Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен алып барылып атырған илажлар тийкарында жақында пайтахтымызға Ҳиндстанның «Артемис»  клиникасының гастроэнтеролог-шыпакери Манзоор Ахмад Мирдиң басшылығында бир топар қәнигелер келип, тараў қәнигелери менен ушырасыўлар өткерди.

Олар Республикалық көп тармақлы медицина орайында «Ҳәмиледарлық дәўиринде ушырасатуғын баўыр кеселликлериниң профилактикасы ҳәм емлеў усыллары» темасында оқыў семинар өткерди.

Илажға республикамыздағы барлық қала ҳәм районлардағы медицина мәкемелериниң улыўма әмелият шыпакерлери, гастроэнтерологлары, акушер гинекологлары қатнасты.

– Бул илажды өткериўден мақсет – елимизде ана ҳәм бала саламатлығын беккемлеў, ҳәмиледарлық дәўиринде ушырасатуғын баўыр кеселлигиниң алдын алыўдан ҳәм саламат анадан саламат перзент туўылыўына ерисиўден ибарат. Жәмийет саламатлығы ҳәм денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў илим изертлеў институты Қарақалпақстан аймақлық бөлимшеси қәнигеси Т.Ғаниева.

Сондай-ақ, олар  Қоңырат районлық медицина бирлеспесинде, Республикалық емлеўханада да болды. Наўқасларды көрип, шыпакерлер менен бирге тәжирийбе алмасыў илажлары әмелге асырылды.

Бул бағдардағы илажлар даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.