Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде 2019/2020 оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў процесиндеги жаңалықларға арналған баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.

Онда Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы директоры Мажид Каримов, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инпекциясы баслығының биринши орынбасары Ҳотамжон Кетмонов, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Ином Мажидов қатнасты.

-Жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл етиўде майыплығы бар шахсларға ҳәм әскерий хызметтен усыныс хаты менен қайтқанлар ушын өз алдына квота ажыратылған. Бул ажыратылған улыўма квоталарға тәсир етпейди. Абитуриентлер дизимнен өтиў процесинде олардан артықша ҳүжжетлер талап етилмейди,- деди жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендииў министри Ином Мажитов.

Бир қатар жоқары билилмендириў мәкемелерине абитуриентлердиң жайласыўы ҳәм жасайтуғын жерине қарамастан, онлайн түрде my.gov.uz порталы арқалы ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайлары (МХО) жәрдеминде ҳүжжет тапсырыў имканияты жаратылған.

Абитуриентлер Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети, Қарақалпақ, Гүлистан, Ферғана ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университетлерине ҳүжжетти әпиўайыластырылған тәртипте тапсырыў имканиятына ийе.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы ҳүжжет тапсырыў ушын еки ҳүжжет жеткиликли. Булар – пуқаралық паспорты (парспорт жасына жетпегенлер ушын туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық), улыўма орта билим бериў (11-класс негизинде) ямаса орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемесин тамамлағанлығы ҳаққындағы ҳүжжет (қосымшасы менен). Жеңилликке ийе болған абитуриентлер жеңиллик ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетиўи керек.

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетинен тысқары қалған 4 университеттиң өзине барып та ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.

Мәмлекетлик тест орайы диекторы М.Каримовтың атап өтиўинше быйыл тест сынақлары 69 үлкен сыйымлылықтағы имаратларда өткериледи. Жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў ушын тест имтиханлары өткерилетуғын имаратларға орнатылған бақлаў камераларының саны көбейтиледи. Тест сынақларына қадаған етилген затларды алып кириўдиң алдын алыў илажлары күшейтиледи.

Быйыл абитуриентлер жасайтуғын жеринде  турып республикамыздың қәлеген аймағындағы үшеўге шекемги болған жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳүжжет тапсырыўы ҳәм тест имтиханынан да өз аймағындағы белгиленген орыннан өтиўи мүмкин.

Тек олар дизимге алынып атырғанда қай жерде тест тапсырмақшы екенлигин көрсетиўи шәрт. МТО сайтында ҳәр бир абитуриентке персонал кабинет болады.

Өткен жылы тест процеси болып атырған айырым имаратларға белгиленген ўақыттан кешигип келген абитуриентлер киргизилген жағдайда, айырым жерлерде 1 минут кешиккенлер сынақлардан шетлетилген жағдайлар да бақланды.

Быйыл тест сынақлары болып өтетуғын имаратқа өз ўақтында кириў талап етиледи. Тек бул аймаққа, егер тест процеси басланбаған болса, бир неше минут кешигип келгенлер киргизилиўи мүмкин.

Абитуриентлер тест тапсырған күнниң ертеңине имтихан нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат алыўы мүмкин. Оқыўға киргенлигин ямаса кирмегенин болса барлық тестлер жуўмақланғаннан кейин бир ҳәпте өтип билип алыўы мүмкин.

Республикамыздың жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханлары 25-июль – 20-август күнлери болып өтиўи режелестирилген.

Хуршид ҚОДИРОВ,

ӨзАның хабаршысы