Душанбе, 15-июнь. ӨзАның хабаршысы Матназар ЭЛМУРОДОВ хабар береди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң бесинши саммитинде қатнасыў ушын 14-15-июнь күнлери Душанбе қаласында болды.
Азия – ҳәр қыйлы дин ҳәм мәдениятлар бесиги, үлкен тәбийғый ресурсларға бай, инсан капиталы ҳәм экономикалық жақтан жүдә тез өсип атырған регион. Жер жүзинде глобалласыў кескин түс алған бүгинги күнде континент мәмлекетлерин бир қатар машқалалар ҳәм ҳәр қыйлы көринистеги қәўиплерден жырақ, деп болмайды.
Соның ишинде, халықаралық терроризм, диний экстремизм, адам саўдасы ҳәм трансмиллий жынаятшылық, экономикалық, экологиялық ҳәм гуманитарлық дағдарыслар континент мәмлекетлериниң алдына өз-ара ҳәм көп тәреплеме сиясий сөйлесиўлер арқалы тынышлық және қәўипсизликти беккемлеў, турақлы раўажланыўға ерисиў мақсетлерин қоймақта. Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес (АБИИК) усы жағынан мәмлекетлераралық бирге ислесиўди беккемлеў, тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған халықаралық платформа болып есапланады.
Регионда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша көзқарасларды ислеп шығыў, ғалаба қырғын қураллары тарқалыўының алдын алыў, терроризмниң барлық түрлери менен көринислерине, наркотик қураллардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў, ағза мәмлекетлер арасында экономикалық, социаллық ҳәм мәдений бирге ислесиўди кеңейтиў АБИИКтиң тийкарғы мақсетлери болып есапланады.
Кеңеске бүгинги күнде Азия континентиниң аймағы ҳәм халқының 90 процентин қамтып алған 27 мәмлекет ағза. Сегиз мәмлекет ҳәм бес абырайлы халықаралық структура, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Араб мәмлекетлери лигасы, Халықаралық мийнет шөлкеми, Түркий тиллес мәмлекетлердиң Парламент ассамблеясы оның бақлаўшылары болып есапланады.
Ҳәр төрт жылда болып өтетуғын кеңес саммитине усы ўақытқа шекем Қазақстан, Түркия ҳәм Қытай Халық Республикасы басшылық еткен. 2018-2020-жылларда Тәжикстан Республикасы кеңестиң баслығы сыпатында жумыс алып бармақта.
Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң бесинши саммити «Қәўипсиз ҳәм және де раўажланған регионға бирден-бир көзқарас» темасында шөлкемлестирилди.
Саммиттиң тийкарғы илажлары 15-июнь күни Душанбе қаласындағы «Кўҳи Наврўз» сарайында болып өтти. Онда кеңеске ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер, сондай-ақ, халықаралық және регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллеринен ибарат, 30 дан аслам делегация қатнасты.
Дәслеп делегациялардың басшылары сүўретке түсиў мәресиминде қатнасты. Тәжикстан Республикасының Президенти Эмомали Раҳмон саммитти кирис сөз бенен ашты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң бесинши саммитинде шығып сөйледи ҳәм қатнасыўшы мәмлекетлердиң тынышлықты беккемлеў, социаллық-экономикалық раўажланыўды хошаметлеў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерин бирлестириўге қаратылған бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды.
Мәмлекетимиз басшысы заманагөй халықаралық қатнасықлар системасы барған сайын артып баратырған турақсызлық ҳәм күтилмеген ҳәдийселер менен түсиндирилип атырғанын атап өтти. Үлкен экономикалық ҳәм интеллектуаллық потенциалға ийе Азия континенти мәмлекетлери күшли қәўип-қәтерлерге дус келмекте. Бул, дәслеп, экология, демография, миграция, турмыс ҳәм билимлендириў дәрежесиниң төмен екенлиги машқалалары болып есапланады. Булар социаллық келиспеўшиликлердиң тийкарғы дәреги, эсктремизм ҳәм терроризм идеясының тарқалыўы ушын шараят жарататуғын орталық болып есапланады. Әсиресе, жаслар арасындағы радикалласыў процеси тәшиўишлендиреди.
Бүгинги күнде жер жүзи исеним дағдарысына бет бурмақта. Негизинде, мәмлекетлер ҳәм халықлар арасындағы исеним қәўипсизлик ҳәм турақлылықтың ең әҳмийетли шәрти болып есапланады. Исеним дағдарысын сапластырыў ҳәм қәўипсизликти беккемлеў ушын, биринши гезекте, инсан капиталын раўажландырыўға қолайлы шараят жаратыў керек. Усы мүнәсибет пенен өз-ара ҳүрмет ҳәм жәмәәтлик жуўапкершиликке тийкарланған кеңесимиздиң жумысы ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып бармақта, деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы қәўипсизлик бөлинбейди, исеним оның фундаменталь тийкары екенин атап өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан тынышлыққа ерисиўге қаратылған ҳәр қандай форматтағы сөйлесиўлерди қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти. Аўғанстанда тынышлықты орнатыў ҳәм усы мәмлекетте ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў бүгин регион ушын жаңа стратегиялық имканиятларды ашады.
