Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-июнь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.
Президентлер усы жыл 14-15-июнь күнлери Бишкек ҳәм Душанбе қалаларында болып өткен Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мажилиси ҳәм Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң бесинши саммити жуўмақлары бойынша пикир алысылды.
Сөйлесиўде Өзбекстан менен Россия арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў, көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Экономиканың түрли тармақларында әҳмийетли жойбарлар ҳәм бағдарламаларды, соның ишинде, быйыл 30-май күни Үргенш қаласында болып өткен Өзбекстан ҳәм Россия ҳүкиметлери басшылары дәрежесиндеги Қоспа комиссияның биринши мәжилисинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў әҳмийетли екенлилигине айрықша итибар қаратылды.
Президентлер халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўге байланыслы әҳмийетли мәселелерди де додалады.
ӨзА