Мойнақ районындағы “Мәдели” аўыл пуқаралар жыйнында “Порлытаў” суў душшыландырыўшы насос станциясы пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында З.Қалжановаға тийкарланып ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.

Усы мүнәсибет пенен болып өткен илажға Мойнақ районы ҳәкими Е.Еденбаев, Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министри Р.Сеитов, сондай-ақ, районлық тийисли мәкеме, шөлкемлердиң басшылары ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Арал бойы аймақларын раўажландырыў қорының 2 млрд 154 млн сумлық қаржылары есабынан реконструкцияланған бул объект аймақтағы 1150 пуқараны ишимлик суўы менен тәмийинлеўге толық мүмкиншилик жаратады.

Район ҳәкими Е.Еденбаев ҳәм Турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў министри Р.Сеитовлар өз сөзинде аймақ турғынларын Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы ҳәм ашылыў мәресими менен қызғын қутлықлады ҳәм Мойнақ районы халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумысылар ҳаққында тоқтап өтти.

Атап айтқанда, районда 2019-жыл инвестициялық бағдарламалар тийкарында жәми 11 объектте қурылыс-реконструкция жумысларын алып барыў режелестирилген.

Таза ишимлик суўы бағдарламалары тийкарында райондағы “Таллы өзек”, “Арал” ҳәм “Жайҳун” АПЖларына 2,35 км ишимлик суў тармақларын улыўма қурыў ҳәм 3-басқыш насос имаратына 2 дана насос агрегатларын орнатыў режелестирилген болып, бул жумысларға жәми  837,2 млн сум қаржы ажратылған.

Арал бойы аймақларын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан улыўма муғдары 1 млрд 615,1 млн сумлық “Бозатаў” АПЖ Шағырлы аўылында 8,9 км, “Жайҳун” АПЖда 1,02 км ишимлик суў тармақларын тартыў, “Мәдели” АПЖның Порлытаў аўылында суўды душшыландырыў насос станциясын реконструкциялаў ҳәм 7,5 км ишимлик суў тармақларын тартыў жумыслары алып барылды.