Жаслардың имканиятын жүзеге шығарыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, олардың радикалласыўына қарсы гүресиў ҳәм сапалы билим алыў имканиятларын кеңейтиўде турақлылық ҳәм абаданлықтың әҳмийетли шәртлеринен бири болып табылады.
Президентимиздиң басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясы қабыл етилген, сондай-ақ, Жаслардың ҳуқықлары ҳаққында халықаралық конвенцияның жойбары ислеп шығылмақта.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда илим, билимлендириў тараўларындағы ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарлардағы бирге ислесиўдиң муўапықластырыўшысы болыўға таяр екенин билдирди. Мәмлекетимиз халық дипломатиясы шеңбериндеги байланысларды, соның ишинде, туризм бойынша форумларды шөлкемлестириў арқалы жеделлестириўди әҳмийетли деп есаплайды.
Әлбетте, бул халықларымыз арасындағы исеним ҳәм өз-ара түсиниўдиң артыўына хызмет етеди, деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.
Шавкат Мирзиёев динлераралық аўызбиршиликти беккемлеў, билимлендириў ҳәм мәдениятларды өз-ара байытыў мәселелери бойынша системалы сөйлесиўди жолға қойыўды усыныс етти.
Ташкенттеги Өзбекстан ислам цивилизациясы орайы ҳәм Самарқандтағы Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы буның ушын нәтийжели платформа болып хызмет етиўи мүмкин екенлиги атап өтилди.
Экономикалық өз-ара байланыслылықты ҳәм регионаллық саўданы раўажландырыў бойынша ис-ҳәрекетлерди күшейтиў керек екенлиги атап өтилди. Онда, дәслеп, пүткил регионның транзит ҳәм экономикалық потенциалын әмелге асырыў имканиятын беретуғын тийкарғы инфраструктуралық жойбарларға итибар қаратыў керек.
Шерикликти бизнес дәрежесинде раўажландырыў турақлы экономикалық раўажланыў драйвери болып есапланады. Бул тараўда Бирге ислесиў концепциясына муўапық, Киши бизнес бағдарында регионаллық форумды шөлкемлестириўди усыныс етемиз, деди Шавкат Мирзиёев.
Саммитте кеңеске ағза мәмлекетлердиң делегациялары басшылары Азияда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа салатуғын қәўип-қәтерлердиң алдын алыў, экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириў бойынша өз көзқарасларын билдирди. Бул бағдардағы қоллап-қуўатлаўшы көзқараслар, әмелий ҳәрекетлер континент мәмлекетлериниң ҳәм халықларының абаданлығын, тынышлығын және қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң бесинши саммитиниң декларациясы қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Душанбе қаласындағы өзине ажыратылған резиденцияда Бангладеш Халық Республикасының Президенти Абдул Ҳамидти қабыл етти.
Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңбериндеги шерикликти кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Саўда, инвестициялар, аўыл хожалығы, туризм ҳәм гуманитар тараўларда қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық дәрежедеги байланысларды жеделлестириў ҳәм қоспа илажлар өткериў ҳаққындағы келисимге ерисилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес саммити шеңберинде Түркия Республикасының Президенти Режеп Таййип Эрдуғон менен ушырасты.
Өз-ара исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған Өзбекстан – Түркия қатнасықлары бүгинги күнде барлық тараўларда избе-из раўажланбақта. Еки мәмлекет басшыларының турақлы ушырасыўлары ҳәм сөйлесиўлери онда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Президентимиздиң 2017-жылы Түркияға, Түркия Президентиниң 2018-жылы Өзбекстанға мәмлекетлик сапары еки тәреплеме қатнасықларда жаңа дәўирди баслап берди. Тәреплердиң биргеликтеги умтылысы ҳәм ҳәрекетлери себепли мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықлары жаңа стратегиялық шериклик басқышына көтерилди.
Өз-ара саўда көлемин кеңейтиў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта. Өткен жылы товар алмасыў 40 процентке өсип, 2,2 миллиард долларды қурады. Соңғы ярым жылда еки мәмлекет инвестициясының қатнасыўында дүзилген қоспа кәрханалардың саны 2 есеге көбейип, 1 мың 62 ге жетти.
Мәмлекетимиз басшысы бул ушырасыў Өзбекстан менен Түркия арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша пикир алысыў ушын қолайлы имканият екенин атап өтти.
Түркия басшысы Өзбекстан менен қатнасықлар жоқары дәрежеге көтерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтип, халықларымыздың туўысқанлық байланысларын буннан былай да беккемлеўге таяр екенлигин билдирди.
Сөйлесиўде саўда, санаат, аўыл хожалығы, транспорт, туризм, илим ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды. Өз-ара саўданы арттырыў ҳәм оның қурамын кеңейтиў, жақын жылларда товар алмасыў көлемин 5 миллиард долларға жеткериў бойынша анық илажлар ислеп шығыў бойынша келисип алынды.
Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстан Республикасына сапары жуўмақланды.
ӨзА