Бишкек, 14-июнь. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ хабар береди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-14-июнь күнлери Қырғызстанның Бишкек қаласында болып, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң он тоғызыншы мәжилисинде қатнасты.

Саммиттиң тийкарғы илажлары 14-июнь күни «Ала-арча» резиденциясында болып өтти. Дәслеп мәмлекет басшылары тар шеңберде ушырасты.

Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбековтың басшылығында өткен мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Ҳиндстан Республикасының Бас министри Нарендра Моди,  Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин, Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хон, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон қатнасты.

Тәреплер ШБШ мәмлекетлери арасындағы байланысларды кеңейтиўге, сиясат, экономика ҳәм қәўипсизлик тараўларында көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўге байланыслы және халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди додалады.

ШБШның Бас хаткери Владимир Норовтың шөлкемниң жумысына байланыслы есабы тыңланды.

Мәмлекет басшылары кеңесиниң кеңейтилген қурамдағы мәжилисинде шөлкемге ағза мәмлекетлер менен бирге бақлаўшы, сөйлесиў бойынша шерик статусындағы мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлердиң делегациялары басшылары қатнасты. Онда ШБШны раўажландырыўдың перспективадағы  бағдарлары, әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды. Экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў, транспорт-коммуникация тараўындағы бирге ислесиўди  жеделлестириў мәселелери ҳәм көп тәреплеме кооперацияның басқа да мәселелери көрип шығылды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

ШБШ шеңберинде шөлкемлестирилетуғын ҳәр қыйлы статустағы ушырасыўлар Өзбекстанның стратегиялық мақсетлерин әмелге асырыў ушын қолайлы майдан болып есапланады. ШБШ регионындағы транспорт коммуникациялары мәмлекетимиздиң дүнья базарына шығыўында әҳмийетли фактор болса, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланыслар елимиздиң экономикасын раўажландырыў, жоқары технологиялы кәрханаларды шөлкемлестириўге хызмет етеди. Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў регионаллық тынышлықты ҳәм турақлылықты беккемлейди.

Өзбекстан ШБШ шеңбериндеги барлық илажларда белсене қатнасып келмекте. Мәмлекетимиз басшысының көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша ШБШның Астана (2017) ҳәм Циндао (2018) саммитлеринде алға қойған усыныслары менен басламалары қоллап-қуўатланып, избе-из әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Циндаода Мәмлекет басшыларының Жасларға биргеликтеги мүрәжаты қабыл етилди, өткен жылдың сентябринде Ташкентте ШБШға ағза мәмлекетлер темир жол бойынша уйымлары басшыларының биринши ушырасыўы өткерилди. Президентимиздиң қарарларына муўапық пайтахтымызда ШБШның Халық дипломатиясы орайы шөлкемлестирилди, Самарқанд қаласында «Жипек жолы» халықаралық туризм университети ашылды. Усы жылдың екинши ярымында болса ағза мәмлекетлердеги жаслар шөлкемлериниң қатнасыўында Мәлимлеме технологиялары ҳәм инновациялық раўажланыў және Стартап басламалары ҳәм жойбарлары бойынша форумлар  өткериў режелестирилген.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде регионға байланыслы әҳмийетли мәселелерге итибар қаратып, оларды шешиў бойынша әмелий усыныслар билдирди.

Мәмлекет басшылары кеңеси мәжилисиниң жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Бишкек декларациясы қабыл етилди. Ағза мәмлекетлер арасында түрли тараўлардағы шерикликти раўажландырыў, ШБШның басқа да халықаралық структуралар  менен бирге ислесиўине байланыслы 22 ҳүжжетке қол қойылды.

Өзбекстан Президентиниң усынысына муўапық, ШБШға ағза мәмлекетлердиң Цифрластырыў ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўындағы бирге ислесиў концепциясы ҳәм Аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилди.

ШБШға басшылық етиў Россия Федерациясына өтти.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда саммит нәтийжели өткени, қол қойылған ҳүжжетлер шөлкемди буннан былай да раўажландырыў, регион мәмлекетлерин ҳәм халықларын раўажланыў жолында бирлестириўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Саммит шеңберинде ШБШ Жаслар кеңесиниң мәжилиси де болып өтти. Онда Өзбекстан, Қырғызстан, Қазақстан, Қытай, Россия ҳәм Тәжикстаннан жаслар шөлкемлериниң ўәкиллери  қатнасты.

Мәжилисте регионның жасларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, өз-ара тәжирийбе алмасыўға имканият жаратыў, исбилерменлик жойбарлары ҳәм инновациялық идеяларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў, бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы бир қатар мәселелер додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев сол күни Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң саммитинде қатнасыў ушын Бишкектен Душанбеге жөнеп кетти.

ӨзА