Бурын хабар етилгениндей, абитуриентлерден республикамыздағы жоқары оқыў орынлары ушын ҳүжжет қабыллаў үш жерде алып барылмақта. Яғный, мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм My.gov.uz арқалы 5 жоқары билимлендириў мәкемеси ушын (Ташкент МЮУ, ҚМУ, ФерМУ, СамМУ, ГүлМУ), ал басқа жоқары оқыў орынларында болса, қалған жоқары оқыў орынлары ушын ҳүжжетлер қабыл етилмекте.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жайласқан қабыллаў комиссиясына қабыллаўдың дәслепки күни 17 абитуриент ҳүжжет тапсырды.
– Енди абитуриент ҳүжжет тапсырмайды, ал оригинал ҳүжжетлерди көрсетип, дизимнен өтеди ҳәм өзи менен қайтарып алып кетеди,-дейди қабыллаў комиссиясының баслығы О.Дүйсенбаев. – Дизимнен өтиў ушын паспорт (ол жоқ болса, 09-форма, ямаса туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығы), диплом ямаса аттестат (қосымшасы менен), егер жеңилликке ийе болса, оны тастыйықлаўшы ҳүжжет, жоқары оқыў орынлары арқалы дизимнен өткенде де усы ҳүжжетлер талап етиледи. Алдынғы жыллардағыдай сүўрет, папка, 086-формадағы медициналық мағлыўматнама шәрт емес.
Усы жылы питкергенлер ушын хызметлер бийпул, өткен жылы ҳәм оннан алдынғы жылы питкергенлер 101365 сум төлейди. Басқа ҳеш қандай төлем талап етилмейди.
Ҳүжжетлерди қабыллаў даўам етпекте.
Дилноза Базарбаева,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 1-курс студенти.