықтан, сыртқы ҳәм кешки оқытыў бағдарламалары бойынша оқыў ушын қабыллаўды тийисли мәмлекетлик уйымның биринши басшысының усынысына муўапық, кириў тест сынақларысыз, төлемли контракт тийкарында ҳәм қабыллаў параметрлеринен тысқары әмелге асырыў;
«юриспруденция» бағдары бойынша бакалавриатты айрықша тамамлаған питкериўшилерди ТМЮУ магистратурасына тест сынақларысыз, төлемли-контаркт тийкарында, оқыў баҳасының 50 процентин төлеп, қабыллаў параметрлеринен тысқары оқыўды тамамлағаннан соң ТМЮУ, юридикалық факультетлер, юридикалық техникумлар ҳәм ТМЮУ жанындағы лицейде кеминде үш жыл үзликсиз ислеў миннетлемесин жүклеген ҳалда қабыллаў тәртибин енгизиў;
ТМЮУ, юридикалық техникумлар ҳәм ТМЮУ жанындағы академиялық лицейде төлемли тийкарда таярлаў ҳәм басқа да курсларды, жазғы ҳәм қысқы мектеплерди, соның ишинде, сырт ел пуқаралары ушын шөлкемлестириў.
10. ТМЮУ ректорына бюджеттен тысқары (төлемли-контракт, соның ишинде, дифференциялластырылған төлемли-контракт) қаржылар есабынан:
сырт ел қәнигелерин консультант, лектор ҳәм оқытыўшы сыпатында тартып, оларға мийнет базарының әмелдеги коньюнктурасын есапқа алған ҳалда мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлерди белгилеў;
ТМЮУ ҳәм ТМЮУ жанындағы академиялық лицейдиң қәбилетли студент және оқыўшыларына стипендия ҳәм грантлар ажыратыў ҳуқықы берилсин.
11. ТМЮУ финанслық турақлылығы ҳәм билимлендириў хызметлери базарында талаптың жоқарылығын есапқа алып, 2020-жыл 1-январьдан баслап өзин-өзи қаржыландырыў системасыны өткерилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
ТМЮУ өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткен жоқары билимлендириў мәкемелерине берилген ҳуқықлар менен бир қатарда төмендегилерди де еркин түрде әмелге асыратуғыны белгиленсин;
билимлендириўдиң үзликсизлигин ҳәм избе-излилигин тәмийинлеўди есапқа алған ҳалда ТМЮУ жанындағы академиялық лицейдиң оқыў-методикалық процесин муўапықластырыў, оның структурасын, оқыў режелери менен бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў, қабыллаў параметрлерин ҳәм билимлендириў бағдарларын белгилеў;
юридикалық техникумлар ҳәм ТМЮУ жанындағы академиялық лицей педагогикалық хызметкерлериниң мийнетин нормаға салыў;
сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен дүзилген келисимлер тийкарында биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм ТМЮУ, юридикалық техникумлар ҳәм ТМЮУ жанындағы академиялық лицейде қоспа факультетлер шөлкемлестириў;
оқыў ушын төлем муғдарын орнатқан ҳалда ТМЮУ бакалавриат ҳәм магистратурасына дифференциялластырылған төлемли-контракт тийкарында қосымша қабыллаў параметрлерин белгилеў;
бакалавриат ҳәм магистратураға қабыл етиўде тест сынақлары пәнлериниң комплексин, сондай-ақ, оқыў мүддетлери ҳәм студентлер тәрепинен оқыў сабақларына қатнаў тәртибин белгилеў;
ТМЮУ ҳәм ТМЮУ жанындағы академиялық лицейде қәнигелик емес пәнлерди оқытыў ҳәм факультатив сабақлар өткериўди аутсорсинг шәртлеринде шөлкемлестириў;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы барлық түрдеги, соның ишинде, ТМЮУ ҳәм ТМЮУ жанындағы академиялық лицейдиң имарат ҳәм комплекслерин қурыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша келисимлерди дүзиў ҳәм әмелге асырыў;
инновациялық ҳәм илимий жумысты коммерцияластырыў ҳәм финанслық ресурсларды, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында тартыў ушын коммерциялық ҳәм коммерциялық емес шөлкемлер (стартап, қор ҳәм басқалар) дүзиў;
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен келисилген ҳалда финанс жылы ушын ТМЮУ ҳәм ТМЮУ жанындағы академиялық лицейдиң дәраматлар ҳәм қәрежетлер сметасын, штат дизимин, бизнес режесин тастыйықлаў, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, имарат ҳәм комплекслерди капитал оңлаў, реконструкциялаў, хызметкерлерине мийнет ҳақыны төлеў системасын ҳәм тәртибин белгилеў.
12. Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң жумысын және де жетилистириў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
13. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги үш ай мүддетте:
Коррупцияға қарсы гүресиў бағдарламасы, хызметкерлер ҳәм студентлер (оқыўшылар)диң әдеп-икрамлылық кодексин, хызметкерлерди коррупциялық ҳуқықбузарлықлар ислеўге аўдырыў мақсетинде мүрәжат етиў жағдайлары ҳаққында хабардар етиўдиң ашық-айдын тәртибин тастыйықлаў ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша комиссия дүзиў;
ТМЮУди 2030-жылға шекем халықаралық тән алынған шөлкемлер рейтинглериндеги ең жақсы жоқары билимлендириў мәкемелери дизимине киргизиў, сондай-ақ, оның миллий рейтингтеги орнын жоқарылатыў бойынша комплексли илажлар режесин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасы, Нотариал палата ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте адвокатлар, нотариуслар, ПҲАЖ уйымларының хызметкерлери, юрисконсультлар ҳәм басқа да хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў системасын заман талапларын ҳәм халықаралық стандартларды есапқа алған ҳалда жетилистириў бойынша ҳүкимет қарары жойбарын ислеп шығыў ҳәм Министрлер Кабинетине киргизиў;
турақлы тийкарда басып шығарылатуғын рецензия берилетуғын студентлердиң юридикалық журналын шөлкемлестириў;
ТМЮУ жанында ТМЮУ ҳәм юридикалық кадрларды таярлайтуғын республиканың басқа жоқары билимлендириў мәкемелери студентлерин ықтыярлылық тийкарында бирлестиретуғын жас юристлер жәмийетлик бирлеспесин шөлкемлестириўге жәрдем бериў;
Жаңа әўлад сабақлықларын ҳәм оқыў қолланбалар дүркинин әмелге асырылып атырған ҳуқықый реформаларды инабатқа алып, сырт ел илимпазларын ҳәм қәнигелерин тартқан ҳалда таярлаў, сондай-ақ, мәмлекеттеги реформалардың заманагөй басқышының зәрүрликлери ҳәм ири сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда оқыў режелери менен бағдарламаларын жаңалаў ҳәм қайта көрип шығыў бойынша илажлар комплексин ислеп шығыўды тәмийинлесин.
14. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
Самарқанд, Наманган ҳәм Термиз мәмлекетлик университетлеринде юридикалық факультетлердиң жумысын шөлкемлестириў бойынша комплексли илажларды әмелге асырсын;
юридикалық факультетлердиң жоқары маман, заманагөй билимлендириў түрлерин ҳәм усылларын ийелеген, илимий потенциал ҳәм әмелий жумыс тәжирийбесине ийе болған педагог кадрлар менен толықтырылыўын тәмийинлесин;
юридикалық факультетлерде оқыў процесин кредит-модуль системасы, заманагөй билимлендириў технологиялары, ең жаңа мәлимлеме ҳәм оқыў-лаборатория үскенелерин кеңнен енгизиў ҳәм пайдаланыў тийкарында шөлкемлестирсин;
юридикалық факультет оқытыўшыларының ҳәр жылы Өзбекстан ҳәм сырт мәмлекетлердиң жетекши билимлендириў мәкемелеринде, илимий-изертлеў орайларында, нызамшылық, суд, ҳуқықты қорғаў ҳәм басқа да уйымларында стажировка өтеўи бойынша бағдарламалар таярланыўын ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлесин;
үш ай мүддетте Министрлер Кабинетине юридикалық факультетлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша тийкарланған усыныслар киргизсин.
Юридикалық факультетлер шөлкемлестирилип атырған жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорларына юридикалық факультетлердиң профессор-оқытыўшылары ушын олардың анық жумыс нәтийжелерин есапқа алған ҳалда, жоқары билимлендириў мәкемелериниң усы факультетлеринде студентлер оқыўынан түсетуғын бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қосымша үстемелер белгилеў ҳуқықы берилсин.
