Беруний районының ғәллекешлери республикамызда бириншилерден болып шәртнамалы режесин артығы менен орынлап шықты.
Өткен жылы районда 194 фермер хожалығы тәрепинен 3350 гектар жерге ғәлле егилген еди. Агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларының сапалы алып барылыўы нәтийжесинде мол өним алыўға ерисилди. Бүгинги күнге мәмлекетимиз қырманына 7369,4 тонна дән тапсырылып, шәртнамалы реже 100,3 процентке орынланды.
Жетистирилген өнимди сепситпей орып-жыйнап алыў мақсетинде бул жумысларға 27 комбайн қатнастырылып, олардың ҳәр бирине үшеўден жүк автомашинасы бириктирилди.
Райондағы Абай атындағы, «Дослық», Беруний атындағы, «Бийбазар», «Шимом», Наўайы атындағы ҳәм «Қызылқала» аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларындағы фермер хожалықлары жоқары нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда, «Ниятулла Әзизбек» фермер хожалығы шәртнамалы режесин 145,6, «Жавоҳир Омон» фермер хожалығы 140,9 «Олмосбек Толқинжон уғли» фермер хожалығы 142,5, «Бийбазар жерлери» фермер хожалығы 186,5, «Уста Ибрагим» фермер хожалығы 179,7, «Элдар Юлдашбой» фермер хожалығы 122,5, «Нуратдин Жумагүл» фермер хожалығы 144,6 процентке орынлады.
-Быйылғы жылы 78,1 тонна орнына 140,4 тонна өним тапсырып, шәртнамалы режени районымызда бириншилерден болып орынлап шықтық,-дейди «Шимом» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Уста Ибрагим» фермер хожалығының баслығы Муса Бабажанов.-Зүрәәтлилик гектарына 61,2 центнерден туўра келди. Ғәллешиликтиң өзинен быйыл 80 миллион сум сап пайда алыўды нийет етип отырмыз.
Район фермер хожалықлары қалған зүрәәтти де сепситпей жыйнап алып, қосымша 2700 тонна өним жетистириў мақсетинде орым-жыйын жумысларын шөлкемлескенлик пенен даўам еттирмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.