Республикада бийғәрез донорлықты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде 14-июнь – «Халықаралық донорлар күни» «Қәўипсиз күн ҳәмме ушын!» сүрени астында көтериңки руўхта белгиленди.
Республикалық Қан қуйыў станциясында болып өткен усындай илажды Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Қ.Қудайбергенов кирис сөз бенен ашты.
Онда Нөкис қаласындағы Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелериниң қәнигелери, «Жәмийет саламатлығы ҳәм денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў» илимий-изертлеў институтының және Өзбекстан Республикасы «Шыпакерлер Ассоциациясы»ның Қарақалпақстан Республикасы филиалларының жуўапкер ўәкиллери, бийғәрез донорлар қатнасты.
Илажда көп жыллар даўамында бийғәрез түрде қан тапсырып киятырған инсанларға жуўапкер уйымлардың, министрликлер ҳәм шөлкемлердиң қымбат баҳалы саўғалалары тапсырылды. Наўқасланып жатқан, көп муғдарда қан ҳәм оның компонентлерин қабыл етип шыпа тапқан адамлар донорларға өз миннетдаршылығын билдирди.
– 1986-жылы Польша қаласында армияда жүрген ўақтымда 26-апрель күни Чернобыль атом электростанциясында жарылыў болған еди. Сол апатшылық нәтийжесинде жарақат алғанларға қан бериў ушын бизлер – әскерий хызметкерлер де бардық. Сол күннен берли ҳәзирге шекем бийғәрез түрде қан тапсырып келмектемен. Пайтахтымыздағы Республикалық қан қуйыў станциясының медициналық хызметкерлери ҳәмийше жақсы жүз бенен күтип алады, -дейди Хожели районлық Қорғаныў ислери бөлиминиң Жасларды әскерий шақырық ушын таярлаў әскерий бөлиминиң ҳәм усы райондағы Қураллы Күшлер Ветеранлары кеңесиниң баслығы Өсербай Нуржанов. – Қан тапсырыў адам денсаўлығы ушын жүдә пайдалы. Инсанның биреўге пайдасы тийсе, оннан бахытлы инсан болмаса керек.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Г.ҚАДИРОВА,
Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика қәнигелигиниң студенти.