15. а) 2020/2021 оқыў жылынан баслап юридикалық техникумларда:
қәнигелик емес пәнлердиң саны қысқартылып, оқыў процеси кредит-модуль системасын қоллаған ҳалда шөлкемлестирилетуғыны;
Өзбекстан Республикасы пуқараларын қабыллаў Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен өткерилитуғын тест сынақлары арқалы әмелге асырылып, дифференциялластырылған төлемли-контракт тийкарында қосымша қабыллаў тәртиби енгизилетуғынлығы;
юридикалық техникумлар ҳәм ТМЮУ жанындағы академиялық лицейдиң биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын ҳәм қоспа факультетлерин тамамлағаннан соң оқыўды даўам еттирген шахсларға берилген сырт ел билимлендириў мәкемелериниң белгиленген түрдеги дипломлары (бакалавриат, магистратура) Өзбекстан Республикасынды қосымша ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларысыз жоқары билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғынлығы;
базалық жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе, юридикалық техникумларда кеминде үш жыл ислеген педагог ҳәм басшы хызметкерлер ТМЮУ магистратурасына кириў тест сынақларысыз, төлемли-контракт тийкарында, қабыллаў параметрлеринен тысқары, оқыўды тамамлағаннан соң оқыў бойынша әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелеринде, биринши гезекте, юридикалық техникумларда кеминде үш жыл үзликсиз ислеў миннетлемесин алған ҳалда, кириў ҳуқықына ийе екенлиги;
б) 2020/2021 оқыў жылынан баслап ТМЮУ жанындағы академиялық лицейде қабыллаў тәртиби ҳәм параметрлери, сондай-ақ, оқыў ушын төлем муғдары ТМЮУ тәрепинен еркин белгиленген ҳалда, төлемли-контракт, соның ишинде, дифференциялластырылған төлемли-контракт тийкарында қосымша қабыллаў тәртиби енгизилетуғынлығы;
в) 2020/2021 оқыў жылынан баслап ТМЮУ жанындағы академиялық лицейдиң барлық пәнлер бойынша жоқары нәтийжелерге ийе питкериўшилери ТДЮУға кириў тест сынақларысыз, жеке тәртипте сәўбет өткериў арқалы, төлемли-контракт тийкарында, қабыллаў параметрлеринен тысқары кириў ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп қойылсын.
16. «Ҳуқық» билимлендириў тараўы ушын мәмлекетлик билимлендириў стандарты Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен келисилген ҳалда ислеп шығылатуғынлығы ҳәм тастыйықланатуғынлығы;
ТМЮУ, юридикалық факультетлер ҳәм юридикалық техникумлардың профессор-оқытыўшылары ҳәм басқа да хызметкерлери министрликлер ҳәм уйымлардың оқыў, илимий-изертлеў, руўхый-ағартыўшылық жумысы, сондай-ақ, шәртнамалар шеңберинде көрсетилетуғын хызметлерден тысқары басқа жумысларға тартылыўы мүмкин емеслиги;
тийкарғы қураллар ҳәм товар-материаллық байлықларды сатыў, төлемли курсларды шөлкемлестириў ҳәм басқа түрдеги хызметлерди көрсетиўден түсетуғын барлық қаржылар, ТМЮУ ҳәм юридикалық техникумлардың раўажландырыў қорларында топланатуғыны, олар усы қаржыларға еркин түрде ийелик ететуғыны;
2020-жыл 1-майдан баслап ТМЮУ, юридикалық техникумлар ҳәм ТМЮУ жанындағы академиялық лицейдиң мүлкин ижараға бериўден келип түсетуғын қаржылар электрон саўда майданшасы операторы төлемин шегирип таслаған ҳалда, толық көлемде усы мәкемелердиң раўажландырыў қорларына өткерилетуғынлығы;
ТМЮУға аралықтан, сыртқы ҳәм кешки оқытыў түрлерин шөлкемлестириў ҳуқықы берилетуғынлығы;
ТМЮУ жоқары билимлендириў мәкемелерениң төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түскен қаржылары есабынан қәлиплестирилетуғын қорларға өткерилетуғын барлық ажыратпалардан азат етилетуғынлығы белгиленсин.
17. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине төмендеги ўәкилликлер берилсин:
юридикалық техникумларда төлемли-контракт тийкарында оқыў баҳасын ҳәм оны төлеў мүддетлерин, сондай-ақ, дифференциялластырылған төлемли-контракт бойынша қосымша қабыллаў параметрлерин ҳәм баҳасын тастыйықлаў;
ТМЮУ, юридикалық техникумлар ҳәм ТМЮУ жанындағы академиялық лицейдиң ҳәкимшилик-басқарыў, оқыў-жәрдемши, инженерлик-техникалық, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да хазметкерлериниң үлги штатларын (нормативлерин), сондай-ақ, юридикалық техникумлардың структурасын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
ТМЮУ, юридикалық техникумлар ҳәм ТМЮУ жанындағы академиялық лицей хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдарларын бюджеттен тысқары (төлемли-контракт, соның ишинде, дифференциалластырылған төлемли-контракт) қаржылар есабынан усы мәкемелердиң басшы хызметкерлери ҳәм оқытыўшыларының базалық лаўазым айлықларына теңлестириў;
алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, юридикалық техникумларда оқыў мүддетлерин ҳәм түрин белгилеў;
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги системасындағы билимлендириў мәкемелериниң жыллық ҳәм басқа да финанслық есабатларын додалаў ҳәм тастыйықлаў;
ТМЮУ ректоры ҳәм Кеңесиниң ўәкилликлерин, сондай-ақ, юридикалық техникумлар хызметкерлериниң мийнет ҳақы системасын ҳәм тәртибин белгилеў;
әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан Әдиллик министрлиги системасындағы билимлендириў мәкемелериниң талантлы студентлерине (оқыўшыларына) стипендиялар ҳәм грантлар, сондай-ақ, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери хызметкерлерине сырт ел билимлендириў, илимий ҳәм басқа да шөлкемлерде оқыў, стажировка өтеў ҳәм олар менен байланыслы қәрежетлерин қаплаў ушын грантлар ажыратыў.
18. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Жоқары суды, Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Адвокатлар палатасы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
а) теориялық таярлықтың ҳуқықты қолланыў әмелияты менен тығыз байланыслылығын тәмийинлеўге қаратылған лекциялар, шеберлик сабақлары ҳәм оқыў семинарларын өткериў ушын министрлик ҳәм уйымлардың әмелият хызметкерлерин тартыў арқалы оқыў процесин нәтийжели шөлкемлестириўде ТМЮУ ҳәм юридикалық факультетлерге турақлы түрде ҳәр тәреплеме жәрдем берсин;
б) үш ай мүддетте:
ТМЮУ, юридикалық факультетлер ҳәм юридикалық техникумлардың педагоглар қурамы тәрепинен адвокатлық структурасында стажировкадан өтпестен ҳәм ТМЮУ, юридикалық факультетлер ҳәм техникумларда тийкарғы жумыс орны сақланған ҳалда адвокатлық жумысын әмелге асырыў тәртибин орнатыў бойынша усынысларды киргизсин;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте әмелий сабақлар ҳәм изертлеўлер ушын зәрүр шараятларды жаратқан ҳалда ТМЮУ ҳәм юридикалық факультетлердиң кафедраларын шөлкемлестириўди тәмийинлесин;
ТДЮУ, юридикалық факультетлер ҳәм юридикалық техникумларға өз уйымларындағы статистикалық, архив ҳәм басқа мағлыўматларға тосқынлықсыз кириўди (мәлимлемеден пайдаланыў нызам менен шекленген жағдайлар буған кирмейди), сондай-ақ, билимлендириў илажларын өткериў имканиятын беретуғын видеоконференц-байланыс системасына қосылыўды тәмийинлесин.
19. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қарамағында юридикалық кадрларды таярлайтуғын билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте оқыўға қабыллаў ҳәм оқыў процесин шөлкемлестриў тәртибин усы Пәрман талапларын инабатқа алған ҳалда жетилистириў бойынша илажларды көрсин.
20. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Мәмлекет ҳәм ҳуқық институтының жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Министрлер Кабинетиниң қарарын қабыл етсин.
21. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2013-жыл 28-июньдеги «Юридикалық кадрлар таярлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-1990-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
22. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
23. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
24. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 29-апрель