Өзине жақсы бир пальто сатып алыў ушын пуқара Қ.Есбергенова Хожели қаласындағы орайлық базарға барады. Дүканлардың биринен өзине унаған бир пальтоны сатып алады. Үйине келсе оның нуқсаны бар екенлигин көрип,  оны сатыўшыға қайтып алып  барады. Сатыўшы оның пальтосын алмастырып бермейди ямаса пулын қайтармайды. Буннан наразы болған пуқара Нөкис қалалық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етип, жәмийет қәнигелери тәрепинен оның пальто ушын төлеген  650 мың сум пулы қайтарып бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында таярланды)

Телеграмдағы каналымызға ағза болыӊ