Россияның Ташкенттеги елшиханасы  Өзбекстанды тәрк етпекши болған ўатанласлар ушын самолёт шөлкемлестириў мәселеси үстинде жумыс алып бармақта. Оған, Өзбекстан ҳүкимети коронавирус тарқалыўының алдын алыў бойынша басқа мәмлекетлер менен транспорт байланысы тоқтатылғаны ҳаққындағы қарары себеп болды, деп мәлим етти Россияның мәмлекетимиздеги дипломатия миссиясының баспасөз хызмети.

Өзбекстан ҳүкимети 15-март күни Франциядан қайтқан пуқарада COVID-19 коронавирус анықланғаны ҳаққындағы хабар артынан дүйшемби күни басқа  мәмлекетлер менен авиа ҳәм автомобиль байланысларын тоқтатқанын жәриялады. Пийшембиден баслап темир жол байланысы да тоқталылады. Сырт ел пуқаралары ушын да елине қайтыў ушын чартер рейслер шөлкемлестириледи, делинеди усы хабарда.

«Ҳәзирде Россия пуқараларын Өзбекстаннан алып кетиў ушын арнаўлы бортлар шөлкемлестирилмекте. Өзбекстанды тәрк етиўди қәлеген россиялы пуқаралардың дизими дүзилмекте. Дипмиссия қайтпақшы болған пуқаралар сораў қағазларын толтырып, елшихананың консуллық бөлиминиң электрон мәнзилине жибериўи мүмкин», – делинеди елшихана сайтында.

 

ӨзА